Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Соңғы жылларда сырт елде жасап атырған ўатанласлар (кейинги орынларда ўатанласлар деп аталады) менен турақлы қарым-қатнасты ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў, олардың елимизде алып барып атырған реформаларға қатнасын хошаметлеў, сондай-ақ, ҳуқықлары менен мәплерин толық ҳәм ҳәр тәреплеме қорғаўға жәрдем бериўде әҳмийетли жумыслар әмелге асырылды.
Ҳәзирги ўақытта көплеген ўатанласларымыз экономикамызды, социаллық тараўды, илимди, мәденият, спорт ҳәм басқа да бағдарларды раўажландырыўға, өзлериниң тарийхый Ўатаны – Өзбекстанның абырайын арттырыў және оның сыртқы дүнья менен қатнасықларын беккемлеўде мүнәсип ҳәм сезилерли үлеслерин қосып келмекте.
Соның менен бирге, ўатанласлар менен байланысларды раўажландырыўдың әҳмийети артып атырған бир ўақытта, олар менен нәтийжели бирге ислесиўди алып барыў ҳәм реформаларды сапа жағынан жақсылаўда олардың потенциалын тартыў бағдарында төмендеги бир қатар машқалалар сақланып қалмақта:
мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўатанласлар менен байланыс орнатыўының нәтийжеси төмен дәрежеде ҳәм толық емес екенлиги;
экономикалық, социаллық, инвестициялық, илимий-ағартыўшылық, мәдений ҳәм басқа да әҳмийетли жойбарлар және бағдарламаларды әмелге асырыўда ўатанласлардың потенциалынан ақылға уғрас пайдаланбаў;
ўатанласлардың өзбек тили, мәденияты ҳәм дәстүрлерин ғалаба ен жайдырыў менен шуғылланатуғын шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында комплексли ҳәм узақ мүддетли стратегияның жоқ екенлиги;
сырт елде билим алып атырған Өзбекстан жаслары менен ислесиўге жеткиликли дәрежеде итибар берилмей атырғаны, елимизге қайтқанынан соң оларды жумыс пенен тәмийинлеў системасының жолға қойылмағаны.
Ўатанласлар менен бирге ислесиўдиң узақ мүддетли ҳәм беккем системасын жаратыў және 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:
- Ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатының тийкарғы мақсетлери сыпатында төмендегилер белгиленсин:
халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған принциплери, жасап атырған мәмлекеттиң нызамшылығы және Өзбекстан Республикасының халықаралық шәртнамалары тийкарында сырт елдеги ўатанласлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелге асырыўға жәрдемлесиў;
ўатанласлардың Өзбекстан мәдений, илимий ҳәм руўхый мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаўға, оны дүнья жүзи көлеминде үйрениўге ҳәм ғалаба ен жайдырыўға, жасап атырған мәмлекетлерде өзбек тили, мәдениятын ҳәм дәстүрлерин сақлап қалыў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы жумысларын қоллап-қуўатлаў, олардың Өзбекстанда билим алыў имканиятларын кеңейтиў;
Өзбекстан Республикасының социаллық-экономикалық раўажланыўына ҳәм оның сырт еллер менен өз-ара пайдалы, дослық қатнасықларын қурыўға өз үлесин қоспақшы болған ўатансласлар және олар дүзген шөлкемлер менен байланысларды раўажландырыў ҳәм беккемлеў;
ўатанласлардың Өзбекстан аймағында профессионал, соның ишинде, исбилерменлик, инвестициялық, илимий, ағартыўшылық ҳәм мәдений жумыс пенен шуғылланыўы ушын қолайлы ҳуқықый, социаллық ҳәм экономикалық шараятларды жаратыў;
ўатанласлардың потенциалын Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий реформаларды қоллап-қуўатлаўға, Өзбекстан Республикасының халықаралық абырайын буннан былай да беккемлеўге тартыў.
- Төмендегилер:
Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясаты Концепциясы (кейини орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;
Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Илажлар бағдарламасы) 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Сырт елде жасап атырған ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сиясаты Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгиленетуғыны ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасының сапалы ҳәм өз ўақтында орынланыўы Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги тәрепинен муўапықластырылатуғыны;
Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасының орынланыўы үстинен қадағалаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасын әмелге асырыў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық жәрдемлери ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер арқалы қаржыландырылатуғыны белгиленсин.
Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды сапалы және өз ўақтында орынлаў ҳәм ҳәр шеректе оларды әмелге асырыўдың жағдайы бойынша мағлыўматты Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигине берип барыў бойынша жеке жуўапкер екенликлери көрсетип өтилсин.
- Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Комиссия шөлкемлестирилсин ҳәм оның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги (А.Комилов):
Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасын әмелге асырыўдың жағдайын нәтийжели муўапықластырыўды, системалы мониторингин және ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине олардың орынланыўы бойынша мағлыўмат бериўди тәмийинлесин;
ғалаба хабар қуралларында Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасының әмелге асырылыўы ҳаққында анық көрсеткишлер ҳәм нәтийжелерди сәўлелендирген ҳалда информациялық-таллаў жуўмақларын системалы рәўиште таярлаў ҳәм басып шығарыў бойынша илажлар көрсин;
зәрүр жағдайларда ўатанласлар ҳәм олардың шөлкемлерин Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўға және олардың өз-ара бирге ислесиўин беккемлеўге қаратылған әҳмийетли мәселелерин додалаўға тартсын;
ўатанласлар менен бирге ислесиў тараўында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сиясатын нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде сырт мәмлекетлер менен халықаралық шәртнамалар ҳәм басқа да ҳүжжетлерге қол қойыў бойынша илажлар көрсин, Өзбекстан Республикасының жәмийетлик шөлкемлери және ўатанласлардың сырт елдеги шөлкемлери арасындағы байланысларды, олар арасындағы алмасыўды хошаметлесин ҳәм қоллап-қуўатласын.
- Ўатанласлар менен бирге ислесиўдиң дәрежеси ҳәм тәризинен келип шығып, оларға Өзбекстан Республикасы нызам ҳүжжетлерине муўапық, мәмлекет тәрепинен төмендеги қоллап-қуўатлаў ҳәм хошамет илажлары көрсетилиўи мүмкин:
кириў визаларын, соның ишинде, көп мәртелик ҳәм узақ мүддетли визаларды әпиўайыластырылған ҳалда рәсмийлестириў, ўақытша жасаўға және Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў менен шуғылланыўы ушын рухсат етиў;
жоқары қәнигели кадрларды Өзбекстанда зәрүр болған қәнигеликлер бойынша жумысқа алыў;
социаллық ҳәм турмыслық мәселелерди шешиўге жәрдем бериў;
мәмлекет қарамағындағы бос турған объектлерди ҳәм жер майданларын ўатанласларға исбилерменлик, илимий-изертлеў, ағартыўшылық, инновациялық ҳәм басқа да бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын ажыратып бериў;
ўатанласлардың оқыўы, жумысы ҳәм басқа да социаллық мәселелерди толық (бир бөлегин) қаржыландырыў;
ўатанласлар арасында жоқары маманлықтағы қәнигеликлерди мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары ҳәм Өзбекстан Республикасының басқа да мәмлекетлик шөлкемлерине басшылық лаўазымларына, сондай-ақ, бул шөлкемлер басшыларының консультанты (мәсләҳәтшиси) сыпатында тартыў;
Өзбекстан Республикасы нызамшылығында нәзерде тутылған әпиўайыластырылған тәртипте Өзбекстан Республикасы пуқаралығын бериў;
ўатанласлар – сырт елли пуқараларға Өзбекстан Республикасының жоқары билимлендириў мәкемлеринде өзбек тили ҳәм әдебияты, тарийх, кино, мәденият, театр өнери, телевидение ҳәм радио бағдарлары бойынша билим алыўы ушын грантлар ажыратыў;
ўатанласлардың ғалаба хабар қуралларын Өзбекстан Республикасында аккредитациядан өтиўин әпиўайыластырыў;
Өзбекстан Республикасының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан ўатанласларды мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм ҳүрметли атақлар менен сыйлықлаў;
Өзбекстан Республикасы нызамшылығы тийкарында мәмлекет тәрепинен көрсетилетуғын басқа да қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў илажлары.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас етиў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте ўатанласлар арасында жоқары маманлықтағы қәнигелерди мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары, Өзбекстан Республикасының басқа да мәмлекетлик шөлкемлерине басшы ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларына тартыў бағдарында зәрүр илажларды турақлы әмелге асырсын және оларға мәпдар министрликлер ҳәм уйымларға жумысқа кириў, жақын байланыслар орнатыў бойынша толық жәрдем көрсетсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги, «Дунё» информациялық агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсетлери ҳәм ўазыйпаларын және Концепция ҳәм Илажлар бағдарламасының әмелге асырылыў жағдайын сәўлелендириў бойынша мақалалар ҳәм темалы бағдарламаларды шөлкемлестирсин.
- Сыртқы ислер министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 25-октябрь