Россиялы спортшы ҳәзирги клубы «Қайрат» ҳаққында китап жазбақта. Бул ҳаққында қазақстанлы журналист Талғат Қалиев мәлим етпекте.
Хабарға бола, китап «Қайрат»тың ҳәзирги жәмәәти ҳаққында.
2016-жылдан берли Қазақстан клубында топ теўип киятырған Андрей Аршавин усы мәўсимде жәмәәти менен 27 ушырасыў өткерген болса, соннан 9 голь урыў имканиятына ийе болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги