Студентлер арасында математика пәнинен Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы 1-халықаралық олимпиаданың салтанатлы ашылыўы болып өтти.

Илажда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Иномжон Мажидов, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы институты директоры, академик Шавкат Аюповлар ҳәммени қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға табыс тиледи.

Пиза университети профессоры, Бартолоцци сыйлығының лауреаты Марко Абате халықаралық олимпиада қатнасыўшыларына онлайн қутлықлаў жоллады.

Студентлер арасындағы математика пәнинен Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы 1-халықаралық олимпиаданың тийкарғы бөлими басланды.

Ургенч қаласында жайласқан «Ёшлик» спорт комплексинде халықаралық олимпиада қатнасыўшылары математика пәнинен тапсырмаларды орынлаўға киристи.

Қатнасыўшылар саат 9:00 ден 14:00 ге шекем олимпиада тапсырмаларын орынлады.

Еслетип өтемиз, бул олимпиада елимизде биринши мәрте шөлкемлестирилип, оған дүньяның 20 мәмлекетинен 58 университеттиң 334 студенти қатнаспақта. Олар арасында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының математика-информатика факультетинен 4 студент те қатнаспақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.