Әзиз дослар!
Сизлерди Наўайы кән-металлургия комбинаты ҳәм Наўайы қаласы шөлкемлестирилгениниң 60 жыллығы менен қызғын қутлықлайман.
Өткен тарийхый қысқа дәўирде мың-мыңлаған жумысшы ҳәм қәнигелердиң пидәкерлик мийнети нәтийжесинде Қызылқум саҳрасында раўажланған өндирис, транспорт ҳәм социаллық инфраструктураны өзинде жәмлеген, тек елимизде емес, ал сырт еллерде де белгили болған заманагөй өндирис комплекси бой тикледи.
Комбинаттың қурылыўы аймақтағы мәмлекетимиз экономикасы ушын стратегиялық әҳмийетке ийе үлкен минерал байлықлардың кең көлемде өзлестирилиўин баслап берди.
60 жыл бурын бул жерде усы санаат комплекси негизинде қурылған, уллы шайыр ҳәм ағартыўшы бабамыз Әлийшер Наўайының аты менен аталған елимиздиң ең көркем ҳәм заманагөй қалаларынан бири-Наўайы қаласы да бүгин өз юбилейин белгилеп атырғанын атап өтиў зәрүр.
Кән басқармалары ҳәм ири санаат объектлери негизинде Үшқудық, Зарафшан, Нурабад, Заркент ҳәм Мыңбулақ қалалары қурылды.
Заманагөй қала қурылысының жарқын үлгилери болған бул орынлар жыл сайын абат болып, ҳәр тәреплеме раўажланбақта.
Аймақта жаңа кәрханалар қурылмақта, жәҳән стандартлары дәрежесиндеги технологияларға тийкарланған өндирис қуўатлықлары кеңеймекте.
Жетекши сырт ел компаниялары менен бирге ислесиў байланыслары беккемленип атырғаны өтимли өнимлер ислеп шығарыў имканиятын берип, пүткил тармақтың турақлы жумысын тәмийинлемекте.
Бүгинги күнде өзбек алтынының жоқары сапасы пүткил дүньяда тән алынғаны, елимиздиң алтын-валюта резервлери артып, экономикалық потенциалы жоқарылап атырғанында да экономикамыздың локомотиви болған Наўайы кән-металлургия комбинатының көп миллетли мийнет жәмәәтиниң хызметлери шексиз.
Алтын, уран, бийбаҳа металлар, фосфорит шийки заты кәнлерин өзлестириў менен бирге комбинат қурылыс ҳәм станок қурылысы санааты ушын кең түрдеги өнимлер, сондай-ақ, халық тутыныў товарларын ислеп шығарып атырғаны қуўанышлы жағдай.
Гигант кәрхананың көп мың адамлық жәмәәти соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли жаңаланыўлар, экономика тармақларын ҳәм пүткил мәмлекетимизди түп-тийкарынан реформалаў және модернизациялаўда белсене қатнасып атырғаны мақтаўға ылайық.
Мәмлекетимиз тәрепинен Наўайы кән-металлургия комбинатын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға биринши дәрежели ўазыйпа сыпатында итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, НКМКны 2026-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде улыўма нырқы 3 миллиард доллардан зыят дерлик 30 ға шамалас ири инвестициялық жойбар басқышпа-басқыш әмелге асырылып, 30 мыңнан аслам жумыс орынлары жаратылады.
Бул бағдарда ҳәзирдиң өзинде көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, «Ауминзо-Амантай» алтын руда кәнинин өзлестириў ҳәм соның тийкарында гидрометаллургия заводын салыў, техноген шығындыларды қайта ислеў комплексин қурыў, «Мурынтаў» карьерин өзлестириў жумыслары жедел пәт пенен даўам еттирилмекте.
Комбинат негизинде шөлкемлестирилген Өзбекстан Илимлер академиясының Наўайы филиалы аймақтың инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта.
Ҳүрметли дослар!
Елимизде стратегиялық реформалардың жаңа басқышы басланған бүгинги күнде пүткил халқымыз, соның ишинде, комбинат жәмәәти ҳәм Наўайы қаласының халқы алдында әҳмийетли ўазыйпалар тур.
Атап айтқанда, бул жерде бир қатар жаңа жоқары технологиялық өндирис орынларын жаратыўымыз, бәсекиге шыдамлы санаат өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиўимиз, аймақтың үлкен тәбийғый, өндирис, мийнет ҳәм интеллектуаллық потенциалын және де толық жүзеге шығарыўымыз зәрүр.
Наўайы кән-металлургия комбинатының жоқары профессионал маманлықтағы ақыллы ҳәм талантлы жәмәәти ҳәм бай тәжирийбеге және шеберликке ийе, елимизге, халқымызға садық Наўайы қаласы халқы әне усындай кең көлемли ўазыйпаларды табыслы әмелге асыратуғынына исенемен.
Сиз, әзизлерге, беккем денсаўлық, ығбал-бахыт, Ўатанымыздың абаданлығы жолындағы дөретиўшилик мийнетиңизде жаңа табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти