Алмалықтың «АГМК» командасы өз тарийхында биринши мәрте футбол бойынша Өзбекстан кубогиниң жеңимпазы болды.
Ферғанадағы «Истиқлол» стадионында болып өткен финаль ойынында Ташкенттиң «Пахтакор» ҳәм «АГМК» командалары өз-ара ушырасты. Қызықлы өткен ойында Ташкент ўәлаяты командасының футболшылары толық үстинликке ерисип, 3:1 есабында жеңиске еристи.
Ойынның 16-минутында «АГМК» командасының ойыншысы Йован Жокич пенальтиден есапты ашты. «Пахтакор» командасының ойыншысы Исмоил Гонсалвеш екинши бөлимниң 54-минутында пенальтиден есапты теңлестирди. 57 минутта Йован Жокич өз командасын есапта алдыға алып шықты. Ойынның соңғы минутында Заҳир Пиримов «Пахтакор» командасының дәрўазасына үшинши топты жоллады.
Солай етип «АГМК» командасы Өзбекстан кубогиниң жеңимпазы болыў менен бирге, келеси жылғы мәўсимде Азия чемпионлар лигасының плей-офф басқышында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.