Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде қусшылық тараўын раўажландырыў ҳәм экспортқа мөлшерленген таяр өнимлер ислеп шығарыў көлемин арттырыў ҳәм түрлерин кеңейтиў, сондай-ақ, халықты жергиликли ислеп шығарылған сапалы ҳәм арзан қусшылық өнимлери менен тәмийинлеў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, тараўды және де раўажландырыўға, соның ишинде, заманагөй технологияларды енгизиў, өндирис процесин модернизациялаў ҳәм таяр қусшылық өнимлердиң экспортын кеңейтиўге тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар бар. Атап айтқанда:

бириншиден, қусшылық өнимлерин қайта ислеў дәрежеси төмен, тармақ өнимлерин ислеп шығарыўда ҳәм экспорт етиўде ҳәм таяр өнимлер үлеси жоқарылығынша қалмақта, сондай-ақ, қусшылық шығындыларын тереңқ қайта ислеў системасы жолға қойылмай атыр;

екиншиден, қусшылық тараўында тийкарынан таўық жетистириў менен шекленип қалынбақта, басқа да қус түрлери (түйе таўық, бөдене, ғаз, үйрек, түйе қус, кеклик ҳәм басқалар) жетистириўди ен жайдырыў илажлары көрилмей атыр;

үшиншиден, қус кеселликлерин өз ўақтында анықлаў ҳәм олардың алдын алыў бойынша заманагөй биолабораториялардың шөлкемлестирилмегенлиги ақыбетинде қуслар арасында жуқпалы кеселликлер тарқалып бармақта;

төртиншиден,  тараўда қәнигели кадрлар таярлаў, оларды өндиристиң заманагөй методларына оқытыў, тараў қәнигелеринде инновациялық қатнаслар менен көнликпелерди қәлиплестириў, өндиристе жоқары сапаға ерисиў ушын сырт ел қәнигелерин тартыў жумысларына жетерлише итибар қаратылмай атыр;

бесиншиден, қусшылықтың азық-аўқат базасын жаратыў, импорттың орнын басатуғын азықлық өнимлерин ислеп шығарыў жумыслары талап дәрежесинде жолға қойылмаған;

алтыншыдан, қус өнимлерин экспорт етип атырған мәмлекетлердиң географиясын кеңейтиў, сол арқалы экспорт көлемин кескин арттырыў илажлары көрилмеген;

жетиншиден, тараўға тиккелей сырт ел инвестицияларын киргизиў бойынша тәжирийбе жетерли емес, бул бағдарда жетекши сырт ел шериклери менен тығыз байланыслар жолға қойылмай атыр.

Республикмызда қусшылықты және де раўажландырыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараўға алдынғы технологиялар менен инновациялық қолланбаларды енгизиў, қусшылық өнимлерин қайта ислеўди тереңлестириў, олардың түрлерин ҳәм экспорт көлемин кеңейтиў мақсетинде:

  1. Төмендегилер қусшылық тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар етип белгиленсин:

бәсекиге шыдамлы қус өнимлерин ислеп шығарыў арқалы халықты жетерли муғдарда қусшылық өнимлери менен турақлы ҳәм мақул баҳаларда тәмийинлеў, экспорт потенциалын арттырыў;

алдынғы сырт еллердиң тәжирийбесинен пайдаланған ҳалда қусшылық кластерлерин шөлкемлестириў, онда инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў;

тараўға жедел инвестицияны тартыў арқалы қус өнимлерин, соның ишинде, қусшылық шығындыларын терең қайта ислеў, жоқары қосымша қунлы қусшылық өнимлерин ислеп шығарыў;

илимий-диагностикалық лабораториялар шөлкемлестириў арқалы қуслар арасындағы кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм алдын алыў илажларын көриў;

азықлық базасын кеңейтиў, импорттың орнын басатуғын азықлық ҳәм витаминлерди ислеп шығарыў;

қусшылық тараўында жоқары маман қәнигелерге болған ҳәзирги ҳәм келешектеги талапларды есапқа алған ҳалда кадрлар таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды тәмийинлеў.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Экономика министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, «Паррандасаноат» ассоциациясы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлиги менен биргеликте ислеп шығылған 2019 –жылы республикамызда:

қуслардың саны ҳәм жетистирилетуғын өнимлердиң прогноз параметрлери 1- ҳәм 1а-қосымшаларға муўапық;

