Японияда жумысшы-хызметкерлерде ҳәм оқытыўшыларда руўхый шаршаў, стресстиң алдын алыў мақсетинде мектеплер менен компанияларда көз жас төгиўди үйрететуғын тренинглер шөлкемлестирилмекте ҳәм олар барған сайын ғалаба ен жаймақта.
«The Japan Times»тың жазыўынша, бундай шынығыўларды алып барып атырған орта мектептиң бурынғы муғаллими Хидефуми Ёшида өз тыңлаўшыларына көз жас төгиўдиң инсан саламатлығына унамлы тәсири, атап айтқанда жылаў жәрдеминде руўхый стрессти сапластырыў мүмкин екенин түсиндирип келеди.
Хидефуми Ёшиданың пикиринше, тәсирли фильмлер, қайғылы музыкалар ҳәм китаплардың жәрдеминде келген көз жаслар адамға күлки ямаса уйқыдан да күшлирек руўхый дем бере алады.
«The Japan Times»тың еслетиўинше, 2015-жылы күшке кирген нызам бойынша, Японияда мийнет жәмәти 50 адамнан аспаған компаниялар өзиниң жумысшы-хызметкерлерин стресс тестлеринен өткерип туратуғны мәжбүрий есапланады.
Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзА