2004-2008-жыллары туўылған қәбилетли 22 жас футболшы усы жылдың 28-сентябрь ҳәм 7-октябрь күнлери аралығында Мадридтиң «Реал» командасының академиясында болып, мастер-класс шынығыўларына қатнасып қайтты.
Өзбекстан Футбол федерациясы менен клуб академиясы арасында бирге ислесиў бойынша дүзилген шәртнамаға муўапық Испанияның жетекши командасының қәнигелери усы жыл июнь айында елимизде болып, Ташкент қаласы, ўәлаятлар ҳәм Қарақалпақстаннан келген 300 жас футболшыны көзден өткерди. Олардың арасынан қәбилетли деп табылған 22 жас футболшы клуб академиясына таңлап алынды. Бир қуўанышлы, олардың арасында бизиң жерлесимиз Бегис Қуўанышбаев та бар.
Б.Қуўанышбаев 2007-жылы Қараөзек районында туўылған. Райондағы 2–санлы улыўма билим бериў мектебинде оқыды. Оның футболға болған қызығыўшылығы райондағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине алып келип, бул жерде биринши тренери Қуўандық Фазылбековтың басшылығында шуғыллана баслады. Көплеген жарысларға қатнасты. Өткен жылы Қарақалпақстан Футбол федерациясының кубогы ушын өткерилген жарыста жеңимпаз болды.
Быйыл жаңадан ашылған Қарақалпақстан Республикасы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясына қабыл етилди. Бүгинги күни устазы Қаржаўбай Ибадуллаевтың басшылығында футбол сырларын үйренип атыр. Сонша балалардың арасынан қараөзекли жас футболшының испаниялы қәнигелердиң нәзерине түсиўи, оның келешегинен үлкен үмит күттиреди.
Өткен дүйшемби күни Нөкис темир жол вокзалында жас футболшы күтип алынды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери, Қарақалпақстан Футбол федерациясының, Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының ўәкиллери, ата-анасы ҳәм устазлары қатнасты.
-Академияда ҳәр күни еки мәрте шынығыўларға қатнасып, көп нәрселерди үйрендик,-дейди Бегис Қуўанышбаев.-Испаниялы тренерлер ҳүжимнен қорғаныўға өтиў, топ алдырылғанда тезлик пенен қорғаныўға қайтыў сыяқлы техникалық-тактикалық шынығыўлар өткерди. Мадридтиң «Реал» командасының тарийхы, жетискенликлери, Академияның оқытыў усыллары менен жақыннан таныстық. Бул мениң өмиримде умытылмас мәўритлердиң бири болып қалады. Аргентиналы Месси, португалиялы Рональдуларға усыған футболшы болыўды әрман етемен.
Биз де өз гезегинде оған келешекте белгили футболшы болып жетилисиўин тилеп қаламыз.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.