Кәримов Фонды сырт ел жоқары оқыў орынларында билим алыў ушын үшинши грантлар таңлаўын жәриялайды.
Төмендеги қәнигеликлер бойынша Европаның жоқары оқыў орынларында магистратура басқышында билим алыў мүмкин:
- Қайта тикленетуғын энергия дәреклери;
- Химия. Химиялық технология;
- Суў ҳәм жер ресурсларын басқарыў;
- Машина өндириси ҳәм технологиялары;
- Архитектура. Имарат ҳәм сооружениелерди қурыў;
- Автомобиль жоллары, көпирлер, тоннельлер, жол өткергишлери ҳәм аэродромларды жойбарлаў ҳәм қурыў;
- Текстиль санааты технологиялары ҳәм үскенелери;
- Туризм хызметлерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў;
- Мәлимлеме хызметлери ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар.
Таңлаўға инглис, немис ямаса француз тиллерин жоқары дәрежеде билетуғын, Өзбекстан ямаса сырт ел жоқары оқыў орнын питкерген яки оның соңғы курсында оқып атырған, жасы 35 тен өтпеген Өзбекстан пуқаралары қатнасыўы мүмкин.
Грант жеңимпазларының сырт елде оқыў ҳәм жасаў қәрежетлери (2 жылға шекем) Фонд тәрепинен қаржыландырылады.
Таңлаўға қатнасыў ушын ҳүжжетлер онлайн қабылланады:
https://goo.gl/forms/vNSA6KLY2JDOA86h1
Таңлаўға қатнасыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер дизими:
- Фонд тәрепинен тастыйықланған формадағы таңлаўға қатнасыў бойынша арза;
- таңлаў қатнасыўшысының жеке анкетасы;
- таңлаў қатнасыўшысы тәрепинен тастыйықланған «Сырт ел жоқары оқыў орынларында магистрлик бағдарламасы бойынша билим алыў ушын Кәримов Фонды грантын алыў бойынша өткерилетуғын III таңлаў Уставы»ның Көширмеси;
- жоқары оқыў орны ректоры (шөлкем, кәрхана, мәкеме басшысы) атынан таңлаўда мүнәсип талабан сыпатында қатнасыўы ҳаққындағы Усыныснама ямаса жоқары оқыў орнынан ақырғы басқышта табыслы оқып атырғаны ҳаққындағы мағлыўматнама;
- паспорттың реңли нусқасы;
- жоқары оқыў орнын питкергени ҳаққындағы Дипломның нусқасы.
Ҳүжжетлерди тапсырыў мүддети шекленген – 2018-жыл 5-ноябрьден – 24-ноябрьге шекем.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.