Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Өзбекстан Республикасында сайлаў процесин буннан былай да жетилистириўдиң ең әҳмийетли бағдарларынан бири заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў болып есапланады.

Бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар шеңберинде Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин (кейинги орынларда СБЭД деп аталады) енгизиўге қаратылған Сайлаў процесин басқарыў информация системасын жаратыў және оны қәлиплестириў ҳәм оннан пайдаланыўда уйымлараралық бирге ислесиў тәртибин регламентлеўге байланыслы илажлар әмелге асырылды.

Сайлаў процесин басқарыў информациялық системаның эксперимент тәртибинде 2017-жыл декабрь айында Ташкент қалалық халық депутатлары районлық Кеңеслерине сайлаў даўамында сынақтан өткерилди ҳәм сырт елли ҳәм жергиликли экспертлер тәрепинен унамлы баҳаланды.

Соның менен бирге, өткерилген таллаў сайлаў процесине СБЭДти толық енгизиўди тәмийинлеўге унамсыз тәсир көрсетип атырған бир қатар системалы машқалалар менен кемшиликлердиң бар екенлигин көрсетти, атап айтқанда:

бириншиден, республикалық көлемде СБЭДтен пайдаланыў әмелиятының жоқ екенлиги бир сайлаўшының бир ўақыттың өзинде бир неше дизимлерге киргизилиўине алып келмекте ҳәм «бир сайлаўшы – бир даўыс» принципине толық әмел етилиўин тәмийинлемей атыр;

екиншиден, сайлаўшы – пуқаралардың турақлы ўақтынша жасаў орынларының мәнзиллери ҳаққында ҳақыйқый болмаған мәлимлеме пуқараларды тийисли сайлаўшылардың дизимлерине автоматикалық киргизиўде анықлықты тәмийинлеў имканиятын бермей атыр;

үшиншиден,  Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестриниң жоқ екенлиги, сондай-ақ, көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестриндеги гөнерген ҳәм мәпдар уйымлар тәрепинен пайдаланылмайтуғын мәлимлеме сайлаўшыларды участкалар бойынша бөлистириў процесин автоматластырыўға тосқынлық етпекте;

төртиншиден,  сайлаў участкаларының заманагөй компьютер үскенелери менен тәмийинлениўи ҳәм олардың интернет тармағына жалғаныў дәрежеси төменлигинше қалып атырғаны сайлаў процесинде мәлимлеме-коммуникация технологияларының имканиятларынан толық пайдаланыў мүмкиншилигин бермей атыр;

бесиншиден, орынлардағы сайлаў комиссиялары ағзаларының мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўға байланыслы билим ҳәм көнликпелери дәрежесиниң төменлиги сайлаў процесин санластырыўда ҳәм автоматластырыўда қыйыншылық пайда етпекте.

Сайлаў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиўди тәмийинлеў, сондай-ақ. Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм СБЭДтен нәтийжели пайдаланыў ушын зәрүр аппарат-бағдарламалық инфраструктураны жаратыў мақсетинде:

  1. Орайлық сайлаў комиссиясы, Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң елимиздиң пүткил аймағында сайлаў процесине Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм СБЭДтен пайдаланыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. СБЭДти қәлиплестириўде Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар мәлимлеме базасына, Көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестри ҳәм Көшпес мүлк объектлериниң мәнзиллери бирден-бир реестрине муўапық сайлаўшы-пуқаралар, олардың турақлы ҳәм ўақтынша жасаў орынларының мәнзиллери ҳаққындағы бирден-бир мәлимлемеден пайдаланатуғыны белгилеп қойылсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы елимиздиң пүткил аймағында Сайлаў процесин басқарыўдың мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм СБЭДтен пайдаланыў бойынша ислерге улыўмалық басшылықты ҳәм муўапықластырыўды әмелге асыратуғыны;

Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасын енгизиў ҳәм СБЭДтен пайдаланыўда бирден-бир технологиялық қатнасты, сондай-ақ, олардың аймақларда нәтийжели ислесиўин тәмийинлейтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестри ҳәм көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестрин жүргизиў ушын жуўапкер уйым болып есапланатуғыны;

«UNICON.UZ» – «Илим-техника ҳәм маркетинг изертлеўлери» МУК Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасын жаратыў, және де жетилистириў ҳәм оған техникалық хызмет көрсетиў жумысларын әмелге асыратуғыны, сондай-ақ, оның нәтийжели ҳәм үзликсиз ислеўин тәмийинлейтуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Бас прокуратура, Мәмлекетлик салық комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте:

пуқараларды үйме-үй жүрип үйрениў арқалы олардың паспорт мағлыўматларын көшпес мүлк объектиниң кадастр санына байланыстырған ҳалда Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар мәлимлеме базасындағы пуқаралардың турақлы ҳәм ўақтынша жасаў орынларының мәнзиллери ҳаққындағы мәлимлемени толық глобалластырыўды өткериўди;

