Аңшылықәзелден атабабамыздың кәсипкәри саналады. Әсиресе, ер адамлардың ең қызығатуғын ермеги аң аўлаў менен балық аўы болып табыладыБул адам менен тәбият байланысы мәдениятының бир бөлеги сыяқлы. Сонлықтан, аңшылық дүнья жүзинде туризм тараўының ең заўықлы ҳәм пайдалы тараўларынан бири болып табылады.

Қоңырат районы аңшылық туризмин раўажландырыўда үлкен потенциалға ийе аймақлардан бири саналады. Қоңырат мәмлекетлик тоғай аңшылығы хожалығында аңшылық ушын пайдаланылатуғын тоғайлары  бар болып, оның қурамына кириўши Қоңырат ҳәм Үстирт тоғай төрешиликлериниң жер майданы 3 миллионнан аслам гектарды қурайды.

Тоғай аңшылығы хожалығы қурамына тоғайлық жерлеринен тысқары «Жез кемпир» тарийхый естелиги де киреди. Алдағы ўақытларда бул әййемги имаратты қайта тиклеп, көклемзарластырыў  жумысларын әмелге асырыў нәзерде тутылған.

Хожалықтағы қалың, барыў қыйын, батпақлы тоғайлар жабайы ҳайўан ҳәм қуслардың ҳәр қыйлы түрлерине жасаў ҳәм көбейиў ушын қолайлы шараятлар жаратады. Бул жердеги туяқлы ҳайўанлардың ишинде сайғақлар менен жабайы шошқалар көрген адамда үлкен қызығыўшылық оятары сөзсиз.   Шошқа баҳалы олжалық қәсийетке ийе болып, хожалықта олардың 30 ға шамаласы ғана қалған.

Жыртқыш ҳайўанлардан қасқыр, түлки ҳәм шағал, ҳәр түрдеги жыланлар, тасбақалар, порсық, мәлим пышық, ал, қуслардан үйрек, ғаз, қырғаўыл, сондай-ақ, бүркит, бир қазан, шағала, қутан сыяқлы түрлери ушырасады. Қоңырат тоғай аңшылығы хожалығы қарамағында 2017-жылғы мағлыўматларға қарағанда, 5 қасқыр, 87 түлки, мыңға шамалас қоян, 34 порсық, 570 шағал, 245 сайғақ, 790 нан аслам үйрек, 380 ғаз, 676  қырғаўыл ҳәм тағы басқа да ҳайўанлар менен қуслар есапқа алынған.

Суў сақлағышларда ондатралар тиришилик етеди. Хожалық жерлери суў ҳәм батпақлы болғанлықтан онда жасаўшы жабайы ҳайўанлар ушын оғада қолайлы орын болып хызмет етпекте.

Хожалықта аңшылық руқсат етилген гүз ҳәм қыс мәўсимлеринде бул жердеги қасқырлар азықлық жетиспеўшилиги себепли басқа ўақытлардағыдан көре қәўиплирек болып қалады. Бул ҳайўан дүт тоғайдан шығып, аўылларға ҳәм фермер хожалықларына жақын жерлерде жүреди. Бул жерлерде олар ҳәмме ўақыт азықлық табады. Қасқырдың өзи де сийрек ушырасатуғын, шебер аңшы болғаны ушын  оны аўлаў ең қыйын ҳәм заўықлы аңлардың бири болып табылады. Бирақ хожалықта олардың саны азайып кеткенлиги себепли аўлаўға руқсат етилмейди.

Хожалықта қоян, үйрек, ғазларды аўлаўға руқсат етилген болып, аңға қатнасыўшы ҳәр бир адам аңға шығыўдан отыз күн алдын өзи ҳаққында ҳәм  алып келетуғын қуралының номери менен маркасы, калибри, оқлардың саны сыяқлы мағлыўматларын тийисли орынларға усыныўы тийис.

Жақын 3-4 жыллықта усы хожалық аймағында жергиликли халықты толық қамтып алған ҳалда туристлик инфраструктуралық объект жаратыў режелестирилмекте. Усы мақсетте Қоңырат – Бозатаў жөнелисиндеги Әмиўдәрья дәрьясы бойынан саяхатшылардың дем алыўы, ҳайўанатлар, қуслар  ҳәм өсимликлер дүньясы менен танысыўы ушын шараятлар жаратылып, ири қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Қәлеўшилер ушын туристлик маршрутлар бойынша экскурсиялар шөлкемлестириледи.

Қоңырат мәмлекетлик тоғай аңшылығы хожалығы елимизде аңшылық туризмди раўажландырыўға хызмет етип,  рәңбәрең ҳайўанатлар дүньясы ҳәм дәрилик өсимликлер әлеми шет еллик мийманлардың бир өмир ядында қалады деп үмит етемиз.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.