Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў бойынша көрилип атырған илажларға қарамай, тез медициналық жәрдем көрсетиў тараўында қойылған ўазыйпаларды толық орынлаўға тосқынлық етип атырған бир  қатар системалы машқалалар ҳәм кемшиликлер сақланып қалып атырғанлығы атап өтилсин.

Атап айтқанда, республикамызда тез медициналық хызметти басқарыўдың автоматластырылған системасын жаратыў бойынша қабыл етилген бир неше қарарлардың нәтийжелери бүгинги күнге шекем сезилмей атыр.

Тез медициналық жәрдем шақырыўларын қабыл етиў ҳәм оларға хызмет көрсетиў ескише, қол механизмлери жәрдеминде әмелге асырылмақта. Тез медициналық жәрдем көрсетиў ўақтында наўқаслардың емлеўханаға жетип барыўына шекем қайтыс болыўы көбейип бармақта. Ташкент, Сырдәрья ҳәм Ферғана ўәлаятларында болса өлимшилик саны еки еседен төрт есеге шекем артқан.

Мүражатларды таңлап алыўдың әмелдеги тәртиби бар күш ҳәм қуралларды ең әҳмийетли шақырыўларға хызмет көрсетиў ушын бағдарлаў имканиятын бермейди, нәтийжеде жалған шақырыўлар саны артпақта ямаса жуқпалы кеселликлери күшейген, бирақ өмири қәўип астында болмаған наўқасларға хызмет көрсетилмекте.

Ажыратылып атырған бюджет қаржылары сапалы тез медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў имканиятын бермей атыр.

Тез медициналық жәрдем хызметин жедел раўажландырыў, оның финанслық турақлылығын тәмийинлеў, бул бағдарда тез, технологиялық ҳәм нәтийжели жумыс көрсетиўге ерисиў мақсетинде:

  1. Қыстаўлы жәрдемге мүтәж ҳәр бир адамға жоқары сапалы тез медициналық хызметлерди өз ўақтында көрсетиў тез медициналық жәрдем хызметиниң тийкарғы ўазыйпасы деп есаплансын.
  2. Тез медициналық жәрдем хызметин раўажландырыўға әмелий жәрдемлесиў ҳәм оның материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында юридикалық шахс статусына ийе болмаған Тез медициналық жәрдемди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.

3.Төмендегилер 2019-жыл 1-январьдан баслап Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине түсетуғын қаржыларды  29 проценттен 10 процентке азайтқан ҳалда, мобиль байланыс хызметлерин көрсетиўши юридикалық шахслар (байланыс тармағы компаниялары) тәрепинен абонент санынан пайдаланғаны ушын төленетуғын төлем суммасының 19 проценти;

халықаралық ҳәм сырт ел қаржы институтларының, ҳүкиметлик ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлердиң грантлары ҳәм техникалық жәрдем қаржылары;

Қордың ўақтынша бос турған қаржыларын жайластырыўдан  түскен дәраматлар;

физикалық ҳәм юридикалық шахслардың, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы резидент емеслериниң қайырқомлық қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да қаржылар.

Қордың қаржылары төмендегилерге  жумсалыўы белгилеп қойылсын:

тез медициналық жәрдем хызметиниң арнаўлы автотранспортын сатып алыў ҳәм транспорт паркин өз ўақтында жаңалаў, сондай-ақ, оларды заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў, аўысық бөлеклер ҳәм жумсалатуғын материалларды сатып алыўf

тез медициналық жәрдем хызметиниң хызметкерлерин оқытыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм әмелияттан өтиўин, соның ишинде, сырт еллердиң илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм  басқа да мәкемелеринде әмелияттан өтиўин шөлкемлестириўf

тез медициналық жәрдем хызмети хызметкерлерине үстемелер, ақшалай сыйлықлар ҳәм басқа да хошаметлеўши төлемлерди төлеў;

тез медициналық жәрдем хызмети  жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў.

Тез медициналық жәрдем хызметин Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлеринен қаржыландырыўдың әмелдеги тәртиби ҳәм көлемлери сақлап қалынсын.

Қордың қаржыларын басқарыў ҳәм бөлистириў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (кейинги орынларда – Министрлик) коллегиясының қарары тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлик белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша арнаўлы автотранспорт қураллары ҳәм олардың аўысық бөлеклери, медициналық үскенелери ҳәм жумсалатуғын материаллар, компьютер техникасы, байланыс қураллары, техникалық оқытыў қураллары, әдебиятлар ҳәм тез медициналық жәрдем хызметине зәрүр басқа да материаллық-техникалық ресурслар ушын 2022-жыл 1-январьға шекемги мүддетте бажыхана төлемлеринен азат етилсин (бажыхана жыйымлары буған кирмейди).
  2. Министрлик Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте:

Қор ҳаққындағы режени ҳәм Қордың дәраматларын қәлиплсетириў ҳәм қаржыларын жумсаў тәртибин;

Қордың 2019-жылға мөлшерленген қәрежетлер сметасын, соның ишинде, усы қарарды орынлаў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутқан ҳалда тастыйықласын.

  1. Төмендегилер:

2019-2021-жыллары Өзбекстан Республикасында тез медициналық жәрдем хызметин жетилистириўге байланыслы илажлар бағдарламасы 1-қосымшаға муўапық;

Тез медициналық жәрдем хызмети жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың үлги индикаторлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

тез медициналық жәрдем хызмети жумысының пайдалылығы ҳәм нәтийжелилиги турақлы баҳаланыўы ҳәм Министрликтиң веб-сайтында жәрияланып барылыўы зәрүр екенлиги;

баҳалаў нәтийжелери тез медициналық жәрдем хызмети хызметкерлерин материаллық хошаметлеў ушын тийкар болатуғыны, сондай-ақ, хызмет мәкемелерин басшы кадрлар менен толықтырыўда есапқа алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлик:

Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы (кейинги орынларда- Миллий палата) менен биргеликте еки ай мүддетте Тез медициналық жәрдем хызмети жумысының нәтийжелилигин баҳалаўдың үлги индикаторларын есапқа алған ҳалда тез медициналық жәрдем хызмети жумысының пайдалылығын ҳәм нәтийжелилигин баҳалаў тәртибин ҳәм методикасын тастыйықласын;

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Пәрўазлар қәўипсизилигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм «Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК пенен биргеликте тез медициналық жәрдем хызметин 2020-жылдан баслап авиация техникасы менен тәмийинлеў ҳәм (ямаса) авиация хызметлерин сатып алыў, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында сатып алыў бойынша усынысларды 2019-жыл 1-мартқа шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

шақырыўлар структурасынан, тез медициналық жәрдем бригадалары тәрепинен көрсетилетуғын жәрдем көлеми ҳәм өзгешелигинен келип шығып, фельдшерлик бригадаларының үлесин арттырған ҳалда тез медициналық жәрдем хызметин 2019-жылдың ақырына шекем қайта дүзип шықсын;

еки ай мүддетте республикамыздың айырым аймақларындағы тез медициналық жәрдем хызметин басқарыў ҳуқықын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында инвесторларға өткериў бойынша анық усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрликтиң Қыстаўлы медициналық жәрдем оқыў орайын Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем оқыў-шынығыў орайы етип (кейинги орынларда – Орай) қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Орай медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў тараўында кадрларды оқытыў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша базалық методикалық мәкеме болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

авариялық-қутқарыў хызметлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, басқа да  юридикалық шахслардың хызметкерлерин, сондай-ақ, пуқараларды қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў көнликпелерине оқытыў, қайта оқытыў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў;

емлеўханаға шекем  медициналық жәрдем көрсетиў түрлери менен методларын ислеп шығыў ҳәм жетилистириў;

қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў тараўында илимий-изертлеў жумысларын алып барыў;

қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бағдарламаларын жетилистириў;

қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў тараўында кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша басқа мәкемелердиң илимий-изертлеў жумысында методикалық жәрдем көрсетиў;

қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў тараўында семинар-тренинглер, мастер-класслар, вебинарлар, телекөпирлер шөлкемлестириў ҳәм бул процесске жетик сырт ел қәнигелерин тартыў;

қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў тараўында сырт ел илимий-изертлеў ҳәм оқыў орайлары менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, бул бағдарда грантлар ҳәм техникалық жәрдем қаржыларын тартыў.

