Усы жыл 24-25-октябрь күнлери пайтахтымыздағы қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатында  елимизде аўыр атлетика спорт түрин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде усы спорт түри тренерлериниң шеберлигин арттырыў мақсетинде илимий – методикалық оқыў семинары өткерилди.

 

Семинар – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жыл Токио (Япония)  қаласында болып өтетуғын XXXII жазғы Олимпиада ҳәм XVI Паралимпиада ойынларына таярлық көриў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан аўыр атлетика федерациясының Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Қарақалпақстан сайланды командасы спортшыларын Олимпиада ойынларына басқышпа-басқыш таярлаў мақсетинде өткерилди.

– Спортта бүгинги күнге шекем жоқары нәтийжелерге ерисиўде маман ҳәм тәжирийбели тренерлердиң илимий-методикалық жумысларынан пайдаланылып келинбекте. Бул семинарды биринши мәрте Қарақалпақстанда өткерип басладық, – дейди Өзбекстан аўыр атлетика федерациясының аймақлық бөлимлери менен ислеў бойынша бөлим баслығы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен тренер, халықаралық биринши дәрежедеги төреши Анварбек Халиков. Усы жыл 7-14-июль күнлери аралығында Ташкент қаласында жаслар арасында  Жәҳән чемпионаты өткерилгениниң өзи үлкен қуўанышлы ўақыя болды.  Онда 77 киллограм салмақта Ғайрат Айтмуратов чемпионаттың қола медалы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, елимизде жәҳән чемпионы, Өзбекстан аўыр атлетшиси, жәҳән рекордын орнатқан, Бразилияда өткерилген Олимпиада да алтын медаль менен сыйлықланған Руслан Нуриддиновтай,  Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен спортшы Рустам Жаңабаевтай елимиз байрағын жәҳән ареналарына көтерип атырған спортшыларымыз жетилисип шықпақта.

 

 

Семинар қатнасыўшыларына аўыр атлетика методлары ҳәм әмелий шынығыўлар, Селекция (таңлап алыў) жумыслары, классикалық шынығыўлар техникасы ҳәм биомеханикасы, қәтелерди дурыслаў, жарыс қағыйдалары, жарысты шөлкемлестириў ҳәм өткериў,  таярлық басқышлары менен процеслери, тәжирийбе алмасыў, аўқатланыў гигиенасы, антидопинг ҳәм басқа да темаларда кең түрде, слайд жәрдеминде түсиниклер берилди.

Семинар 25-октябрьге шекем даўам етеди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы