Ҳүрметли устазлар!

Қәдирли дослар!

Сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда өзиниң өмирин жас әўлад тәрбиясындай абырайлы жумысқа бағышлаған барлық ўатанласларымызды 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни менен қызғын қутлықлайман.

Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлонийдиң «Инсан ақыл-ойының қуўаты ҳәм кеңлиги бәринен бурын муғаллимниң тәрбиясына байланыслы» деген сөзлери сизлердиң машақатлы, соның менен бирге, уллы ислериңизге берилген жоқары баҳа болып есапланады, десек, алжаспаған боламыз, деп ойлайман.

Шынында да, биз өзимиздеги барлық пазыйлетлеримиз, турмыста ерисип атырған барлық табысларымыз ушын сиз, әзизлерден өмиринше қарыздармыз.

Усы қутлы әййямда сизлердиң ҳүрметиңизге ең сулыў сөзлеримизди, жақсы тилеклеримизди билдирер екенбиз, барлығымыздың камал табыўымыз, жәмийетте мүнәсип орын ийелеўимизде бар билимин ҳәм тәжирийбесин, жүрек меҳирин бағышлап киятырған әдиўли устазларымызға шын жүректен меннетдаршылық билдиремиз.

Ҳүрметли дослар!

Барлығымыз жақсы түсинемиз, тәлим-тәрбия ҳәр бир мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң тек ғана бүгинги емес, ал ертеңги күнин де шешетуғын ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы мәселе болып есапланады.

Соның ушын елимизде бул мәселеге мәмлекетлик көлемде үлкен итибар қаратылмақта.

Бул ҳаққында сөз еткенде, соңғы ўақытта елимизде тәлим-тәрбия системасын пүткиллей жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғын бир неше әҳмийетли қарарларға айрықша тоқтап өтиўди орынлы, деп билемен.

Бәринен бурын 2017-жыл 30-сентябрьде қабыл етилген Президент қарарына муўапық елимизде биринши мәрте Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги шөлкемлестирилди. Сол тийкарда өткен қысқа дәўирде бул система түп-тийкарынан жаңа тийкарда шөлкемлестирилгени, 980 нен аслам бақша қурылып, иске түсирилгени, бул дәргайларда тәлим-тәрбия жумыслары мазмун ҳәм сапа жағынан ең алдынғы усыллар ҳәм қураллардың жәрдеминде алып барылып атырғанын атап өтиў зәрүр.

Және бир әҳмийетли ҳүжжет – 2018-жыл 14-августта қабыл етилген Президент қарарына бола баслаўыш ҳәм жоқары класс муғаллимлериниң айлықлары теңлестирилди, жаңа жылдан баслап қәниге муғаллимлердиң арттырылған айлық мийнет ҳақысының муғдары 54 процентке, жоқары категориялы педагоглардики болса 64 процентке жететуғыны нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, педагог хызметкерлерди жаңа үлгидеги арзан турақ жайлар, автотранспорт қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде узақ мүддетли жеңиллетилген кредитлер бериў, олардың шаңарақ ағзаларына исбилерменлик жумысы ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў системасы жолға қойылды.

Мине усы жумыслардың даўамы сыпатында быйыл  5-сентябрьде қабыл етилген  «Халық билимлендириўин басқарыў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент пәрманы тараўдың раўажланыўында жаңа жолларды ашып береди, деп ойлайман.

Пәрманда, соның ишинде, халық билимлендириў мәкемелерин басқарыў системасын жетилистириў, материаллық-техникалық ҳәм оқыў-методикалық базасын беккемлеў, мәмлекетлик емес улыўма билимлендириў орынлары тармағын буннан былай да раўажландырыў, «Заманагөй мектеп» мәмлекетлик бағдарламасын таярлаў, ислеп атырған пенсионер муғаллимлерге пенсияларын толық муғдарда төлеў сыяқлы мәселелер анық белгилеп қойылғанынан сизлер, әлбетте, хабардарсыз.

