Өзбекстан Республикасы Президентиниң 20-сентябрь күни өткерилген «Дене тәрбиясы ҳәм спорт тараўын және де раўажландырыў бойынша алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында»ғы мәжилис протоколы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында усы жылдың 1-6-октябрь күнлери «Жаслар спорт ҳәптелиги» деп жәрияланды.
Ҳәптелик шеңберинде институтта оқып атырған барлық студент-жаслар, соның менен бирге, профессор-оқытыўшылар ҳәм инженер-техник хызметкерлерди ғалаба түрде спортқа тартыў, олар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў мақсетинде әмелге асырылатуғын спорт және саламатлық илажлары жобасы ислеп шығылды.
Жоба тийкарында 1-6-октябрь күнлери аралығында институт студентлер турақ жайы, барлық факультетлер ҳәм олардағы спорт майданшалары менен залларында шахмат-шашка, гимнастика (көркем гимнастика), спорт ойынлары (мини футбол, волейбол, стол тенниси, бадминтон, улыўма физикалық шынығыўлар (турникте тартыныў, брустта силкиниў), миллий ҳәм басқа да спорт түрлери бойынша институт ҳәм факультетлер көлеминде спорт жарыслары шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, ҳәптелик шеңберинде ҳәр күни студентлер турақ жайында 7:00 – 7:30 аралығында, және де ҳәр бир академиялық топарларда 8:30 – 8:35 аралығында жеңил физикалық шынығыўлар әмелге асырылыўы белгиленген.
Саламат турмыс тәризин ғалаба үгит-нәсиятлаў мақсетинде денсаўлықты сақлаў ҳәм спорт тараўында үлкен табысларды қолға киргизген қәнигелер менен ушырасыўлар, дөңгелек стол әтирапындағы сәўбетлесиўлерди өткериў белгиленген.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.