Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамының нәтийжели орынланыўын, мәмлекетлик буйыртпашылар жумысының үзликсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўды тәртипке салыўды жетилистириў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамының әмел етиўи:

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге муўапық мәмлекетлик сатып алыўлардың стратегиялық субъектлери әмелге асыратуғын мәмлекетлик сатып алыўларға, раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламаларын, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметлик қарарларында нәзерде тутылған жойбарларды жүзеге шығарыўда әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўлар буған кирмейди;

мәмлекет тәрепинен қорғалыўы зәрүр болған шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы  қорғаныў қәбилетин, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ишки тәртипти сақлаў ушын әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўларға, сондай-ақ, мәмлекетлик сырлар менен байланыслы болған мәмлекетлик сатып алыўларға;

айрықша жағдайлар жүз берген жағдайларда Өзбекстан Республикасының зәрүрликлерин тәмийинлеў ушын зәрүр болған товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўларға;

егер донор мәмлекетлердиң, тийисли халықаралық, ҳүкиметке қараслы болған ҳәм ҳүкиметке қараслы болмаған сырт ел шөлкемлериниң тәртип-қағыйдаларында ямаса Өзбекстан Республикасының кепиллиги астында сырт ел кредитлерин ҳәм сырт ел грантларын бериў шәртлеринде товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатып алыўдың басқаша тәртиби белгиленген болса;

Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў, Өзбекстан Республикасы  Олий Мажлиси, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслери сайлаўына, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының референдумларына таярлық көриў және оларды өткериў ушын әмелге асырылатуғын мәмлекетлик сатып алыўларына;

суд додалаўларына қатнасыў ушын адвокат (ўәкил) тайынланыўына байланыслы мәмлекетлик сатып алыўларға;

баҳаларды нызам ҳүжжетлерине муўапық қатаң белгиленген товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыўлары ушын қолланылмайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

2: Товарлар (жумыслар, хызметлер)дың мәмлекетлик сатып алыныўы:

а) сатып алыў комиссиялары тәрепинен баҳаланатуғын ең жақсы усынысларды сайлап алыў жолы менен:

мәмлекет тәрепинен қорғалыўы зәрүр болған шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасында қорғаныў қәбилетин, қәўипсизликти тәмиийнлеў ҳәм ишки тәртипти сақлаў ушын, сондай-ақ, мәмлекетлик сырлар менен байланыслы болған жағдайларда;

Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаўға, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, халық депутаталры ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўларға, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы ўәкилликли уйым менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғын дизимлер бойынша Өзбекстан Республикасының референдумларына таярлық көриў және оларды өткериў ушын;

б) тиккелей шәртнамалар бойынша;

Өзбекстан Республикасы  Айрықша жағдайлар министрлиги тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы уйым менен келисилген ҳалда тастыйықланатуғын дизимлер бойынша айрықша жағдайларды сапластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасының зәрүрликлерин тәмийинлеў ушын;

суд додалаўларында қатнасыў ушын адвокат (ўәкил) тайынланыўына байланыслы;

баҳаларды нызам ҳүжжетлерине муўапық қатаң белгиленген товарлар (жумыслар, хызметлер) мәмлекетлик сатып алыўларға салыстырмалы әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, Есап палатасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен қосымшадағы дизимге муўапық товарлар (жумыслар, хызметлер)ды соңынан олар ҳаққындағы мағлыўматларды шәртнама дүзилген сәнеден баслап 3 күннен кешиктирмей мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы информациялық порталына жайластырған ҳалда тиккелей шәртнамалар тийкарында сатып алыў тәртибин белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы информациялық порталына:

басланғыш баҳасын түсириў бойынша аукцион өткериў ҳаққында дағаза – оны өткериўден кеминде бес күн бурын;

таңлаў өткериў ҳаққындағы дағаза – таңлаў қатнасыўшыларынан усынысларды қабыл етиў мүддетиниң тамамланыўынан кеминде он күн бурын жайластырылатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм Финанс министрлиги Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте мәмлекетлик сатып алыўларды сапалы ҳәм үзиликсиз өткериўге тосқынлық ететуғын машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша илажларды көриў менен байланыслы мәмлекетлик сатып алыўлар тараўындағы ҳуқықты қолланыў әмелиятын таллаўды турақлы түрде өткерип барсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги:

Өзбекстан Республикасы Мәмлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте мәмлекетлик сатып алыўлардың сапалы ҳәм үзликсиз әмелге асырылыўын тәмиийнлеў, мәмлекетлик буйыртпашылар ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде, сондай-ақ, ҳуқықты қолланыў әмелиятындағы, соның ишинде, орынлардағы кемшиликлерди сапластырған ҳалда мәмлекетлик сатып алыўлардың арнаўлы информациялық порталының функционалын жетилистириў илажларын көрсин;

мәмлекетлик буйыртпашылар хызметкерлериниң қатнасыўында мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында семинар-тренинглер, мастер-класслар ҳәм басқа да оқыў шынығыўларын өткерип барсын;

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңеси аппараты, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекет тәрепинен қорғалыўы зәрүр болған шахслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы қорғаныў қәбилетин, қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм ишки тәртипти сақлаў ушын зәрүр болған, сондай-ақ, мәмлекетлик сырлар менен байланыслы болған товарлар (жумыслар, хызметлер) дизимин тастыйықлаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарының киргизилиўин тәмийинлесин;

усы қарардың талапларын, сондай-ақ, ҳуқықты қолланыў әмелиятында жүзеге келип атырған машқалаларды есапқа алған ҳалда еки ай мүддетте Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Нызамына өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте киргизсин;

бир ай мүддетте сатып алыў комиссияларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм ең жақсы усынысларды таңлаў тәртиби ҳаққындағы режени ислеп шықсын ҳәм орнатылған тәртипте тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы Есап палатасы Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жойбарлаў басқармасы миллий агентлиги менен биргеликте усы қарардың 2- ҳәм 3-бәнтлерине муўапық сатып алынатуғын товарлар (жумыслар, хызметлер)дың баҳалары қәлиплесиўи үстинен қадағалаўды тәмийинлесин.
  2. Министрликлер ҳәм уйымлар бир ай мүддетте өзлери қабыл еткен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди усы қарарға муўапықластырсын.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқва, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Маҳмудовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Есап палатасының баслығы М.М.Икрамовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 27-сентябрь