Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын кеңейтиў, мийўе-овощ өнимлери экспортының толық раўажланыўына иркиниш жасап атырған тосқынлықларды алып таслаў, экспорт потенциалының мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўын жетилистириў, сондай-ақ, жергиликли мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыўдың комплексли системасын шөлкемлестириў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Сыртқы саўда министрлиги, Экономика министрлиги ҳәм Аўыл хожалығы министрлигиниң төмендеги тәртипти белгилеў ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин:
юридикалық шахслар – мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилерди мийўе-овощ өнимлери экспортын дәслепки төлемсиз, аккредитив ашпай, банк кепилликлерин рәсмийлестирмей және экспорт шәртнамасын сиясий ҳәм коммерциялық қәўиплерден қамсызландырыў полисисиз әмелге асырыў ҳуқықына ийе;
юридикалық шахслар – мийўе-овощ өнимлери экспортынан түсимлерди өз ўақтында тәмийинлемеген мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилери мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўде 100 процентлик алдын ала төлем алыў талаплары оларға қолланған ҳалда ҳүждансыз мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер реестрине киргизиледи;
исбилерменлик субъектлери көтере саўда ислеў лицензиясына ийе болмай мийўе-овощ өнимлери экспортын әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Бунда жеке тәртиптеги исбилерменлердиң мийўе- овощ өнимлери экспорт түсимлерине бирден-бир салық төлеми төлениўин нәзерде тутатуғын салыққа тартыў тәртиби қолланылады;
экспорт етилетуғын мийўе-овощ өнимлери бажыхана тексериўинен өткерилмейди, бажыхана нызам ҳүжжетлери бузылыўы қәўипи белгилери анықланған жағдайлар буған кирмейди. Бунда ҳүжжетлерде бар мағлыўматлардың исенимлилиги, сондай-ақ, товарларды Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасынан нызамсыз алып өтиў ушын экспорт етиўши жуўапкер болып табылады;
исбилерменлик субъектлери өзлерине ажыратылған жер участкаларында мийўе-овощ өнимлерин тиккелей оларды жетистириў орынларында суўғарыў, таярлаў ҳәм сақлаў бойынша инфраструктуралық объектлер қурыў ушын жеңил конструкцияларды қурыў бойынша қурылыс-монтажлаў жумысларын әмелге асырыўы мүмкин.
- Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине Исбилерменлик субъектлерине ажыратылған жер учаткаларында мийўе-овощ өнимлерин тиккелей оларды жетистириў орынларында суўғарыў, таярлаў ҳәм сақлаў бойынша инфраструктуралық объектлер қурыў ушын жеңил конструкцияларды қурыў тәртиби ҳаққындағы режениң жойбарын киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Мәмлекетлик бажыхана комитети менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекемги мүддетте усы қарардың 1-бәнти талапларын есапқа алған ҳалда Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасы жетилистирилиўин тәмийинлесин.
- Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер ўәкилликли мәмлекетлик уйымларға товар-жол ҳүжжетлериндеги мийўе-овощ өнимлери бойынша ҳақыйқатында да әмелге асырылған экспорт операциялары бойынша исенимли мағлыўматлар бергени, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген мийўе-овощ өнимлери экспортынан түсетуғын түсимлердиң мүддетлерин бузғаны ушын жуўапкер екени белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Ренспубликасы Сыртқы саўда министрлигине төмендеги қосымша функциялар жүкленсин:
мийўе-овощ өнимлери экспорты тараўындағы жумысты муўапықластырыў;
потенциалы жоқары шериклер излеў, дәстүрий ҳәм жаңа сатыў базарларына шығыў ушын имканиятлар жаратыў, сондай-ақ, зәрүрлик болғанда экспорт шәртнамасының орынланыўын методикалық жақтан қоллап-қуўатлаў арқалы мийўе-овощ өнимлери экспортын әмелге асырыўға әмелий жәрдем көрсетиў;
сыртқы базарларда мийўе-овощ өнимлериниң баҳа конъюнктурасын системалы тийкарда үйрениў, соның ишинде, аймақларға шыққан ҳалда мийўе-овощ өнимлерин жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер менен ҳәр айда ушырасыўлар өткериў, сондай-ақ, үйрениў нәтийжелери, атап айтқанда, мийўе-овощ өнимлери экспорт баҳаларының дәрежеси ҳаққындағы мағлыўматлардың өз рәсмий веб-сайты ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында басып шығарылыўын жетилистириў;
ҳәр айда мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилерге тийкарғы сатыў базарлары бойынша таллаў нәтийжелерин ҳәм прогнозларын, атап айтқанда, баҳа конъюнктурасының өзгерислери, белгиленген пунктлер кесиминде жүклеў көлемлери және мийўе-овощ өнимлерин импорт етиўде техникалық талаплар ҳаққындағы мағлыўматларды өз рәсмий веб-сайты ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларында жайластырыў арқалы усыныў.
- Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы, Әдиллик министрлиги, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил еки ҳәпте мүддетте мийўе-овощ өнимлерин жетистириўшилер және экспорт етиўшилерге Өзбекстан Республикасы мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер ассоциациясын дүзиўине жәрдемлессин.