қусшылық өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириўдиң прогноз параметрлери  2-қосымшаға муўапық;

қусшылық өнимлерин экспорт етиўдиң прогноз параметрлери 3-қосымшаға муўапық;

санаат усылында бағылып атырған қуслардың азық-аўқатқа болған талабының параметрлери 4-қосымшаға муўапық;

қусшылық азық-аўқатын жетистириў ушын исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын жер майданлары 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлиги менен бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, «Паррандасаноат» ассоциациясы ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ менен биргеликте усы қарарға тийкарланып орнатылған прогноз параметрлериниң орынланыўын  тәмийинлеў бойынша районлар ҳәм қусшылық хожалықлары кесиминде мәнзилли илажлар бағдарламаларын ислеп шығып тастыйықласын, олардың нәтийжели ҳәм толық орынланыўы бойынша системалы мониторинг орнатсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының (кейинги орынларда Қор деп аталады) қаржылары есабынан эквиваленти 50 миллион АҚШ доллары муғдарында «Өзсанаатқурылысбанк» АКБның устав капиталындағы мәмлекетлик үлеси арттырылсын.

«Өзсанаатқурылысбанк» АКБ устав капиталына жиберилетуғын Қор қаржылары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 6-январьдағы ПҚ-2718-санлы «Азық-аўқат, былғары аяқ-кийим ҳәм фармацевтика санаатында инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў дәреклерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ тәрепинен ашылған кредит линиясының қаржылары есабынан ажыратылатуғыны;

Қор үш ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген қаржыларды «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ устав капиталына өткерип берилиўин тәмийинлейтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети орнатылған тәртипте «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ тәрепинен шығарылатуғын акциялардың дизимнен өткерилиўин тәмийинлейтуғыны белгиленсин.

  1. «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ устав капиталына киргизилип атырған 50 миллион АҚШ доллары эксвивалентиндеги мақсетли қаржылар қусшылықты раўажландырыў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде басқа да коммерциялық банклерге де кредитлер ажыратыў ушын бағдарланатуғыны;

исбилерменлик субъектлерине усы бәнтте нәзерде тутылған кредитлер бойынша жеңиллетилген процент ставкасы бойынша төлемлердиң бир бөлегин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан компенсация етиў түринде берилетуғыны;

«Өзсанаатқурылысбанк» АКБ Қор тәрепинен усы бәнтте нәзерде тутылған қаржыларды банктиң устав капиталына өткерилген күннен баслап басқа да коммерциялық банклер тәрепинен усынылған қусышылықты раўажландырыў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў мақсетинде олардың есап бетлерине  ақша қаржыларының өткерилиўин тәмийинлейтуғыны;

«Өзсанаатқурылысбанк» АКБ ҳәм басқа да коммерциялық банклер қусшылықты раўажландырыў бағдарындағы жойбарларды терең таллаўлар тийкарында рентабельлик, нәтийжелилик ҳәм ақша ағымларының кредит және олар бойынша процентлерди өз ўақтында қайтарыўын тәмийинлеў потенциалынан келип шыққан ҳалда қаржыландыратуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Қусшылық жойбарларының көлеми ҳәм оны әмелге асырыў ушын зәрүр болған валюта түрине қарамастан, коммерциялық банклер тәрепинен 2019-2020-жыллары ажыратылатуғын кредитлер проценти ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының есабынан компенсация бериўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

айланыс қаржыларын толтырыўға (инкубациялық мәйеклер, 1 күнлик шөже, азықлық өнимлери, дәри-дәрмақ ҳәм қосымша компонентлер ҳәм басқалар) коммерциялық банк тәрепинен орнатылған кредит ставкасының 25 проценти муғдарында, бирақ кредит ставкасының 5 проценттен артық болмаған муғдарда;

нәсилли ана таўық ҳәм барлық түрдеги технологиялық әсбап-үскенелерди сатып алыў, қусшылық кластерлерин ҳәм инкубация цехларын шөлкемлестириў, қусшылық өнимлерин қайта ислеў ҳәм сақлаў, қусшылыққа қәнигелескен имаратларды қурыў ҳәм қайта оңлаў, арнаўлы техника ҳәм басқа тийкарғы қуралларды сатып алыў және қурыў ушын коммерциялық банк тәрепинен орнатылған кредит ставкасының 50 проценти муғдарында, бирақ кредит ставкасының 10 проценттен артық болмаған муғдарда.

Коммерциялық банклер қусшылық жойбарларын қаржыландырыўды кеңейтиў ушын халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел банклериниң қаржыларын тартыў бойынша зәрүр илажларды көрсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги усы жеңилликлер ушын зәрүр болған қаржыларды 2019-2020-жыллар даўамында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорына белгиленген тәртипте ажыратсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Паррандасаноат» ассоциациясының Ассоциация жанында барлық қусшылық хожалықларында хызмет көрсететуғын заманагөй илимий-диагностикалық лаборатория орайын (кейинги орынларда – Орай) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

қусшылық кеселликлериниң алдын алыў, анықлаў ҳәм оларға қарсы гүресиўдиң нәтийжели механизмин ислеп шығыў;

қусларды азықландырыў ушын илимий тийкарларған нормаларды ислеп шығыў;

барлық түрдеги қус гөши ҳәм мәйек өнимлерин қайта ислейтуғын технологиялық процесслерди ислеп шығыў;

қусшылық өнимлериниң биологиялық ҳәм экологиялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, қусларды бағыў ҳәм оларға берилип атырған азықлық базасының қурамын ҳәм сапасын мониторинг етиў;

барлық түрдеги қус гөши ҳәм мәйеклеринен пайдаланған ҳалда улыўма, балалар, диеталық ҳәм арнаўлы аўқатланыўдың жаңа түрдеги өнимлерин ислеп шығарыўға мөлшерленген технологиялық процесслерди ислеп шығыў;

қусшылық хожалықларының технологиялық жойбарлары нормаларын ислеп шығыў ҳәм илимий тийкарлаў.

Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги илимий-диагностикалық биолаборатория орайын жайластырыў ушын Ташкент ўәлаяты, Янгийўл районы, Тынышлық массивинен улыўма майданы 1 гектар болған жер участкасын ажыратсын.

«Паррандасаноат» ассоциациясы илимий-диагностикалық биолаборатория орайын зәрүр болған заманагөй әсбап-үскенелер ҳәм қураллар менен тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте қусшылық тараўында кадрларды таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў мақсетинде илимий-әмелий орайды шөлкемлестириў илажларын көрсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте бир ай мүддетте қусшылық тараўында илим ҳәм өндирис интеграциясын және де күшейтиў мақсетинде үзликсиз бирге ислесиўди жолға қойсын, қусшылық тараўындағы бар машқалаларды сапластырыў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң басқышпа-басқыш барлық аймақта қус жетистириў, оны қайта ислеў ҳәм соңғы таяр өним таярлап, тутыныўшыға жеткериў процесин толық қамтып алған қусшылық кластерлерин шөлкемлестириў (соның ишинде, 2019-жылда 13) ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети,  «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзсанаатқурылысбанк» АКБ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте потенциалы исбилерменлик субъектлерин, қаржыландырыў дәреклерин ҳәм жер майданларын анықлап, 2019-2021-жылларда қусшылық кластерлерин шөлкемлестириўдиң мәнзилли бағдарламасының жойбарын тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Мәмлекетлик ветеринария комитети, «Өзстандарт» агентлиги, «Паррандасаноат» ассоциациясы, «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК және тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекем алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, өним сапасына сезилерли тәсир көрсететуғын қәўип ҳәм әҳмийетли қадағалаў пунктлерин таллаў (“HACCP”), Халықаралық стандартластырыў шөлкеми (“ISO”) ҳәм «Halal» стандартларының талапларын есапқа алған ҳалда, қусшылық кәрханасын технологиялық жойбарластырыў нормаларын ислеп шықсын ҳәм қус өнимлерин халықаралық тән алынған сертификатластырыў илажларын көрсин.

Қус кеселликлерине қарсы шаншыў ушын өндиристиң сәйкес әмелияты (GMP – Good Manufacturing Practice) сертификатларына ийе болған сырт ел өндирис компанияларының вакцина ҳәм биопрепаратларының Өзбекстан Республикасында тән алынатуғыны ҳәм қосымша муўапықлық сертификатларының талап етилмейтуғыны белгиленсин.

  1. «Өзэлтехсанаат» АК Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте қус өнимин жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын зәрүр болатуғын әсбап-үскене, қураллар ҳәм механизмлер ислеп шығарыўды 2022-жылдың ақырына шекем локализациялаў илажларын көрсин.