районлар (қалалар) ҳәм аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў секторларының басшыларын үйме-үй жүрип үйрениўди шөлкемлестириўге тартыўды;

Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте пуқаралардың паспорт мағлыўматларын көшпес мүлк объектиниң кадастр санына байланыстырған ҳалда Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар мәлимлеме базасын Көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестрине ҳәм Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестрине муўапықластырылыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети Ишки ислер министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте 2019-жыл 1-апрельге шекемги мүддетте көшпес мүлк объектлерин хатлаўдан өткерсин ҳәм хатлаў нәтийжелерине бола Көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестрин ҳәм Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестрин қәлиплестириў процесин жуўмақласын.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери усы қарардың 4-бәнтине муўапық үйме-үй жүрип үйрениў нәтийжесинде топланған мәлимлемени Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар мәлимлеме базасына киргизиў ушын компьютер үскенелери менен тәмийинленген зәрүр бөлмелер менен хызметкерлерди ажыратсын.
  3. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң талапнамаларына бола усы қарардың 4-бәнтине муўапық үйме-үй жүрип үйрениў нәтийжесинде топланған мәлимлемени  Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар мәлимлеме базасына киргизиў ушын ажыратылған бөлмелердиң белгиленген тәртипте мағлыўматлар жибериў тармақларына жалғаныўын тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестри ҳәм Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестриниң «Электрон ҳүкимет» системасына интеграцияласыўын тәмийинлесин;

Сайлаў участкасын анықластырыў ҳәм оны өзгертиў имканиятын усыныў бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўди есапқа алған ҳалда Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасының «Электрон ҳүкимет» системасына интеграцияласыўын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2018-2019-жыллары сайлаў комиссияларының ўәкиллерин Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасы, соның ишинде, СБЭД пенен ислесиў көнликпелерине оқытыўды тәмийинлесин.
  2. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириў ҳәм оннан пайдаланыў системасын және де жетилистириў илажларының бағдарламасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Төмендегилер қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

көшпес мүлк объектлерин хатлаўдан өткериўди және Көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестрин ҳәм Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестрин қәлиплестириў бойынша – 20 проценти Жер қатнасықлары ҳәм мәмлекетлик кадастрды раўажландырыў қорының қаржылары, 80 проценти Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң мағлыўматлар мәлимлеме базасын модернизациялаў бойынша, министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары;

бөлмелерди усы қарардың 4 ҳәм 7-бәнтлерине муўапық мағлыўматлар жибериў тармақларына жалғаў бойынша – Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары.

  1. Төмендегилерге:

Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри П.Р.Бобожоновқапуқараларды үйме-үй жүрип үйрениў арқалы олардың паспорт мағлыўматларын көшпес мүлк объектиниң кадастр санына байланыстырған ҳалда Ишки ислер министрлигиниң мәлимлеме базасындағы пуқаралардың турақлы ҳәм ўақтынша жасаў орынларының мәнзиллери ҳаққындағы мәлимлемениң толық глобалластырылыўы ушын;

Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.Х.Абдуллаевқа – көшпес мүлк объектлериниң толық хатлаўдан өткерилиўи және Көшпес мүлк объектлериниң бирден-бир реестри ҳәм Көшпес мүлк объектлери мәнзиллериниң бирден-бир реестрин қәлиплестириў бойынша жумыслардың жуўмақланыўы ушын;

Өзбекстан Республикасы мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Содиқовқа – Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасының және де жетилистирилиўи ҳәм толық ислеўи, сондай-ақ, сайлаў комиссияларының сайлаў ўақтында мағлыўматлар жибериў тармақларына үзликсиз жалғаныўын тәмийинлеў ушын;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине  – пуқаралардың жасаў орынларының мәнзиллери ҳаққындағы мәлимлемени глобалластырыў ҳәм сайлаў ўақтында сайлаў комиссияларының Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасынан нәтийжели пайдаланыўы ушын зәрүр бөлмелер, заманагөй үскенелер ҳәм хызметкерлер усынылыўы ушын;

Өзбекстан Республикасы орайлық сайлаў комиссиясының баслығы М.Э.Абдусаломовқа –сайлаў комиссияларының ўәкиллерин Сайлаў процесин басқарыў мәлимлеме системасы менен ислесиў көнликпелерине оқытыў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың оларға сайлаў процесине СБЭДти енгизиў ушын зәрүр шараятларды жаратыўға байланыслы жүкленген миннетлемелериниң орынланыўы үстинен тәсирли қадағалаўды әмелге асырыў ушын жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-апрельдеги «Мәмлекетлик хызметилерди көрсетиў системасын жедел раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-3662-санлы қарарының 8-бәнти өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М.Мавлоновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                    Ш.М.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 4-октябрь