6.Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Сыртқы саўда министрлиги, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси ҳәм Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекем Интернет тармағында Мәлимлеме-коммуникация технологияларын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан «TradeUzbekistan.com» электрон саўда майданшасы, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан, соның ишинде:
мийўе-овощ өнимлерин жетистириўшилер ҳәм экспорт етиўшилер, потенциалы жоқары импорт етиўшилер, жаңа үзилген, кептирилген және қайта исленген экспортқа бағдарланған мийўе-овощ өнимлериниң түрлери ҳәм көлемлери, мийўе-овощ өнимлери ушын нәллер, туқымлар және төгин жеткерип бериўшилер ҳаққындағы мағлыўмат сәўлеленетуғын;
экспортқа бағдарланған мийўе-овощ өнимлериниң түрлери, көлемлери, суммасы ҳәм жетистириў аймақлары кесими ҳаққындағы мағлыўматларды, сондай-ақ, экспорт процесиниң барлық басқышлары реал ўақыт режиминде бақлаў имканиятын беретуғын Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилердиң мәлимлеме порталын ислеп шықсын ҳәм иске түсирсин.
- Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик бажыхана комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы, басқа да жуўапкер министрликлер менен уйымлар Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер мәлимлеме порталына турақлы тийкарда өз ўақтында зәрүр мағлыўматлар киргизилиўин тәмийинлесин.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министирлиги менен биргеликте:
жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен тийисли мағлыўматлардың Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер мәлимлеме порталына өз ўақтында киргизилиўи үстинен мониторингти әмелге асырсын;
Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер мәлимлеме порталын жетилистириў, үзликсиз жумыс алып барыўы ҳәм мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша турақлы түрде илажлар көрсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалар ҳәкимлери, мәмлекетлик уйымлардың аймақлық бөлимлериниң басшылары мийўе-овощ өнимлери экспортына экспорт етиўшиниң аймақлық тийислилигине қарай тосқынлық еткенлиги ушын жеке жуўапкер екени ҳаққында қатаң ескертилсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем жетекши сырт ел компаниялары менен сөйлесиўлер алып барсын ҳәм жуўмақлары бойынша республика бойлап және сырт елде жергиликли мийўе-овощларды реализациялаўдың заманагөй транспорт-логистика комплекслери – «хаб»ларды өз ишине алған саўда майданшаларын, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде жаратыў бойынша дәслепки жойбарын иске қосыў бойынша анық усыныслар киргизсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Экономика министрлиги менен биргеликте 2018-жылдың жуўмағы бойынша егислик майданларды оптималластырыў шеңберинде, соның ишинде, қысқартылып атырған пахта ҳәм дән егинлери майданлары тийкарында жаратылып атырған, мийўе-овощларды жетистириў, таярлаў, сортлаў, калибрлеў, қадақлаў ҳәм экспортқа бағдарлаўға мөлшерленген кластерлердиң мәнзилли дизимин Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги республикада мийўе-овощ жетистириў бойынша кластер системасының жағдайын, соның ишинде, алдыңғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, терең талласын, нәтийжеси бойынша 2019-жыл 1-декабрьге шекем кластерлердиң нәтийжели жумыс алып барыўында жүзеге келген тосқынлықларды сапластырыў ҳәм бул тараўды буннан былай да жетилистириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына усыныслар киргизсин.
- «Өзстандарт» агентлиги:
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте үш ай мүддетте «Global GAP», «Halal» ҳәм «Organic» стандартлары талапларына муўапықлыққа сертификатластырыў бойынша халықаралық тән алынған шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойсын;
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм «Өзбеказықаўқатхолдинг» ХК менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекем халықаралық стандартлар талапларына муўапық болған органикалық ҳәм басқа да өнимлерди жетистириўди раўажландырыў бойынша Ҳүкиметлик қарардың жойбарын киргизсин;
Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-мартқа шекем мәмлекетимизде «Global GAP», «Halal» ҳәм «Organic» стандартлары талапларына муўапық мийўе-овощ жетистиретуғын жергиликли кәрханаларды сертификатлаў бойынша қәнигелерди таярлаўды шөлкемлестирсин.
- «Өзбекстан темир жоллары» АЖ ҳәм «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК мийўе-овощ өнимлерин экспортқа шығарыў бойынша заманагөй логистика менеджменти механизмлерин енгизиў илажларын көрсин, соның ишинде:
а) «Өзбекстан темир жоллары» АЖ 2019-жыл 1-январьға шекем:
«бир айна» принципи тийкарында мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў бойынша темир жол ҳүжжетлерин жибериў станциясында рәсмийлестириў жумысларын шөлкемлестирсин;
Мийўе-овощ өнимлерин жүклеў ҳәм түсириў бойынша тариф ҳәм хызметлерди өнимниң өзгешеликлерин есапқа ала отырып, әпиўайыластырыў бойынша қайта көрип шықсын;
жүк жибериўшилер ҳәм жүк ийелериниң буйыртпалары тийкарында жүктиң жетип барыў мүддети ҳәм ҳәрекетлениў ўақтында вагонның жайласқан жерлери ҳаққындағы мағлыўматларды жеткерип бериў бойынша механизмди ислеп шықсын ҳәм енгизсин;
мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер ушын тийисли буйыртпа келип түскен күннен баслап үш суткадан аспаған мүддетте вагон ажыратыў тәртибин енгизсин;
б) «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК 2019-жыл 1-июньге шекем мийўе-овощ өнимлерин ўақытша сақлаў орынларын астына материал төсеп ораўдың халықаралық стандартларына муўапық болған ҳәм олардың өткериў қәбилетин тәмийинлейтуғын заманагөй музлатқыш ҳәм сканерлейтуғын үскенелер менен қайта үскенелесин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте «Өзагроэкспорт» АЖның жумысын сын көз қарастан үйренип шығып, оның жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша анық усыныслар киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:
еки ҳәпте мүддетте усы қарардың талапларын есапқа алған ҳалда, соның ишинде, ҳүждансыз мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер реестрин жүргизиў тәртибин нәзерде тутатуғын Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиў тәртиби ҳаққындағы жаңаланған режениң тастыйықланыўын;
2019-жылдың 1-январына шекем мәмлекеттиң шегара аймақларында мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер ушын заманагөй өндирис, инженерлик-коммуникация, жол-транспорт, социаллық инфраструктураларды, сондай-ақ, «бир айна» принципи тийкарында зәрүр ҳүжжетлерди рәсмийлестириў ҳәм логистика хызметлери бар болған арнаўлы зоналарды дүзиў мәселеси ислеп шығылыўын;
Өзбекстан Республикасы Орайлық банки менен биргеликте 2019-жыл 1-январьға шекем товар қоймаханалары тәрепинен берилетуғын қоймахана гүўалықларына муўапық мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер ҳәм жетистириўшилер ушын коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер бериў механизмин енгизиў мәселеси ислеп шығылыўын;
Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте 2019-жыл 1-февральға шекем сырт елде мийўе-овощ өнимлерин реализациялаў бағдарындағы реал жағдайдың, экспорт етиўшилер ушын жүзеге келген қолайсыз шараятлардың, соның ишинде, олар менен қарым-қатнас жасаў арқалы терең үйренилиўин;
2019-жыл 1-мартқа шекем өткерилген үйрениўлердиң жуўмағы бойынша экспорт етиўшилер ушын жүзеге келген қолайсыз шараятларды сапластырыў бойынша анық усыныслар ислеп шығылыўын ҳәм олардың Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизилиўин;
2019-жыл 1-мартқа шекем Мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер мәлимлеме порталын жүргизиў тәртиби ҳаққындағы режениң тастыйықланыўын тәмийинлесин.
- Төмендегилерге:
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары (Отажонов) – тармақтың жедел раўажланыўына және мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилердиң турақлы жумыс алып барыўына тосқынлық ететуғын системалы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў, бул тараўдағы нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм киргизиў ушын;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары (Мирзаев) – бәсекиге шыдамлы мийўе-овощ өнимлерин жетистириўди, сондай-ақ, мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўдиң диферсификацияланыўын тәмийинлеў ушын;
Өзбекстан Республикасы сыртқы саўда министри (Ходжаев) – жергиликли мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыў бойынша экспорт етиўшилерге көмеклесиў, сондай-ақ, елимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ушын;
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри (Юсупов) – тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм инновациялық технологияларды енгизиў, соның ишинде, интенсив жетистириў технологияларын қолланыў тийкарында мийўе-овощ өнимлерин жетистириў және экспорт етиў көлемин арттырыўды тәмийинлеў ушын;
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы (Азимов) – экспорт етилетуғын мийўе-овощ өнимлериниң бажыхана ҳүжжетлерин өз ўақтында рәсмийлестириў, сондай-ақ, ҳүждансыз мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер реестри жүргизилиўин тәмийинлеў ушын;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясының баслығы (Иргашев) – экспорт етилетуғын мийўе-овощ өнимлериниң лаборатория экспертизасын ҳәм карантин тексериўин өз ўақтында тәмийинлеў ушын;
«Өзбекстан темир жоллары» АЖ (Сагдуллаев) ҳәм «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК (Ҳакимов) басшылары – мийўе-овощ өнимлерин өз ўақтында ҳәм сапалы сырт елге жеткерип бериў ушын халықаралық стандартларға сәйкес инфраструктура жаратыў ушын;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери – мийўе-овощ өнимлерин ислеп шығарыўшылар ҳәм экспорт етиўшилер менен нәтийжели шериклик орнатыў, мийўе-овощ өнимлерин жетистириў, таярлаў, сортлаў, калибрлеў, қадақлаў ҳәм экспортқа жибериўдиң кластер системасын енгизиўге көмеклесиў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы усы қарар талапларының орынланыўын системалы түрде қадағалап барсын ҳәм айыпкер шахсларға қатаң жуўапкерлик шараларын қоллансын.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министирлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:
нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;
өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Н.С.Отажоновқа ҳәм З.Т.Мирзаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 17-октябрь