  1. Жүкленген ўазыйпалар шеңберинде Орайға төмендеги ҳуқықлар берилсин:

мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларынан, мәмлекетлик медициналық шөлкемлерден Орай ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша зәрүр мәлимлемени, статистикалық ҳәм архив мағлыўматларын белгиленген тәртипте сораў ҳәм алыў;

Қарақалпақстан Республикасында, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында филиалларды шөлкемлестириў;

мәмлекетлик уйымлар, илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм шөлкемлердиң қәнигелерин, сондай-ақ, басқа экспертлерди, соның ишинде, сырт ел экспертлерин билимлендириў процесине шәртнама тийкарында тартыў.

  1. Қыстаўлы медицина ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў көнликпелери оқытылатуғын курслардан өтиў ушын республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем оқыў-шынығыў орайына жиберилетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик үлеске ийе болған шөлкемлердеги хызметкерлердиң контингенти 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан тәмийинлеп турылатуғын министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер өз хызметкерлерин Орайда оқытыў ушын ҳәр жылғы бюджеттен қаржы ажыратылыўын нәзерде тутсын.

«Өзбекстан ҳаўа жоллары» МАК, «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Өзбекнефтьгаз» АЖ ҳәм «Тошшаҳартрансхизмат» АЖ өз хызметкерлери менен инструкторларын өз қаржылары есабынан ҳәр жылы оқыўға жиберсин.

Тез медициналық жәрдем хызмети бригадаларының айдаўшылары Орайда  қыстаўлы медициналық ҳәм медицина хызметкерлери жетип келгенге шекем жәрдем көрсетиў көнликпелери оқытылатуғын курслардан Қордың қаржылары есабынан өтетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы министрлик пенен биргеликте Орайдағы билимлендириў процеси, кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў сапасының үстинен турақлы қадағалаў ҳәм мониторинг орнатсын.
  2. Министрлик Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм «Чорвоқ» еркин туристлик зонасы дерекциясы менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекем «Чорвоқ» еркин туристлик зонасы аймағында тез медициналық жәрдем хызмети парамедиклериниң жумысын шөлкемлестириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутқан сынақ жойбарын әмелге асырсын:

парамедиклер тәрепинен пуқараларға күни-түни үзликсиз жоқары қәнигели тез медициналық жәрдем көрсетиў;

тез медициналық жәрдем хызметиниң халыққа мүмкиншилиги болғанынша жақынластырылыўын есапқа алып, парамедиклердиң күшлерин муўапықластырған ҳалда жайласытырыўдың ҳәм басқарыўдың нәтийжели механизмин енгизиў;

пуқаралардың ямаса ишки ислер, айрықша жағдай уйымларының тийисли хызметлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, мүлкшилик түрлерине қарамастан хожалық жүргизиўши субъектлердиң шақырыўлары бойынша ўақыя орнына тез жетип келиўин тәмийинлеў;

тез медициналық жәрдем хызметиниң басқа бригадалары менен оператив бирге ислесиў механизмин енгизген ҳалда пуқаралар ҳәм туристлер жыйналатуғын орынларда парамедиклер патруллик қатнаўларды жолға қойыў.

  1. Министрлик:

2019-жыл 1-февральға шекем парамедиклер тәрепинен тез медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

2019-жыл 1-апрельге шекем Орайда зәрүр муғдардағы фельдшерлерди парамедиклер қәнигелигине оқытыўды, соның ишинде, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў тараўындағы жетик сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда оқытыўды тәмийинлесин;

2019-жылдың жуўмағы бойынша тез медициналық жәрдем хызметинде парамедиклердиң жумысын кеңейтиў бойынша тийкарланған усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Министрлик Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги және Қаржы министрлиги менен биргеликте:

а) 2019-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласында, 2019-жыл 1-октябрьден баслап республикамыздың қалған аймақларында тез медициналық жәрдем басқармасының төмендеги имканиятларға ийе автоматластырылған системасын (кейинги орынларда – автоматластырылған система) жаратсын ҳәм пайдаланыўға тапсырсын:

халықтың шақырыўларын қабыллаў ҳәм дизимге алыў, үстинлик тәртибинде хызмет көрсетиў зәрүр болған шақырыўларды автоматикалық белгилеў;

