8-13-октябрь күнлери аралығында республикамызда «Ҳаял-қызлар спорт ҳәптелиги» шеңберинде ғалаба спорт жарыслары өткерилген.

Ҳәптеликти өткериўдеги тийкарғы мақсет –  Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 20-сентябрь күни өткерилген мәжилис баянламасында көрсетилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўден ибарат.

Спорт ҳәптелигинде қала ҳәм район ҳәкимликлери, ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамының қалалық ҳәм районлық бөлимлери, спорт бөлимлери, балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери, халық билимлендириў бөлимлери, кәсип өнер колледжлери,  ишки ислер бөлимлери, медицина бирлеспелери, мәденият бөлимлери ўәкиллери, телехабаршылар қатнасады.

Ҳәптелик шеңбериндеги ғалаба спорт жарысларында спортшы ҳаял-қызлар спорттың гандбол, баскетбол, стол тенниси, бадминтон, гимнастика (көркем ҳәм спорт гимнастикасы, акробатика, гимнастрада), жүзиў, волейбол, шахмат-шашка, саламатландырыў гимнастикасы түрлери бойынша өз-ара күш сынасады.

8-октябрь күни спорттың гандбол түринен, ал 9-октябрь күни спорттың баскетбол, стол тенниси, бадминтон түрлери бойынша жарыслар үлкен көтериңкилик руўхында өткерилди.

Бундай илажлар республикамыздың барлық районларында өткерилмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы