Лас-Вегаста UFC’тың еки салмақ категориясындағы экс чемпионы ирландиялы Конор Макгрегор ҳәм шөлкемниң жеңил салмақ категориясындағы чемпионы россиялы Ҳабиб Нурмагомедов арасында UFC 229 беллесиўинде россиялы спортшы жеңиске еристи.
Жыйналғанлардың көпшилиги Конорды қоллап-қуўатлап атырған ўақытта «The Foggy Dew» қосық намалары астында ирландиялы спортшы биринши кирип келди, Нурмагомедов болса «Мой Дагистан» қосығы менен екинши болып келди.
Жекпе-жек басланды. Биринши раундта тәреплер бир-бирин бақлай баслады. Жыйналғанлар бәлент ҳаўазда бақырып, ысқырыў ҳәм шақырықлар менен спортшыларды қоллап-қуўатлаўды даўам етти. Екинши раундта Ҳабиб өзине тән усыллары менен избе-из соққылар берип, Конорды қыйнады ҳәм соннан кейин ирландиялы спортшыдан қан аға баслады.
Үшинши раундта да Нурмагомедов белсендиликти қолдан бермеди.
Төртинши раундта еки тәреп арасында соққылар алмасыўы даўам етти. Нурмагомедов Макгрегорды буўып алды ҳәм ирландиялы спортшы тәслим болып, Ҳабиб дәрҳал октагоннан сыртқа шығып кетти.
Нурмагомедов Конордың шериклеринен бирине тасланды. Ал, Нурмагомедовтың шериклери октагон ишине кирип, Конорға избе-из соққы бере баслады. Өз гезегинде Конор да бос келмеди. Ўақыяға полицияшылар менен сақшылар араласты.
Жеңил салмақ категориясында чемпионлық белбеўин сақлап қалғаны менен белбеўди салтанатлы тапсырыў мәресими болмады.
Еслетип өтемиз, Нурмагомедовтың карьерасындағы 27 жекпе-жек болса, оның 27-жеңиси болды. 24 мәрте жеңиске ерискен Макгрегор төртинши мәрте жеңилди.
Ҳабиб ортаға шығып надурыс ис-ҳәрекетлериниң себеплерин түсиндириўге ҳәрекет етип, кеширим сорады.
UFC басшысы Дэйн Уайт Нурмагомедовқа Макгрегордың жанкүйерлери алдында белбеўди тапсыра алмайтуғынын түсиндирди. Және жәнжелдиң алдын алыў мақсетинде еки спортшыны трибуна астына алып өтип кетти.
Белбеў салтанатлы тапсырылмаса да Нурмагомедов жеңимпаз деп жәрияланды.
Россиялы спортшыны енди жәрийма ҳәм санкциялар күтип турғаны айтылмақта.
Нурлыбек Жамалов,
Қарақалпақ мәмлекетлик университети
Журналистика тәлим бағдарының
4-курс студенти