Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде халыққа көрсетилетуғын медициналық хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан арттырыўға, денсаўлықты сақлаў мәмлекетлик системасының кадрлар потенциалын беккемлеўге, медициналық мәкемелердиң ресурслар потенциалын жақсылаўға қаратылған денсаўлықты сақлаўды реформалаў бойынша комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Денсаўлықты сақлаўдың миллий системасын жедел раўажландырыў жумысларын системалы ҳәм сапалы шөлкемлестириў ушын улыўма әмелият врачларының, патронаж медициналық мийирбийкелериниң, аўыллық врачлық пунктлери, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем хызмети хызметкерлериниң лаўазым айлықлары арттырылды, республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларында мийнетти хошаметлеўдиң базар усыллары белгиленди.

Медицина хызметкерлериниң мийнетин баҳалаўдың ҳәм олар алатуғын мийнет ҳақы ҳәм сыйлықтың орынланатуғын жумыстың қурамалылығы ҳәм көрсетилетуғын медициналық хызмет сапасына анық және тиккелей байланыслылығын тәмийинлеўдиң механизмлери енгизилди.

Соның менен бирге, елимиздиң денсаўлықты сақлаў системасын сапалық жаңа басқышқа көтериў зәрүр болған шараятта медицина тараўын басқарыўдың инновациялық моделин енгизиў, медицина хызметкерлерин материаллық хошеметлеўди даўам еттириў, олардың кәсиплик дәрежесин арттырыў ушын мүнәсип шараятлар ҳәм хошаметлеўши факторлар жаратыў мәселелери мәмлекеттиң дыққат орайында тур.

Мәмлекетлик медицина мәкемелери ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин социаллық қорғаўды күшейтиў, олардың материаллық мәпдарлығын арттырыў, нәтийжели ислеўи ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, жоқары профессионал кадрлар потенциалын қәлиплестириў мақсетинде:

  1. Мәмлекетлик медицина мәкемелери медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў муғдарлары 2018-жыл 1-декабрьден 1,2 есеге ҳәм 2019-жыл 1-апрельден 1,15 есеге басқышпа-басқыш арттырылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте халықаралық тәжирийбени үйрениў тийкарында 2019-жыл 1-июльге шекемги мүддетте медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасын түп-тийкарынан қайта көрип шығыў бойынша төмендегилерге бағдарланған усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин:

мәмлекетлик медицина мәкемелери медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң лаўазымына ҳәм маманлығына, көрсетилетуғын медициналық жәрдемниң қурамалылық ҳәм жуўапкершилик дәрежеси, сондай-ақ, емлеў-профилактика мәкемелериниң қәнигелигине қарап  базалық лаўазым айлықларын енгизиў;

медицина хызметкерлериниң жумысын ҳәм мийнетиниң нәтийжелилигин баҳалаўдың заманагөй усылларын, соның ишинде, емленген наўқаслар электрон статистикасын басқышпа-басқыш енгизиў ҳәм наўқаслар арасында онлайн сораўлар өткериў арқалы енгизиў;

медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерин материаллық хошаметлеўдиң әмелдеги тәртибин түп-тийкарынан қайта көрип шығыў, олар орынлайтуғын жумыслардың сапасына, ерисилетуғын нәтийжелер ҳәм көрсетилген медициналық хызметлерге жәмийетшилик тәрепинен берилген баҳаларға қарап оларға ҳақы төлениўин тәмийинлеў;

медицина мәкемелериниң басшыларына айрықша өрнек көрсеткен врачларға Медицина шөлкемлерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қорының қаржылары есабынан  тариф ставкасының           100 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық жеке үстемелер белгилеў ҳуқықын бериў.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

2018-жылда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржыларының есабынан медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине төленетуғын ҳақы муғдарының арттырылыўы мүнәсибети менен мәмлекетлик медицина мәкемелериниң қосымша қәрежетлери қаржыландырылыўын, 2019-жылда ҳәм кейинги жылларда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде бюджеттен ажыратылатуғын зәрүр қаржылар нәзерде тутылатуғынын;

2020-жылдан баслап Медицина шөлкемлерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қорын қәлиплестириў ушын ажыратылатуғын қаржылар көлемлериниң басқышпа-басқыш арттырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қаржы министрлиги және Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў қоры (кейинги орынларда Қор деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

а) төмендеги муғдарларда ажыратылатуғын ажыратпалар:

мәмлекетлик медицина мәкемелери тәрепинен ақшалай тийкарда көрсетилген медициналық хызметлер, соның ишинде, республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайларының хызметлери ушын түсимлер муғдарының 2 проценти;

жоқары медициналық билимлендириў мәкемелериниң есап бетлеринде жыйналатуғын пуллы оқыў контрактлары бойынша  түсимлер муғдарының 5 проценти;

жоқары медициналық билимлендириў мәкемелериниң есап бетлеринде жыйналатуғын оқыў контрактларының арттырылған ставкасы бойынша  түсимлер муғдарының 10 проценти;

фармацевтика ҳәм медицина жумысы менен шуғылланыў, соның ишинде, дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық буйымларды усақлап реализациялаў ҳуқықына лицензиялар алыў ушын талабанлар тәрепинен төленетуғын мәмлекетлик бажылар системасындағы түсимлер муғдарының 20 проценти;

б) Қордың ўақтынша бос қаржыларын жайластырыўдан алынатуғын дәраматлар;

в) физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық жәрдемлери;

г) нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Қордың қаржыларынан:

денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин сыйлықлар, материаллық жәрдем, қосымша ҳақылар,  үстемелер ҳәм хошаметлеўши төлемлердиң басқа түрлери көринисинде материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў илажларын қаржыландырыў, сондай-ақ, оларға санатория-курорт ҳәм медициналық хызмет  көрсетилиўине ҳақы төлеў;

турақ жай менен тәмийинлеўди жақсылаўға жумсалатуғын қәрежетлерди, соның ишинде, денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы шөлкемлердиң медицина хызметкерлери ушын турақ жайлар қурыўды шөлкемлестириў арқалы қаржыландырыў;

денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин оқытыў, олардың қәнигелигин арттырыў ҳәм әмелият өткериўин, соның ишинде, олардың сырт еллерге сапарлары, Өзбекстан аймағынан тысқарыда өткерилетуғын конференциялар, семинарлар ҳәм басқа да илажларда қатнасыўы, хызмет сапарына жиберилиўин шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў;

денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, программалық өнимлер сатып алыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация тармақларын тәмийинлеп турыў;

сырт ел экспертлерин ҳәм консалтинг шөлкемлерин тартыў;

жоқары медициналық билимлендириў мәкемелериниң қәбилетли студентлерине арнаўлы стипендиялар төлеўге жумсалатуғын қәрежетлерди қаржыландырыў;

денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының кадрлар потенциалын беккелеўге қаратылған басқа да илажлдар ушын пайдаланыў белгиленсин.

  1. Қордың дәраматлары, соның ишинде, ўақтынша бос қаржыларды коммерциялық банклерге жайластырыўдан процентлер түринде алынған дәраматлар салықлардың барлық түрлеринен және Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларға басқа да мәжбүрий төлемлерден 2021-жыл 1-ноябрьге шекем азат етилсин.
  2. Төмендегилердиң:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовтың –медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў системасының түп-тийкарынан қайта көрип шығылыўы бойынша усынысларды таярлаўда жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар жумысының әмелде муўапықластырылыўы ушын;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шодмоновтың – Қордың қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы, сондай-ақ, усы қарарға муўапық денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымлары хызметкерлериниң социаллық қорғалғанлығын күшейтиў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў шәртлерин жетилистириў ушын жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

Раўажландырыў ҳәм денсаўлықты сақлаўды басқарыў уйымларының хызметкерлерин материаллық хошаметлеў қоры ҳаққындағы Режени бир ай мүддетте ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда белгиленген тәртипте тастыйықласын, соның ишинде, Қордың қаржыларын жумсаўдың ашық-айдын тәртибин, оның дәраматлары ҳәм қәрежетлери бойынша есап бериў мәселелерин нәзерде тутсын;

медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине ҳақы төлеў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен медицина мәкемелеринде врачлықтан басқа жумысты орынлап атырған жоқары мағлыўматлы қәнигелер лаўазымларының номенклатурасын қайта көрип шықсын;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары А.А.Абдуҳакимовқа ҳәм Ж.А.Қўчқаровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                               Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 7-ноябрь