Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Соңғы жыллары денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар пуқаралардың зманагөй медицина хызметлерине, дәри-дәрмақлар менен тәмийинлениўине болған имканиятларын кеңейтти, сондай-ақ, көрсетилип атырған медициналық жәрдемниң сапасы ҳәм нәтийжелилиги жақсыланыўына алып келди.

Аўыр ҳәм қыйын кеселликлерди емлеўде халық медицинасы үлкен әҳмийетке ийе болып табылады, тәўиплердиң хызметлерине халықтың түрли қатламларында үлкен зәрүрлик сезилмекте.

Соның менен бирге, усы тараўдағы жағдайды таллаў соны көрсетпекте, халық медицинасы бағдарында көрсетилип атырған медициналық хызметлерде қадағалаўдың жетерли дәрежеде емеслиги, сондай-ақ, халық медицинасының заманагөй медицина системасында тутқан орны ҳәм роли туўралы бир қатар сораўлар жүзеге келмекте, атап айтқанда:

бириншиден, халық медицинасы хызметлерин көрсетиўди тәртипке салатуғын нормативлик-ҳуқықый база жаратылмаған, тәўиплердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери анықланбаған, халық медицинасы усыллары менен емлейтуғын шахслар тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы және қәўипсизлиги үстинен мәмлекетлик қадағалаў әмелге асырылмай атыр;

екиншиден, халық медицинасы усыллары менен медициналық жәрдем көрсетиўшилердиң наўқаслардың саламатлығына зыян жеткергени ушын жуўапкершилик белгиленбеген, сондай-ақ, халық медицинасы ўәкиллериниң ҳуқықларын тийкарсыз араласыўлардан қорғаў кепилленбеген;

үшиншиден, кеселликлердиң алдын алыў, диагноз қойыў ҳәм емлеўде заманагөй медицина менен халық медицинасы арасындағы өз-ара бирге ислесиўди ҳәм интеграцияны басқарыўдың тәртип ҳәм механизмлери жоқ;

төртиншиден, халық медицинасы ўәкиллери, олардың тәжирийбелери менен жумыс нәтийжелери, олар көрсететуғын хызмет түрлери ҳаққында ҳәм басқа мағлдыўматларды өз ишине алатуғын халық медицинасы бойынша системаластырылған бирден-бир мағлыўматлар базасы жоқ.

Халық медицинасы жумысын тәртипке салыў, топланған тәжирийбе ҳәм потенциалдан нәтийжели пайдаланыў, бул тараўдағы нормативлик – ҳуқықый базаны қәлиплестириў ҳәм халық медицинасының усыллары менен жетискенликлеринен нәтийжели және қәўипсиз пайдаланыў ушын шараят жаратыў мақсетинде:

  1. Төмендегилер :

Халық медицинасы халыққа медициналық жәрдем көрсетиўдиң қосымша усылы сыпатында тән алынатуғыны;

халық медицинасы усылында хызмет көрсетиў бойынша жумысты лицензиялаў медициналық жумысты лицензиялаў ушын белгиленген тәғртипте (медициналық билимлендириў мағлыўматының бар екенлиги талабы буған кирмейди) әмелге асырылатуғыны;

халық медицинасы усылларынан пайджаланған ҳалда медициналық хызмет көрсететуғын шахслар өз жумысының нәтийжелери бойынша медициналық хызметкерлер ушын нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған көлемде жуўапкер болып есапланатуғыны;

медициналық хызмет көрсетиўге қойылған талаплар халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиў менен шуғылланатуғын шахсларға да қолланылатуғыны;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халық медицинасы усылларын қолланған ҳалда медициналық жумысты әмелге асырыў ушын зәрүр болған талапларды, сондай-ақ, хызмет көрсетиў көлеми менен тәртибин белгилейтуғын ўәкилликли уйым болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Халық медицинасын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары сыпатында төмендегилер атап өтилсин:

халық медицинасы тараўындағы жумысты тәртипке салыў ҳәм қадағалаўды нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый базаны қәлиплестириў ҳәм халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсететуғын шахслардың ҳуқықый статусын ҳәм олар тәрепинен көрсетилген хызметлердиң ақыбети ушын жуўапкершилигин белгилеў;

халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиўши шөлкемлер ҳәм қәнигелер, олардың жумыс тәжирийбеси, көрсететуғын хызмет түрлери ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

көрсетилип атырған медициналық хызметлердиң сапасын арттырыў ҳәм халыққа медициналық хызметтен пайдаланыўда саналы түрде таңлаў имканиятын жаратыў ушын халық медицинасының көп жыллық көнликпелерин ҳәм әмелиятта тастыйықланған унамлы жетискенликлерин заманагөй медицинаға интеграциялаў арқалы оның потенциалынан пайдаланыў;

халық медицинасы тараўында жетекши жергиликли ҳәм сырт ел мәкемелери менен саламатландырыў әмелият орайлары менен тығыз бирге ислесиў тийкарында халық медицинасы қәнигелерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын жаратыў.

