Усы жылдың 29 ҳәм 30-сентябрь күнлери аралығында Франция пайтахты Парижде спорт гимнастикасы бойынша болып өткен жәҳән кубогинде белгили спортшы Оксана Чусовитина таянып секириў шынығыўында ең жоқары баллды қолға киргизип, жеңимпаз болды,-деп жазады «Турон-24».
Екинши орынды канадалы, үшинши орынды словениялы спортшы ийеледи.
Жәҳән кубогинде дүньяның 20 мәмлекетинен 40 тан аслам спортшы қатнасты. Жарыс 2020-жылы Токиода болып өтетуғын Олимпиадаға рейтинг упайларын да берди.
Еслетип өтемиз, 43 жасар Оксана Барселонадағы Олимпиадада алтын, Пекиндеги Олимпиадада гүмис медаллары менен сыйлықланған еди. Буннан тысқары, үш мәрте жәҳән чемпионы ҳәм вице чемпионы, төрт мәрте жәҳән чемпионатының бронза медалы ийеси, Азия ойынларында еки мәртеден алтын ҳәм қола, төрт мәртте гүмис медальларын қолға киргизген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.