Өзбекистан Республикасы Президентиниң қарары
Юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен нақ ақшаға товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде фискаль ядлаўшы қадағалаў-касса машиналары қолланылыўын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, халық пенен ақшалай есап-санақ жүргизиўди тез есапқа алыў ҳәм қадағалаў системасын кеңейтиў мақсетинде:
- Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-июльдеги «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлардың ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5116-санлы Пәрманына муўапық Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлардың орайларында мәмлекетлик салық хызмети уйымларына есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматлардың онлайн режиминде жиберилиўин тәмийинлейтуғын қадағалаў-касса машиналарын қолланыў арқалы нақ ақша ҳәм нақ ақшасыз түрдеги түсимлер, соның ишинде, электрон төлемлер үстинен автоматластырылған қадағалаў системасы енгизилетуғыны, республикамыздың қалған аймақларында усы система басқышпа-басқыш киргизилетуғыны белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Орайлық банк, Экономика министрлиги, Саўда-санаат палатасының халық пенен нақ ақшада әмелге асырылған есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларына онлайн режиминде жеткерип барыў функциясына ийе болған қадағалаў-касса машиналарының (кейинги орынларда-онлайн ҚКМ) заманагөй модельлерин басқышпа-басқыш енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
- Төмендегилер:
товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде әмелге асырылатуғын есап-санақлар көлемин анықлаў ушын 2018-жылдың 1-январынан 30-мартына шекем Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлардың орайларында 500 ден 1000 ға шекем болған онлайн ҚКМлар тәжирийбе-сынаў тәризинде әмелиятқа енгизилетуғыны;
2018-жылдың 1-июлинен баслап Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлардың орайларында барлық юридикалық шахслар товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде халық пенен нақ ақшадағы есап-санақларды мәжбүрий түрде онлайн ҚКМны қолланған ҳалда әмелге асыратуғыны;
2018-жылдың 1-декабринен баслап Өзбекистан Республикасы аймағында барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде халық пенен нақ ақшадағы есап-санақларды мәжбүрий тәризде тек онлайн ҚКМны қолланған ҳалда әмелге асыратуғыны;
қарардың усы бәнтиниң қағыйдалары нызамшылыққа муўапық жумысының өзине тән өзгешелиги себепли қадағалаў-касса машиналарын қолланбастан әмелге асырыўы мүмкин болған айырым категориядағы юридикалық ҳәм физикалық шахсларға, сондай-ақ, телекоммуникация тармақлары менен қамтып алынбаған узақ ҳәм барыў қыйын болған елатлы пунктлерде исбилерменлик жумысын әмелге асыратуғын юридикалық ҳәм физикалық шахсларға енгизилмейтуғыны;
юридикалық ҳәм физикалық шахслар тәрепинен усы бәнтте белгиленген мүддетлер жуўмақланғаннан кейин онлайн ҚКМларды қолланбастан товарларды реализациялаў, жумысларды әмелге асырыў ҳәм хызметлер көрсетиў қадағалаў-касса машинасын қолланыў тәртибин бузыў деп қаралатуғыны ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәмлекетлик салық комитети ҳәм оның аймақлық уйымлары 2018-жылдың 1-майынан юридикалық ҳәм физикалық шахсларға тийисли онлайн ҚКМларды белгиленген тәртипте дизимнен өткериў, қайта дизимнен өткериў ҳәм дизимнен шығарылыўын, соның ишинде, жәҳән мәлимлеме Интернет тармағы арқалы аралықтан хызмет көрсетиў имканиятларынан пайдаланған ҳалда, өзлери жумыс ислеп атырған қала ҳәм районларда әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Шерматов Ш.Х.):
Мәмлекетлик салық комитети (Парпиев Б.Р.) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте телекоммуникация тармақларына қамтып алынбаған узақ ҳәм барыў қыйын болған елатлы пунктлердиң дизимин тастыйықласын ҳәм ҳәр жылы жаңалап барсын;
Телекоммуникация тармақлары менен қамтып алынбаған узақ ҳәм барыў қыйын болған елатлы пунктлердиң дизимин ҳәр календарь жылдың 25-декабрине шекем Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине усыныс етип барсын.
- Онлайн ҚКМдан келип түсетуғын фискаль мағлыўматларды қабыллаў, қайта ислеў, сақлаў, жайластырыў ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетине сораўға муўапық жөнелтиў фискаль мағлыўматлар операторы тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.
Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети (Парпиев Б.Р.) Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Шерматов Ш.Х.) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте еки ай мүддетте фискаль мағлыўматлар операторы функциясын орынлайтуғын юридикалық шахсты анықласын.
- «Өзэлтехсанаат» акционерлик компаниясы (Боқиев Ф.Х.):
Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Шерматов Ш.Х.), Мәмлекетлик салық комитети (Парпиев Б.Р.) ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте 2017-жылдың 1-ноябрине шекем соңын ала чеклердиң ҳақыйқый екенлигин анықлаўда пайдаланылатуғын уникал кодлы чек беретуғын онлайн ҚКМға қойылатуғын бирден-бир техникалық талапларды белгилейтуғын мәмлекетлик стандартты ислеп шықсын ҳәм нызамшылықта белгиленген тәртипте экспертизадан және мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын «Өзстандарт» агентлигине усынсын;
онлайн ҚКМға қойылатуғын бирден-бир техникалық талаплар конфигурациясы мағлыўматларының ашық-айдынлығын тәмийинлесин;
басқа да мәпдар шахсларды тартқан ҳалда, 2017-жылдың 1-декабрине шекем республикада онлайн ҚКМ ҳәм (яки) ҚКМ қурамында ислеў ушын мөлшерленген мағлыўматларды онлайн режиминде мәмлекетлик салық хызмети уйымларына жеткериў функциясына ийе болған арнаўлы қурылмалар кеңнен ислеп шығарылыўын шөлкемлестирсин;
юридикалық ҳәм физикалық шахсларға онлайн ҚКМны бөлип-бөлип төлеў шәрти менен сатып алыў имканиятын жаратсын.
- Өзбекистан Республикасы Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Шерматов Ш.Х.):
а) телекоммуникация тармақлары, соның ишинде, мобиль байланыс операторлары менен провайдерлерине ақшалай есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматларды мәмлекетлик салық хызмети уйымларына үзликсиз жеткериў хызметлери усыныўын тәмийинлесин;
б) базалық станциялар, соның ишинде, CDMA-450 технологияларын қолланған ҳалда станциялардың санын көбейтиў;
тармақлар менен, әсиресе, узақ ҳәм барыў қыйын болған елатлы пунктлерди қамтып алыў зоналарын кеңейтиў;
онлайн ҚКМдан пайдаланыўда арнаўлы тариф режелерин ислеп шығыў илажларын көрсин.
- Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети (Парпиев Б.Р.) Өзбекистан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги (Тангриев Л.Х.), Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм басқа да мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте исбилерменлик субъектлери ҳәм халық арасында усы қарардың мақсетин, мәнисин ҳәм әмелий әҳмийетин кеңнен сәўлелендириў бойынша илажлар шөлкемлестирилиўин және өткерилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети (Парпиев Б.Р.) мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте нызамшылыққа усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Министрликлер менен ведомстволар қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин усы қарарға муўапықластырсын.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Бас министрдиң орынбасары Д.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы Б.Р.Парпиевқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 29-сентябрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-сентябрьдеги «Фискаль ядлаўшы қадағалаў-касса машиналарын қолланыў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарына
ТҮСИНИК
Өзбекистан Республикасы Салық кодексиниң 72-статьясына муўапық Өзбекистан Республикасы аймағында товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде нақ ақша менен есап-санақ жүргизиў Қадағалаў-касса машиналарының мәмлекетлик реестрге киргизилген фискаль ядлаўшы қадағалаў-касса машиналарын мәжбүрий қолланған ҳалда әмелге асырылады.
Фискаль ядлаўшы қадағалаў-касса машиналарының қолланылыўы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 17-ноябрьдеги 306-санлы қарары менен тастыйықланған режелер менен тәртипке салынады.
Исбилерменлик субъектлери тәрепинен халық пенен нақ ақшада әмелге асырылған есап-санақлар ҳаққындағы мағлыўматлар қадағалаў-касса машиналарының фискаль ядында сақланады.
Ҳәзирги пайытта исбилерменлик субъектлери тәрепинен есапланатуғын салық ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлер суммасын азайтыў, нақ ақша түсимлерин банк кассаларына тапсырмастан жасырыў мақсетинде қарыйдарларға қадағалаў-касса машинасы чекин бермеў, қадағалаў-касса машинасын жарамсыз жағдайға келтириў, фискаль ядтағы мағлыўматларды қастан өзгертиў, қадағалаў-касса машиналарын жоқ етиў арқалы әмелге асырылған товар айланыслары ҳаққындағы мағлыўматлар қәлбекилестирилмекте.
