Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Мәмлекетлик мүлктиң ҳәм мәмлекетлик үлеси болған хожалық жүргизиўши жәмийетлердиң өндирис майданлары ҳәм объектлеринен нәтийжели пайдаланыў, инвестицияларды белсене тартыў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, жаңа бәсекиге шыдамлы өндирис орынларын ҳәм киши кәрханаларды раўажландырыўды және де қоллап-куўатлаў, оларды инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасына ийе бөлек аймақларда жайластырыўды тәмийинлеў және сол тийкарда өндирис тараўында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин ҳәм абаданлығын арттырыў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Бухара ўәлаяты ҳәкимлигиниң Бухара ўәлаятында мәмлекетлик мүлктиң ҳәм мәмлекетлик үлеси болған хожалық жүргизиўши жәмийетлердиң пайдаланылмай атырған өндирис майданлары ҳәм объектлери негизинде 1-қосымшаға муўапық дизим бойынша киши санаат зоналарын (кейинги орынларда-КСЗ деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети мәпдар мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары менен биргеликте бир ай мүддетте пайдаланылмай атырған тийисли өндирис майданлары және мәмлекет мүлки объектлериниң Бухара ўәлаяты ҳәкимлигине белгиленген тәртипте өткерилиўин, сондай-ақ, мәмлекетлик үлеси болған хожалық жүргизиўши жәмийетлердиң басқарыў уйымларының мәжилислеринде пайдаланылмай атырған өндирис майданларын ҳәм объектлерди олардың устав қорларындағы мәмлекетлик үлесин ҳәм хожалық басқарыўы уйымларының үлесин тийисли рәўиште өткерилип атырған активлердиң қалдық (баланс) қуны суммасына азайтқан ҳалда, усы қарардың 1-қосымшасына муўапық Бухара ўәлаяты ҳәкимлигине тапсырыў мәселеси көрип шығылыўын тәмийинлесин.
- КСЗ аймағындағы мәмлекетлик көшпес мүлки исбилерменлик субъектлерине бизнес режелерди орынлаў, жумыс орынларын жаратыў ҳәм сақлап қалыў, барлық түрдеги салықлар ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлерди өз ўақтында төлеў шәрти менен кейин ала мүлк ҳуқықы берилген ҳалда 10 жылға узақ мүддетли ижараға берилетуғыны;
КСЗ аймағындағы көшпес мәмлекетлик мүлктен ижара дәўиринде пайдаланыў ушын ижараға алынған майданда әмелге асырылып атырған жумыс түринен келип шыққан ҳалда, артып баратуғын коэффициентти қолланбай ижара төлеминиң ең кем ставкасы белгиленетуғыны;
КСЗ қатнасыўшыларына инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын жер участкаларын бериў ҳаққындағы қарарлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 25-октябрьдеги «Еркин экономикалық зоналар ҳәм киши санаат зоналарының жумыс нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» ғы ПҚ-3356-санлы қарары менен шөлкемлестирилген Бухара ўәлаяты еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының ҳәкимшилик кеңеси тәрепинен қабыл етилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Бухара ўәлаяты еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының ҳәкимшилик кеңеси бир ай мүддетте:
усы қарардың 1-қосымшасында көрсетилген КСЗ жумысын шөлкемлестириў ҳаққында қарарлар қабыл етсин;
Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын мәмлекетлик унитар кәрханасы түринде бирден-бир КСЗ дирекциясын шөлкемлестирсин.
- КСЗ дирекциясы ҳәм қатнасыўшыларына 2020-жылдың 1-ноябрине шекем олар ийелеп турған майданнан келип шыққан ҳалда есапланатуғын жер салығының белгиленген ең аз муғдары-үш еседен кем болмаған бирден-бир салық төлеми бойынша нызамшылықта нәзерде тутылған талаплар енгизилмейтуғыны белгиленсин.
- Бухара ўәлаяты киши санаат зоналары ҳәм «Бухаратехнопарк» МУК инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис структурасын қайта тиклеў жумысларының мәнзилли дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Бухара ўәлаяты еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары ҳәкимшилик кеңесиниң тийкарланған есап-санақлары бойынша усы қарардың 2-қосымшасына муўапық бөлиниў шегарасына шекем Бухара ўәлаяты КСЗ ҳәм «Бухаратехнопарк» МУК инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын қайта тиклеў жумысларын орынлаў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржылар ажыратсын.
Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги, Автомобиль жоллары мәмлекетлик комитети, «Өзбекэнерго» АЖ, «Өзтрансгаз» АЖ, Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги бир ай мүддетте усы қарардың 2-қосымшасына муўапық Бухара ўәлаяты КСЗ ҳәм «Бухаратехнопарк» МУК инженерлик-коммуникация ҳәм өндирис инфраструктурасын қайта тиклеў жумысларын әмелге асырыў ушын тармақ кестелерин тастыйықласын ҳәм олардың сөзсиз орынланыўын тәмийинлесин.
- Бухара ўәлаяты еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының ҳәкимшилик кеңеси Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги, Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте:
еки ай мүддетте Бухара ўәлаяты экономикасының талаплары, сондай-ақ, бар минерал-шийки зат, аўыл хожалығы ресурсларын ҳәм инфраструктурасын есапқа алған ҳалда КСЗ аймағында таяр өнимлер, материаллар ҳәм комплектлеўши буйымлардың импорттын орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған түрлерин ислеп шығарыў кәрханаларын жайластырыў бойынша анық усыныслар-«жол карталары» ислеп шығылыўын тәмийинлесин;
КСЗ аймағында өзлестириў ушын усынылып атырған таяр өнимлер, материаллар ҳәм комплектлеўши буйымлардың импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған түрлери ҳаққындағы мағлыўматларды исбилерменлик субъектлерине жеткерсин;
КСЗ аймағында жойбарларды әмелге асырыўға исбилерменлик субъектлерин тартыў, олар менен системалы жумыслар алып барыў, сондай-ақ, КСЗ аймағында өндиристи жайластырыў бойынша инвестициялық буйыртпалардың сапалы және өз ўақтында көрип шығылыўын тәмийинлесин;
Исбилерменлик субъектлерине КСЗ аймағында өндиристи шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарлардың бизнес-режелерин ислеп шығыўда жәрдем берсин.
Әмелге асырылған илажлардың нәтийжеси ҳәм нәтийжелилиги ҳаққында 2018-жыл 15-ноябрь ҳәм 2019-жыл 15-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети, Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети ҳәм Экономика министрлиги үш ҳәпте мүддетте КСЗ аймағында әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жанындағы киши санаат зоналарын басқарыў бойынша дирекциялардың ўәкилликлерин кеңейтиў ҳәм жуўапкершилигин күшейтиўге байланыслы усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары-«Өзбекстан темир жоллары» АЖ басқармасы баслығы А.Ж.Раматовқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары-Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмурадовқа, экономика министри Б.А.Ходжаевқа ҳәм Бухара ўәлаяты ҳәкими Ў.И.Барноевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018-жыл 11-октябрь