«Паррандасаноат» ассоциациясы қус өнимин жетистириў ҳәм қайта ислеў ушын зәрүр болатуғын әсбап-үскене, қураллар ҳәм механизмлерди локализациялаў мақсетинде олардың дизимин зәрүр талап пенен қәлиплестирсин ҳәм «Өзэлтехсанаат» АКға усынсын.

Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети республикамызда қус өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў басқышлары ушын зәрүр болатуғын әсбап-үскенелерди, қураллар ҳәм механизмлерди ислеп шығыў мақсетинде «Өзэлтехсанаат» Ак тәрепинен усыныс етилген жойбар ҳүжжетлерине тийкарланып сырт ел инвесторларын тартсын.

  1. «Паррандасаноат» ассоциациясы ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖның қусшылық хожалықлары тәрепинен импорт етилип атырған жем болатуғын дәнди темир жол арқалы тасыўда, бурынғысынан өзгеше тәризде, Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы темир жоллары тариф сиясатының 35 процентинен көп болмаған муғдарда шегирме бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги ҳәм «Өздәнөнимлери» АК қусшылық хожалықларына талап етилетуғын дән өнимлериниң ҳәр айда биржа саўдаларына қойып барылыўын тәмийинлесин.

Өзбекстан республикалық товар-шийки зат биржасындағы саўдаларда қусшылық хожалықларына дән өнимлериниң саўдасына қатнасыў «Паррандасаноат» ассоциациясы тәрепинен салық ҳәм ветеринария есабатларында сәўлеленген қустың бас санынан келип шығып ҳәм белгиленген тәрптипте дән өнимлери бойынша тастыйықланған нормаларға муўапық дүзилетуғын дизим тийкарында қусшылық хожалықларының қатнасыўы және усы дизим турақлы түрде «Паррандасаноат» ассоциациясының веб-сайтында жайласытырылып барылатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ветеринария комитети усы бәнттиң екинши абзацында көрсетип өтилген дизимдеги қустың бас саны, дән өнимлери бойынша тастыйықланған нормаларға әмел етилгенлигин системалы мониторинг ететуғынлығы, сондай-ақ, дән өнимлериниң саўдасына қусшылық хожалықларының қатнасыўы ямаса қатнаспаўы бойынша «Паррандасаноат» ассоциациясына ҳәр айда мағлыўмат беретуғыны белгиленсин.

  1. «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК республикаға сырт елден алып кирилетуғын барлық түрдеги нәсилли қуслардың 1 күнлик шөжелерин, қус жеми ҳәм азықлық қосымшаларын үзликсиз тасыў мақсетинде «Паррандасаноат» ассоциациясына ҳәм қусшылық хожалықларына әмелий жәрдем көрсетсин.
  2. 2021-жыл 1-ноябрьге шекемги мүддетте:

нәсилли ана таўық ҳәм басқа түрдеги технологиялық әсбап-үскенелер сатып алыў, қус жетистириўди шөлкемлестириў, қус өнимлерин қайта ислеў ҳәм сақлаў, инкувация цехларын шөлкемлестириў, қусшылыққа қәнигелескен имарат-қурылмаларды қурыў ҳәм қайта оңлаў, арнаўлы техника, аўысық бөлеклер ҳәм басқа да тийкарғы қураллар;

сырт ел шөлкемлери ҳәм оның сыңар кәрханалары, фирма дүканлары, дилерлик тармақлары және исбилерменлик субъектлери тәрепинен қусшылық хожалықларының зәрүрлиги ушын шеттен келтиретуғын қус жеми ҳәм азықлық қосымшалары, ветеринария препаратлары, диагностикумлар орнатылған тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша бажыхана төлемлеринен (бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етиледи.

