Роскомнадзор Google корпорациясын Россия нызамшылығын бузғанлықта айыпламақта. Google корпорациясы Россия ҳүкиметиниң мәмлекет аймағында шеклеў орнатылған сайтлар дизими сақланатуғын федерал мәмлекетлик информациялық системасына қосылыў талабын орынламаған.

Россия нызамшылығы бойынша, Интернеттеги излеў системасы операторлары шеклеў орнатылған сайтларды дизимнен шығарыўы керек. Роскомнадзор Google корпорациясына жоқарыда аталған системаға қосылыўы кереклиги ҳаққында ескерткенлигин, бирақ корпорация талапты орынламағанын билдирмекте.

Роскомнадзор Google корпорациясын судқа берип, оннан 500 мыңнан 700 мың рубльге шекемги көлемде жәрийма өндириўди жобаластырмақта.

Россияда экстремистлик деп табылып, федераллық дизимге алынған материалларды тарқатыў қадаған етилген. Дизимде 4500 ден аслам материал бар. Сондай-ақ, Роскомнадзор суд тәрепинен нызамды бузған деп табылған сайтларды да блоклайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.