Өзбекстан футбол ассоциациясы менен «Реал Мадрид» академиясы арасындағы келисимге муўапық, усы академияның тренерлери Хавьер Вара ҳәм Эктор Висенте республикамызда болды.

Ассоциация басшылары тәрепинен елимизде балалар футболын раўажландырыў, жас әўлад арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, оларды «миллионлар ойыны» есапланған футбол менен турақлы шуғылланыўға тартыўда соңғы жыллары кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Солардың ишинде, жәҳән футболында жетекши есапланған «Реал Мадрид» академиясы менен биргеликте алып барылып атырған жумыслар қысқа ўақыт ишинде өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

Усы академия менен дүзилген шәртнаманың биринши басқышында академияның қәнигелери Карлос Альберт, Мануэль Агуадо Хил ҳәм Эктор Висенте тәрепинен усы жылдың июнь айында елимиздеги балалар футболының қәнигелери ушын теориялық семинарлар өткерилип, екинши басқышында, яғный сентябрь айының ақыры октябрь айының басында бир қатар қәбилетли жас футболшылардың Мадрид қаласына сапары шөлкемлестирилди. Олар дерлик бир ҳәпте даўамында академияның тәжирийбели тренерлери тәрепинен өткерилген шынығыўларда қатнасып, жас футболшылар ушын жаратылған шараятлар, белгили «Реал» командасының ойынлары өтетуғын «Сантьяго Бернабэу» стадионы менен танысып қайтты.

«Real Madrid Foundation Clinic» бағдарламасының үшинши басқышы шеңберинде академия тренерлери Сурхандәрья, Бухара, Әндижан ўәлаятларында, сондай-ақ,  бизиң республикамызда да болды.  Олар Қарақалпақстан Республикасы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы тренер-оқытыўшылары ушын семинар ҳәм «Туран» стадионында жас футболшылары менен шеберлик шынығыўларын өткерди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.