Жекпе-жек гүреси бойынша белгили спортшы Конор МакГрегор россиялы Ҳабиб Нурмагомедов пенен өткерилген жекпе-жектен кей ин бир айға жарыслардан шетлетилди.

Daily Mail басылымының хабар бериўинше, шыпакерлер ирландиялы спортшыға 6-ноябрьге шекем рингке шығыўды қадағалап қойған. Атап өтилиўинше, МакГрегор бунысыз да жақын бир ай ишинде жекпе-жек өткериўди жобаластырмаған.

МакГрегордың Нурмагомедов пенен жекпе-жегинен кейинги жәнжелдеги ҳәрекетлеринде қағыйда бузыў жағдайлары анықланса, ол узақ мүддетке шетлетилиўи де мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги