Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Ҳәр бир халықтың әзелий тарийхы ҳәм мәденияты бәринен бурын оның аўыз-еки дөретиўшилиги – фольклор көркем өнеринде, дәстан ҳәм эпосларында жәмленген болып, олар миллеттиң өзлигин аңлаў, оның өзине тән миллий қәдириятлары менен дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўда бийбаҳа дәрек болып есапланады.
Өзбек миллий бақсышылық ҳәм дәстаншылық көркем өнериниң сийрек гезлесетуғын үлгилерин қәстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыў, оны кеңнен үгит-нәсиятлаў, жас әўлад қәлбинде усы көркем өнер түрине ҳүрмет ҳәм итибар туйғыларын күшейтиў, түрли халықлар арасындағы дослық ҳәм туўысқанлық байланысларын беккемлеў, дөретиўшилик жақтан бирге ислесиў, мәдений-мәнаўий қатнасықлар шеңберин халықаралық көлемде буннан былай да кеңейтиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң Термиз қаласында ҳәр еки жылда бир мәрте Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын (кейинги орынларда Фестиваль деп аталады) шөлкемлестириў ҳәм бул фестивальды биринши мәрте 2019-жылдың 5-10-апрель күнлеринде өткериў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
- Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң (кейинги орынларда Шөлкемлестириў комитети деп аталады) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын өткериў тәртиби ҳаққында реже;
Халықаралық бақсышылық көркем өнери фестивалын 2019-жылда өткериў бойынша «жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Шөлкемлестириў комитетине (А.Арипов):
Фестивальды өткериў бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў;
Фестивальдағы сыйлы орын ийелерине тапсырылатуғын диплом, сертификат, ҳәйкелшелердиң үлгилерин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў;
Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы басқа да мәселелерди шешиў ўазыйпалары жүкленсин.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Мәденият министрлиги Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жуўапкер етип белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги:
Фестивальға сырт еллерден белгили фольклортаныўшы илимпазлар, бақсы, шайыр, ақын ҳәм жыраўлар, дөретиўшилик жәмәәтлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм ҳүрметли мийманларды мирәт етиўде Мәденият министрлигине әмелий жәрдем көрсетсин;
Фестивальға келетуғын мийманлар ушын Мәденият министрлигиниң буйыртпаларына муўапық, Өзбекстан Республикасына кириў визаларының белгиленген тәртипте консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилмей рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Мәденият министрлиги Фенстивальдың салтанатлы ашылыў мәресимин ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм көркемлик жақтан бийтәкирар усылда таярлаў ушын жоқары профессионаллық шеберликке ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценаристлер менен режиссёрларды, балетмейтрлерди, сахна художниклерин, талантлы жас көркем өнер шеберлерин кеңнен тартсын.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги Термиз қаласында абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының әмелге асырылыўын, Фестиваль өткерилетуғын сахна майданлары менен заллардың талап дәрежесинде таярланыўын тәмийинлесин.
- Мәденият министрлиги Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Көркем өнер академиясы, «Алтын мийрас» халықаралық қайырқомлық қоры, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм «Өнермент» ассоциациясы менен биргеликте:
Фестиваль шеңберинде Термиз қаласындағы «Сурхандәрья көркем өнер сарайы» мәмлекетлик мәкемеси майданының аймағында бақсышылық көркем өнерине байланыслы ҳәр қыйлы көргизбелер, миллий сазлар ҳәм липаслар, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер дөретпелери, мүсиншилик үлгилери, көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер, аудио ҳәм видео дисклер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлер таныстырылыўын ҳәм олардың сатылыўы шөлкемлестирилиўин;
Фестиваль бағдарламасы ислеп шығылыўын ҳәм оның Фестиваль өткерилиўинен үш ай бурын туризм шөлкемлерине усынылыўын, Интернет дүньялық мәлимлеме тармағында ҳәм социаллық тармақларда жайластырылыўын;
Фестиваль веб-сайтын бир ай мүддетте таярлап, Интернет тармағына жайластырылыўын ҳәм турақлы түрде жаңалықлар, фотосүўретлер, аудио ҳәм видео материаллар менен жаңаланып барылыўын тәмийинлесин.
- Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Сурхандәрья ўалаяты ҳәкимлиги Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын мийманханалардан орын ажыратыў илажларын көрсин.
- Фестивальды таярлаў ҳәм өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры, Сурхандәрья ўәлаяты жергиликли бюджети қаржыларының есабынан тең үлеслерде ҳәм қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 1-ноябрь