арнаўлы автотранспорт ҳәрекетин басқарыў, соның ишинде, GPS –навигациядан пайдаланған ҳалда, кейин ала басқышпа-басқыш санлы радиобайланысқа өтиў арқалы автотраспорт ҳәрекетин мониторинг етиў;

тез медициналық жәрдем сорап мүрәжат еткен шахслар жайласқан орынды телефон (мобиль) байланыс арқалы автоматикалық анықлаў;

тез медициналық жәрдем бригадаларын мобиль қосымшалар жәрдеминде, соның ишинде, имканиятлары шекленген шахслар ушын шақырыў;

пайдаланылатуғын дәри қураллары ҳәм медициналық буйымларды есапқа алыў;

министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерди қыстаўлы хызметлердиң мәлимлеме  системалары менен бирлестириў;

пуқаралар тәрепинен тез медициналық жәрдем станциялары жумысының нәтийжелилигин баҳалаў ҳәм олардың рейтингин жүргизиў.

б) Тез медициналық жәрдем хызмети станцияларының Call-орайларын нормативлерге муўапық толық үскенелеў ушын 2018-жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар бюджетлериниң қаржылары есабынан қосымша телефон линиялары (санлары) ажыратылыўын тәмийинлесин.

Автоматластырылған системаны ислеп шығыў ҳәм оған хызмет көрсетиў, техникалық қоллап-қуўатлаў ҳәм кейин ала модернизациялаў бойынша буйыртпашының функциялары Министрликке жүкленетуғыны;

автоматластырылған системаның техникалық ҳәм жойбаралды ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен таярланатуғыны;

усы бәнтте нәзерде тутылған илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қыстаўлы медициналық жәрдем хызметиниң жумысын шөлкемлестириўди буннан былай да жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 16-марттағы ПҚ-2838-санлы қарарында белгиленген көлемлер ҳәм дәреклерде қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Министрлик қордың қаржылары есабынан автоматластырылған системаны пайдаланыўға тапсырыў нәзерде тутылған мүддетлерде ишки локал-есаплаў тармақларының жаратылыўын ҳәм тез медициналық жәрдем хызмети бөлимлерин зәрүр үскенелер ҳәм қураллар, соның ишинде GPS навигаторлар ҳәм байланыс қураллары менен үскенелениўин тәмийинлесин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм (ямаса) оның аймақлық бөлимлериниң буйыртпалары бойынша тез медициналық жәрдем хызмети станцияларының Call-орайларын телефон линиялары (санлары) менен тәмийинлеў ушын жергиликли бюджеттен зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.Қ.Шодмонов – тез медициналық жәрдем хызмети жумысын нәтийжели шөлкемлестириў, арнаўлы автотранспорт сатып алыў ҳәм транспорт паркин өз ўақтында жаңалаў, сондай-ақ, заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинлеў ушын;

Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Содиқов – автоматластырылған системаның техникалық ҳәм жойбаралды ҳүжжетлерин сапалы ҳәм өз ўақтында таярлаў, бул системаны жаратыў ҳәм пайдаланыўға тапсырыў, сондай-ақ, тез медициналық жәрдем хызмети талаплары ушын телефон линияларын (санларын) ажыратыў ушын;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимов – министрлик ҳәм уйымларды оларға жүкленген ўазыйпаларды зәрүр дәрежеде орынлаўы ушын нәтийжели муўапықластырыў, сондай-ақ, усы қарарды әмелге асырыў процесин турақлы түрде көрип барыў ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлик Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте:

а) алдынғы сырт ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда еки ай мүддетте:

тез медициналық жәрдем бригадалары ушын фельдшерлерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў бойынша арнаўлы оқыў программаларын;

тез медициналық жәрдем шақырыўларын қыстаўлылығына қарап жайластырыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;

б) 2019-жыл 1-январьға шекем:

2019/2020 оқыў жылынан баслап республикамыздың медициналық кәсип-өнер колледжлеринде тез медициналық жәрдем бригадалары ушын фельдшерлерди таярлаў бойынша арнаўлы оқыў программаларын енгизиў илажларын көрсин;

санитар-авиация түринде қыстаўлы  медициналық жәрдем көрсетиў тәртибин тастыйықласын;

в) нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 16-октябрь