Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Халықтың дәраматларын ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў, халықтың социаллық жақтан төмен қатламларының мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланыўын күшейтиў, сондай-ақ, мийнетине аз ҳақы төленетуғын хызметкерлердиң мийнет ҳақысы муғдарын жедел түрде арттырыўды тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2018-жылдың 1-ноябринен баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдары 1,1 есеге арттырылсын.
  2. 2018-жылдың 1-ноябринен баслап Өзбекстан Республикасы аймағында ең аз:

мийнет ҳақы-айына 202 730 сум;

жасына байланыслы пенсиялар-айына 396 500 сум;

балалықтан майыпларға берилетуғын напақа-айына 396 500 сум;

зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа-айына 243 300 сум муғдарында белгиленсин.

  1. Мийнет ҳақы ҳәм пенсияларға қосылған үстеме ҳәм қосымша ҳақылардың барлық түрлери, ең аз мийнет ҳақыға салыстырғанда компенсация және басқа да төлемлер 2018-жылдың 1-ноябринен баслап усы Пәрманда белгиленген ең аз мийнет ҳақы муғдарынан келип шыққан ҳалда әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети:

Мийнетке ҳақы төлеў бирден-бир тариф сеткасының төменги разрядлары тариф коэффициентлерин орташа 10 процентке, соның ишинде, 1-разряд бойынша  15 процентке, 2-разряд бойынша 10 процентке ҳәм 3-разряд бойынша 5 процентке арттырыў арқалы мийнетине аз ҳақы төленетуғын хызметкерлердиң мийнет ҳақы муғдарының жедел түрде арттырылыўын нәзерде тутқан ҳалда 2019-жыл 1-январьдан Мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир тариф сеткасын қайта көрип шықсын;

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан сақланатуғын шөлкемлерде бәнт болған универсал кәсиплер хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеўге байланыслы разрядларды сын көзқарастан көрип шықсын ҳәм 2019-жыл 1-январдан олардың жаңаланғанларын енгизсин;

халықаралық қаржы институтлары менен биргеликте мийнетке ҳақы төлеў муғдарының оның нәтийжелери, орынланып атырған мийнет функцияларының қурамалылығы ҳәм жуўапкершилиги менен және де тығыз байланыслылығын тәмийинлеўди нәзерде тутатуғын Бюджет шөлкемлеринде мийнетке ҳақы төлеў системасын буннан былай да жетилистириў концепциясының ислеп шығылыўын ҳәм  2019-жыл 1-сентябрьге шекемги мүддетте киргизилиўин тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер менен уйымлар, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын шөлкемлер менен биргеликте пенсиялар, стипендиялар ҳәм бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң лаўазым айлықларының муғдарын усы Пәрман қағыйдаларынан келип шыққан ҳалда өз ўақтында қайта есаплап шығыўды тәмийинлесин.
  2. Бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы, пенсиялар ҳәм стипендиялардың арттырылыўына байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Бюджеттен тысқары пенсия қорының қаржылары есабынан әмелге асырылсын.

Хожалық есабындағы кәрхана ҳәм шөлкемлерге мийнет ҳақының нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарынан кем болмаған ҳалда төлеўди тәмийинлеп, мийнет ҳақы муғдарларын ең аз мийнет ҳақыға муўапық арттырыў усыныс етилсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслерине усы Пәрманның қабыл етилиўинен соң қосымша қәрежетлерди қаплаў ушын тийисли бюджетлер параметрлерине өзгерис киргизиў ҳаққында усыныслар киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июльдеги «Мийнет ҳақы, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалардың муғдарын арттырыў ҳаққында»ғы ПП-5469-санлы Пәрманы оның 6-бәнтин есапламаған ҳалда 2018-жылдың 1-ноябринен өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүдетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