Уллы Британияда өз жанына қаст етиў жағдайларын сапластырыў бойынша министр лаўазымы енгизилди.

Бул лаўазымға жаңа министр сыпатында Жаклин Дойл-Прайс тайынланды. Мәмлекет бас министри Тереза Мэйдиң жаңа министрди тайынлағаны Бирлескен патшалық ҳүкиметиниң сайтында жәрияланған.

Атап өтилиўинше, «Samaritans» қайырқомлық шөлкеми тәрепинен мәмлекеттеги стресске түсип, өлим ҳаққында ойлай беретуғын пуқараларға бул жағдайдан шығып кетиўи ушын жәрдем сыпатында 1,8 миллион фунт қаржы ажыратылады.

Еслетип өтемиз, бурынырақ Британия ҳүкиметинде жалғызлық машқалалары бойынша Трейси Крауч министр болғаны айтылған еди.

ӨзА