Бизге белгили, усы жыл 12-июль күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев парламент палаталары, сиясий партиялар, Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети жумысын талқылаўға бағышланған видеоселектор мәжилисинде жаслар, шаңарақлар ҳәм ҳаял-қызлар менен алып барылатуғын жумыслар бәрқулла мәмлекетимиздиң дыққат орайында екенлигин айрықша атап өтти. Соннан келип шыққан ҳалда, елимиз басшысы Олий Мажлис Нызамшылық палатасында жаслар мәселелери бойынша, сондай-ақ, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссияны дүзиў мақсетке муўапық екенлигин атап өтти.
Нызам жойбарларын додалаўда қатнасыў ушын жасларды тартыў парламенттиң төменги палатасы жумысындағы жаңалықлардан бирине айланғанлығын атап өтиў зәрүр. Өзбекистан жаслар аўқамы ўәкиллери Нызамшылық палатасы комитетлери жанында жумыс ислеп атырған эксперт топарлар қурамына киргизилди. Жумыстың бундай түри өз нәтийжесин көрсетпекте. Жаслар шет тиллерин жақсы биледи, халықаралық тәжирийбеге қызығады, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен ислесиў маманлығына ийе. Булардың барлығы оларға Нызамшылық палатасында көрип шығылатуғын нызам жойбарларын жетилистириўге қаратылған анық усыныслар менен пикир алысыў имканиятын береди.
Президентимиздиң усынысларын есапқа алған ҳалда, депутатлар тәрепинен Нызамшылық палатасының 2017-жыл 11-октябрь күни болып өткен гезектеги мәжилисинде тийисли комиссияларды дүзиў мәселеси көрип шығылды.
Алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде, депутатлардың атап өткениндей, елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекистан Республикасы Президентиниң басламасына бола 30-июнь елимизде Өзбекистан Республикасы Жаслары күни деп жәрияланғаны буны дәлиллейди. Бул бағдарда тийисли нызам да қабыл етилди. Сонлықтан, Нызамшылық палатасында жаслар мәселелери бойынша комиссияның дүзилиўи елимиздиң миллий байлығы ҳәм келешеги болған жаслар менен жумысларды сапалы шөлкемлестириў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың логикалық даўамы болып есапланады.
Бул комиссияның дүзилиўи мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда жаслардың қатнасын әмелий жақтан тәмийинлеў арқалы жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў бойынша Нызамшылық палатасының тутқан орнын арттырыў имканиятын береди. Сол тәризде, халық ўәкиллери жаслардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеўде, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыўда тиккелей қатнасады.
Елимиз басшысының әдалатлы пикир жүргизиўине бола, парламент-ол демократия мектеби болып есапланады. Жаслар менен мәнзилли ислесиўди шөлкемлестириў болса ҳәзирги тутқан жолымыздың избе-излигин, реформалардың турақлы және избе-из әмелге асырылыўын тәмийинлеўге уқыплы болажақ сиясатшыларды таярлаўдың айрықша системасын жаратыў мүмкиншилигин береди.
-Мәмлекетимиз басшысы жаслар мәселесин күн тәртибине бийкарға киргизген жоқ,-деди Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Элбек Шукуров.-Бизге белгили, жаслар елимиз халқының 60 проценттен асламын қурайды. Жаслар мәселеси турақлы итибарда. Бул процесске парламент, атап айтқанда, Нызамшылық палатасы бийпәрўа емес. Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында шөлкемлестирилген жаслар мәселелери бойынша комиссия, өз гезегинде, жаслардың, әсиресе, жәмлеспеген, жумыс пенен бәнт болмаған, белгили бир талапқа ийе болмаған жаслардың заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын мүнәсип шараят жаратыўға, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге, исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыўға, оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыўға хызмет етеди.
Буннан соң депутатлар Нызамшылық палатасында шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссия дүзиў мәселесин көрип шықты. Депутатлардың атап өткениндей, аналықты қорғаў, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын, еркинликлери менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, жәмийетте олардың орнын және статусын арттырыў, ҳаял-қызлардың жәмийетлик, экономикалық, сиясий, ҳуқықый ҳәм мәдений турмыста қатнасыўын буннан былай да күшейтиў шаңарақ институтын жақсылаўдың әҳмийетли факторы болып табылады. Бул ушын ҳаял-қызлардың кәсип-өнерлерди ийелеўи, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик көнликпелерин раўажландырыў, ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў ҳәм шаңарақта медициналық мәденият дәрежесин арттырыў ушын мүнәсип шараятларды избе-из жаратыў зәрүр. Шөлкемлестирилип атырған комиссия усы барлық мәселелер менен шуғылланады.
Ҳаял-қызлар арасындағы ҳуқықбузарлықларды ҳәм жынаятшылықты, әсиресе, олардың шет елге нызамсыз түрде шығыўының алдын алыўға байланыслы нәтийжели механизмлерди енгизиўге байланыслы усыныслар ислеп шығыў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў, усы саладағы халықаралық шәртнамалардың орынланыўын тәмийинлеўде көмеклесиў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында өз жанына қаст етиў, шаңарақтағы ажырасыўлардың жағдайларын талқылаўда қатнасыў, олардың алдын алыў бойынша илажлар көриў Комиссияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири болып табылады.
-Елимиз Президенти тәрепинен шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссияны шөлкемлестириў бойынша белгиленген ўазыйпалар бүгин оғада әҳмийетли болып есапланады,-деди Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Зумрад Бекатова.-Бүгинги күнде пүткил жер жүзилик статистикасы ажырасыўлардың саны үзликсиз өсип атырғанын, адамлардың турмысында шаңарақлық қәдриятлардың әҳмийети төменлеп кеткенинен гүўалық бермекте. Елимизде ажырасыўлардың себеплерин үйрениўге, оларды пуқта талқылаўға ҳәм шаңарақлардың бузылыўы жағдайларының алдын алыўға байланыслы анық усыныслар ислеп шығыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул саладағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириў шаңарақ институтын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша усыныслар ислеп шығыўға, усы саладағы халықаралық шәртнамалардың орынланыўын тәмийнлеў бағдарында көмеклесиўге қаратылған.
Мәжилис даўамында ҳәр бир мәселени додалаў ўақтында сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекистан Экологиялық ҳәрекети ағзалары комиссиялардың жумысын жетилистириўге байланыслы әмелий усыныслар менен шығып сөйледи.
Додалаўлардың жуўмақларына бола, парламент ағзалары тәрепинен Нызамшылық палатасында жаслар мәселелери бойынша комиссияны, сондай-ақ, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша комиссияны дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Бул комиссиялардың режелери менен қурамлары тастыйықланды.
Мәжилисте бир қатар нызам жойбарлары ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылды.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети