Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Соңғы ўақытта санлы экономиканы раўажландырыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде электрон ҳүжжет алмасыўы және физикалық ҳәм юридикалық шахсларға хызмет көрсетиў ушын электрон коммерция системалары басқышпа-басқыш енгизилмекте.
Соның менен бирге, тараўдағы жумыслардың ҳақыйқый жағдайы талланғанда орайласқан мағлыўматлар системасына интеграцияны тәмийинлейтуғын бирден-бир мәлимлеме-технологиялық платформаның жоқлығы нәтийжесинде енгизилип атырған программалық ҳүжжетлер бир қәлипте емес екенин көрсетпекте.
Санлы экономиканы жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў, оннан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, заманагөй инфраструктураны қолланыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги (кейинги орынларда-Агентлик) санлы экономиканы енгизиў ҳәм раўажландырыў тараўында ўәкилликли уйым есапланатуғыны;
санлы экономиканы раўажландырыў тараўындағы, соның ишинде, «блокчейн» технологияларын енгизиўге байланыслы жойбарларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде әмелге асырыў ушын инвесторлардың қаржыларын тартыў ҳәм бирлестириў тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланған мәмлекетлик мәкеме түриндеги «Санлы исеним» санлы экономиканы раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда-Қор) шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (кейинги орынларда-Министрлик), Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Агентлик, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитетиниң «Universal Mobile Systems» ЖШЖ (кейинги орынларда-оператор) устав капиталындағы мәмлекетлик үлести 100 процент муғдарда Қорға бийғәрез тийкарда тапсырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Қор тәрепинен усы қарарға муўапық алынған мүлк юридикалық шахслардың пайда салығы бойынша салыққа тартыў объекти есапланбайтуғыны;
оператордың устав капиталындағы усы қарарға муўапық тапсырылып атырған үлес юридикалық шахслардың пайда салығына ҳәм қосымша қун салығына тартылмайтуғыны белгилеп қойылсын.
- Агентлик ҳәм Қор жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда еки ай мүддетте нәтийжелиликтиң тийкарғы көрсеткишлери (KPI) ҳәм мәмлекетте санлы экономиканы енгизиў ушын зәрүр техникалық базаны жаратыў менен бир қатарда төмендегилерди нәзерде тутағын 2019-2021-жылларда «Universal Mobile Systems» ЖШЖ ны раўажландырыў Концепциясын (кейинги орынларда-Концепция) ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
Оператордың басқарыў системасына, соның ишинде, мобиль хызметлер көрсетиў тараўында жетерли тәжирийбеге ийе маман қәнигелерди тартыў арқалы инновациялық менеджментти енгизиў;
ишки күш ҳәм қаржыларды жумсаў, телекоммуникация үскенелерин модернизациялаў ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў;
Өзбекстан Республикасы аймағын раўажланған мәмлекетлер дәрежесинде интернет глобал тармағына жалғаныў имканиятлары менен мүмкиншилиги болғанынша толық қаплаўды басқышпа-басқыш тәмийинлеў;
барлық мәмлекетлик хызметлердиң тек ғана оператордың мағлыўматларды қайта ислеў орайлары арқалы көрсетилиўин тәмийинлеў.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
Оператордың устав капиталындағы тапсырылып атырған мәмлекетлик үлести басқарыў Қор тәрепинен тек ғана Қор Кеңеси менен келисилген ҳалда әмелге асырылады;
Оператордың устав капиталындағы мәмлекетлик үлестен алынатуғын дәраматлар, сондай-ақ, мақсетли жеңилликлер бериўден босайтуғын финанслық қаржылар Концепцияны әмелге асырыў дәўиринде технологиялық үскенелерди модернизациялаў ҳәм мәмлекетте санлы экономиканы раўажландырыў мақсетинде Қордың есабына бағдарланады;
Концепцияда нәзерде тутылатуғын илажлар оператордың өз қаржылары ҳәм Қор қаржылары, тартылатуғын қарыз қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан қаржыландырылады.
- Оператор 2021-жыл 1-декабрьге шекемги мүддетте телкоммуникация тараўында жумысты әмелге асырыўға лицензия бериў ушын мәмлекетлик бажы, радиочастоталар спектринен пайдаланыў ушын төлем, сондай-ақ, радиоэлектрон қураллардан пайдаланыў ушын эксплуатация жыйымын төлеўден азат етилсин.
- Операторға:
тек өзиниң коммерциялық талаплары ушын, басқа оператор ҳәм провайдерлерге даўыслы телефония ҳәм интернет трафиги халықаралық каналларын шөлкемлестириў бойынша хызметлер көрсетиў ҳуқықысыз халықаралық телекоммуникация тармақларына (мағлыўматлар ҳәм даўысты жеткериў тармақларына), соның ишинде, «IP-телефония» технологиясынан пайдаланған ҳалда тиккелей жалғаныў;
өзине жүкленген ўазыйпаларды сапалы орынлаў мақсетинде Қор менен келисилген ҳалда шәртнама тийкарында еркин сырт ел, миллий консультантлар ҳәм экспертлерди тартыў ҳуқықы берилсин.
Хызметкерлердиң тийкарғы лаўазымлары ҳәм жумысшылардың кәсиплери классификаторы жумысқа қабыл етиўде хызметкерлер мағлыўматының ең төмен дәрежеси, жумысшылардың кәсиплери бойынша қәнигелик разрядларын белгилеў бойынша тийисли бағдарда сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелерин тамамлаған қәнигелерге байланыслы қолланыўы, бурынғысынан өзгеше тәризде, усыныслық характерге ийе.
- Министрликтиң Ташкент қаласы, Мирабад районы, Нөкис көшеси, 22-жай мәнзилинде жайласқан имараты операторды жайластырыў ушын хожалық жүргизиўи ҳуқықы тийкарында Агентликке тапсырылсын.
- Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги директорының биринши орынбасары Д.Р.Лиге жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 21-ноябрь