Жарақат алса да, жеңиске болған талпынысын көрсетип, командасын ярым жолда қалдырғысы келмеген япон қызының жуўырыў ўақтындағы ерлиги дүнья халықларын ҳайран қалдырды.

Ўақыя Японияның Фукуока қалашасындағы экиден марафоны ўақтында жүз берген. 19 жаслы студент Рей Айда жарыстың 35-километринде эстафета байрақшасын алып, жарысты баслаған. Командасының гезектеги ағзасы күтип турған жерге 200 метр қалғанында аяғы қатты аўырып, бастырмай қалған. Нәтийжеде эстафета финишине шекем еңбеклеп келип, келеси командаласына байрақшаны тапсырған.

Кейнинен мәлим болыўынша, Рей жуўырып баратырған ўақтында аяғын сындырып алған. Жарақаты аўыр болса да, еңбеклеп ҳәрекет еткен қыздың ҳәрекети көпшиликтиң қоллап-қуўатлаўына себепши болды. Көзлерине жас алып, қоллап-қуўатлағанлар да табылды.

 

https://youtu.be/MjrdnhwYUO4

 

Тилекке қарсы, Рейдиң сонша ҳәрекети пушқа шықты. Себеби, ол жығылған ўақыттан баслап оның командасы жарыстан шетлетилген.

Финишке жеткен студентке медициналық жәрдем көрсетилген. Шыпакерлер оның жарақаты толық емлениўи ушын 3-4 ай ўақыт кереклигин билдирген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.