Елимизде жоқары билимлендириў системасын раўажландырыўға да үлкен әҳмийет берилмекте. Жаңа жоқары оқыў орынлары менен бирге сырт елдеги университетлердиң филиаллары ашылмақта, жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыллаў квоталары арттырылмақта, көплеген бағдарлар бойынша сыртқы  бөлимлер жумыс ислеп атырғанын атап өтиў орынлы.

Булардың барлығы тәлим-тәрбия процесслериниң сапасын ҳәм дәрежесин заман талаплары тийкарында түп-тийкарынан жақсылаў, пидайы устазларымыз, усы тараўда жумыс ислеп атырған барлық зәбердес инсанлар ушын мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў, олардың қәдир-қымбатын жоқарылатыўға қаратылғаны менен әҳмийетли.

Елимизде быйылғы жылдың Инвестициялық бағдарламасы шеңберинде 356 билимлендириў мәкемесинде 684 миллиард 700 миллион сумлық, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары бойынша болса 371 улыўма билим бериў мектебинде 424 миллиард сумнан аслам қурылыс-реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул ҳаққында сөз болғанда, усы жылдың август айына шекем мәмлекетлик бюджеттен 12 триллион 366 миллиард сум ямаса жалпы қәрежетлердиң 26 процентинен асламы, мине, усы тәлим-тәрбия тараўына бағдарланғанын есапқа алатуғын болсақ, усы системадағы реформаларымыздың көлеми және де анық болады.

Әлбетте, елимизде әмелге асырылып атырған, мине, усындай жумыслардың әмелий тәсирин ҳәм нәтийжелилигин тәмийинлеўде муғаллим ҳәм устазлардың орны менен роли шексиз екенин ҳәммемиз жақсы түсинемиз.

Соның ушын да жасларды миллий ҳәм улыўмахалықлық қәдриятлар руўхында, заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерди пуқта ийелеген, Ўатанымызға ҳәм халқымызға садық инсанлар етип тәрбиялаўда бәринен бурын сизлерге сүйенемиз.

Әсиресе, пүткил дүньяда қурамалы ҳәм қәўип-қәтерли жағдай ҳүким сүрип атырған ҳәзирги ўақытта жаслардың турмысына қәўип салып атырған қәўип-қәтерлердиң алдын алыў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиўде сизлердиң ибратлы жумысыңыз үлкен әҳмийетке ийе.

Бул бағдардағы оғада жуўапкершиликли ўазыйпалар сизлерден өз үстиңизде тынымсыз ислеў, перзентлеримизди жаңа ақыл-ой, жоқары адамгершилик сезимлери менен дос етиў, оларда бийғәрез ҳәм дөретиўшилик пикирлеў қәбилетин үзликсиз раўажландырып барыўды талап етпекте.

Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, Ўатанымыздың ҳәр бир перзентин өз баласындай сүйип, ардақлап, оларды бәркамал инсанлар етип тәрбиялаў ушын шын кеўилден мийнет етип атырған сиз, ҳүрметли Өзбекстан муғаллимлери ҳәм устазлары бул ўазыйпаларды, әлбетте, мақтаныш пенен орынлайсыз, деп исенемен.

Бул жолда сизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлаў, барлық зәрүр шараятларды жаратып бериў ушын мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиз өзиниң бар күш ҳәм имканиятларын буннан былай да аямайды.

Әзиз ҳәм ҳүрметли устазлар!

Барлығыңызды улыўмахалықлық байрам менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Уллы мәртебели ҳәм жуўапкерли жумысыңызда күш-ғайрат, табыс ҳәм әўметлер, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, аўызбиршилик тилеймен.

Ҳеш қашан кем болмаң, меҳрибан устазлар!

Шавкат МИРЗИЁЕВ

Өзбекстан Республикасы Президенти