Буннан тысқары, ири саўда тармақларында товарлардың есабын жүргизиў, қарыйдарларға қадағалаў-касса машинасынан чек бериў бирден-бир компьютер системасы арқалы әмелге асырылыўы себепли олардағы нақ ақша түсимлери ҳаққындағы мағлыўматлардың исенимлилиги кепилленбейди.
Нақ ақша түсимлериниң ҳақыйқый көлемин анықлаў мақсетинде мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлери оғада көп ўақыт талап етилетуғын хронометраж илажларына турақлы түрде тартылмақта.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-июльдеги «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлардың ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыўын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5116-санлы Пәрманы менен мәмлекетлик салық хызмети уйымлары системасын реформалаўдың әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында салық ҳәкимшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын ҳәм алдынғы автоматластырылған талқылаў усылларын кеңнен енгизиў, салық төлеўшилерге, бәринен бурын, исбилерменлик субъектлерине тиккелей сөйлесиўсиз электрон хызмет көрсетиўге толық өтиў белгиленген.
Усы ўазыйпалар, сондай-ақ, жоқарыдағы Пәрман менен тастыйықланған «Мәмлекетлик салық хызмети уйымларының жумысын ҳәм салық ҳәкимшилигиниң нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар бағдарламасы»ның 8-бәнтин орынлаўды тәмийинлеў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-сентябрьдеги «Фискаль ядлаўшы қадағалаў-касса машиналарын қолланыў тәртибин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.
Қарарда товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде халық пенен әмелге асырылатуғын есап-санақлар көлемин анықлаў мақсетинде 2018-жылдың 1-январынан баслап Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлардың орайларында 500 ден 1000 ға шекем болған онлайн қадағалаў-касса машиналары тәжирийбе-сынаў тәризинде әмелиятқа енгизиледи. 2018-жылдың 1-июлинен баслап усы аймақлардағы барлық юридикалық шахслар, 2018-жылдың 1-декабринен баслап барлық юридикалық ҳәм физикалық шахслар товарларды реализациялаўда, жумысларды әмелге асырыўда ҳәм хызметлер көрсетиўде халық пенен нақ ақшадағы есап-санақларды мәжбүрий тәризде тек онлайн қадағалаў-касса машиналарын қолланған ҳалда әмелге асырыў арқалы басқышпа-басқыш енгизиў нәзерде тутылған;
Онлайн қадағалаў-касса машиналарынан келип түсетуғын фискаль мағлыўматларды қабыллаў, қайта ислеў, сақлаў ҳәм Мәмлекетлик салық комитетине жөнелтиў фискаль мағлыўматлар операторы тәрепинен әмелге асырылады.
Фискаль мағлыўматлар операторы функциясын орынлайтуғын юридикалық шахс Мәмлекетлик салық комитети, Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм мәпдар министрликлер және ведомстволар менен биргеликте анықланады.
Усы қарардың қабыл етилиўи менен:
бириншиден, қарыйдарларға берилген қадағалаў-касса машиналары чеклериниң орайласқан электрон мағлыўматлар базасы жаратылады ҳәм қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланбай атырған саўда шақапшаларын онлайн режимде анықлап, тез илажлар көриў имканияты жаратылады;
екиншиден, қадағалаў-касса машиналары арқалы қарыйдарларға берилген чеклер ҳаққындағы мағлыўматларды қастан өзгертиў, түсим суммасын азайтыў, қадағалаў-касса машиналарын жоқ етиў, бузыў яки дизимнен өтпеген қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланыў, сондай-ақ, екилемши бухгалтерия жүргизиў сыяқлы жағдайларға шек қойылады;
үшиншиден, онлайн қадағалаў-касса машиналарының касса чеклериндеги санлар уникал (тәкирарланбайтуғын) болғанлығы себепли оларды қәлбекилестириўдиң алды алынады, халық пенен ақшалай есап-санақларды әмелге асырыў процесине заманагөй мәдимлеме технологияларын енгизиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи тәмийинленеди.
Сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң нақ ақша түсимине байланыслы жумысына араласыў ҳәм ҳәр қыйлы қадағалаў илажлары өткерилиўиниң азайыўына алып келеди.