  1. Өзбекстан Республикасында халық медицинасын раўажландырыўдың тийкарғы илажларының бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Өзбекстан Республикасы днсаўлықты сақлаў министри А.Қ.Шодмонов – усы Бағдарламада нәзерде тутылған барлық илажлардың өз ўақтында толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўы, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасында халық медицинасын тәртипке салыў ҳәм буннан былай да раўажландырыў бойынша;

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимов – усы қарар тийкарында министрликлер менен уйымларға жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели және зәрүр дәрежеде орынланыўын муўапықластырыў бойынша жеке   жуўапкершилиги көрсетип өтилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының:

республикалық медициналық жоқары оқыў орынларының «Емлеў иси», «Педиатрия иси», «Медициналық-педагогика иси» бакалавриат бағдарларындағы оқыўлық бағдарламаларына халық медицинасы бойынша арнаўлы оқыў циклин енгизиў;

Ташкент врачлар қәнигелигин арттырыў институтында халық медицинасы кафедрасы ҳәм «Халық медицинасы» бағдары бойынша қәнигелик арттырыў курсын шөлкемлестириў;

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанында Халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиў жумысын лицензиялаў бойынша арнаўлы комиссия шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ҳәпте мүддетте Арнаўлы комиссия қурамын қәлиплестирсин ҳәм тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Респубюликасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине халық медицинасын раўажландырыў ҳәм халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда хызмет көрсетиў жумысының мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўын тәмийинлеў шеңберинде:

халық медицинасы қәнигелерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў бойынша оқыў процесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, өзбеук халық медицинасының бай тарийхый дәстүрлерин ҳәм бийбаҳа мийрасын үйрениў, халық медицинасы бағдарларын системаластырыўда шөлкемлестириўшилик ҳәм методикалық жәрдем бойынша терең илимий изертлеўлерди шөлкемлестириў;

басқа еллердиң халық медицинасын билдиретуғын белгили шөлкемлер менен ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:

а) 2018-жыл 15-ноябрьге шекем:

мәмлекетлик билимлендириў стандартларының талаплары тийкарында халық медицинасы бойынша оқыў бағдарламасын;

халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық жумысты әмелге асырыўға мөлшерленген имаратлардың санитариялық қағыйдалары, нормалары ҳәм гигиеналық нормативлерин ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тастыйықласын;

б) 2018-жыл 1-декабрьге шекем:

халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық жумысты әмелге асырыўда қолланылатуғын әсбап-үскенелер ҳәм басқа да техникалық қураллар, соның ишинде, медициналық техникаға байланыслы минимал талапларды;

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте Халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық жумыс көрсетиў тәртиби ҳәм көлемлери ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тастыйықласын;

в) Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2018-жылдың ақырына шекем халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда медициналық хызмет көрсетиўши шөлкемлер ҳәм қәнигелер, олардың жумыс тәжирийбелери, хызмет көрсетиў түрлери, байланыс ҳәм басқа да мағлыўматларды қамтып алған бирден-бир мағлыўматлар базасын қәлиплестириўди, улыўмалық пайдаланыў ушын Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң веб-сайтына жайластырыўды, сондай-ақ, усы түрдеги шөлкемлердиң жумысын лицензиялаўдың әмелге асырылыўы менен базаны турақлы түрде жаңалап барыўды тәмийинлесин;

г) «Халық медицинасы» бағдарын медициналық жумыс әмелге асырылатуғын медициналық қәнигеликлер түрлериниң номенклатурасына киргизсин;

д) еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Пуқаралардың денсаўлығын сақлыў ҳаққында»ғы нызамына ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы қарарда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  2. Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий Телерадиокомпаниясы, Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы қарардың мақсетлери менен ўазыйпаларын жарытыў бойынша турақлы шығыўларды ҳәм усы темадағы көрсетиўлер менен еситтириўлерди шөлкемлестирсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 12-октябрь