  1. «Паррандасаноат» ассоциациясына:

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте қусшылық хожалықлары тәрепинен импорт етилип атырған жемлер, азықлық қосымшалары ҳәм әсбап-үскенелери өз ўақтында және толық көлемде алып кирилиўи ушын әмелий жәрдем көрсетиў;

2019-жыл 1-февральға шекемги мүддетте өзиниң шөлкемлестириўшилик ҳүжжетлерин усы қарар талапларына муўапықластырыў, бунда тийкарғы итибарды барлық қусшылық хожалықларын «Паррандасаноат» ассоциациясына ағза болыўы ушын мақул шараятларды жаратыўға қаратыў усыныс етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте еки ай мүддетте республикада соя ҳәм айғабағар дәнлерин қайта ислеў бойынша заманагөй кәрханаларды шөлкемлестириў бойынша тийисли илажларды ислеп шықсын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери бир ай мүддетте:

дийқан базарлары ҳәм халық көп болған аймақларда қус өнимлерин сатыў ушын «Паррандасаноат» ассоциациясы тәрепинен ислеп шығылған үлги саўда фирма дүканларын шөлкемлестириў ҳәм жайластырыў бойынша мәнзилли бағдарламаларды ислеп шығып тастыйықласын;

қусшылық тараўына тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў мақсетинде инвестициялық жойбарлардың дизимин пухта ислеп шығып, сырт елли шериклерди тартыў ушын Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм «Өзсанаатқурылысбанк» АКБға усынсын.

  1. «Паррандасаноат» ассоциациясының елимизде аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалар, сырт ел саяхатшылары, түрли мәмлекетлердиң қусшылық тараўы ўәкиллери, экспертлер ҳәм қәнигелерди кеңнен тартқан ҳалда 2019-жылдан баслап ҳәр жылы сентябрь айында қусшылыққа байланыслы көргизбе өткериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги «Паррандасаноат» ассоциациясының буйыртпалары бойынша тараўды раўажландырыў ҳәм заманагөй техникаларды өзлестириў бойынша мирәт етип атырған сырт ел қәнигелери ҳәм көргизбелердиң сырт ел қатнасыўшыларына кириў визалары консуллық жыйымлары өндирилмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин (ҳақыйқый қәрежетлерди қаплаў жыйымлары буған кирмейди).
  3. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Паррандасаноат» ассоциациясының буйыртпалары бойынша тартылған сырт ел қәнигелерине мәмлекетлик бажы өндирилмей көп мәртелик кириў визалары рәсмийлестирилиўин, берилиўин ҳәм олардың мүддети созылыўын, сондай-ақ, ўақтынша прописка етилиўин, турған орны бойынша есапқа алыныўын ҳәм олардың созылыўын тәмийинлесин.
  4. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Экономика министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети, Мәмлекетлик бажыхана комитети, басқа министрликлер ҳәм уйымлар «Паррандасаноат» ассоциациясына усы қарар ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери менен жүкленген ўазыйпаларды сапалы және өз ўақтында орынлаў ушын ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетсин.
  5. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Р.Холмурадовқа-аймақлардың қусшылықты раўажландырыў бойынша инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын потенциаллы инвесторларды излеў, қусшылық тараўына инвестицияларды тартыў, қаржылардың өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеў ушын;

Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Б.Т.Юсуповқа-усы қарар менен тастыйықланған прогноз көрсеткишлердиң орынланыўы үстинен хожалықлар кесиминде мониторинг системасы орнатылыўы ҳәм олардың есабы жүргизилиўи, қусшылық кластерлериниң жумысы шөлкемлестирилиўи және оларға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетилиўи ушын;

«Өзэлтехсанаат» АК баслығы А.А.Абдуллаевқа-қус өнимлериниң барлық түрлерин жетистириў, оларды барлық басқышларда қайта ислеў ушын әсбап-үскене, қурал ҳәм механизмлердиң республикада ислеп шығарылыўын шөлкемлестириў ушын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлерине-усы қарар менен тастыйықланған прогноз параметрлериниң орынланыўын тәмийинлеў бойынша районлар ҳәм қусшылық хожалықлары кесиминде мәнзилли илажлар бағдарламалары өз ўақтында ислеп шығылып, тастыйықланыўы ҳәм олардың орынланыўы үстинен турақлы қадағалаў алып барылыўы, сондай-ақ, қусшылық кәрханаларына азықлық жетистириў ушын жер майданы ажыратылыўы ҳәм азықлық ушын егилген дән егинлери мәмлекетлик буйыртпаға алынбаўы ушын жеке жуўапкер екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясына «Паррандасаноат» ассоциациясы менен биргеликте қусшылық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ғалаба хабар қуралларында турақлы жарытып барыў усыныс етилсин.
  2. Ташкент қаласы ҳәкимлиги бир ай мүддетте «Паррандасаноат» ассоциациясын жайластырыў ҳәм имарат қурыў ушын жер майданын ажыратсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                     Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 13-ноябрь