Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Сырт елде жасап ҳәм профессионал жумыс алып барып атырған ўатанласларымыз, әсиресе, үлкен илимий потенциалға ийе илимпазлар, қәнигелер ҳәм талантлы жаслар менен өз-ара тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў, сондай-ақ, Өзбекстанның ҳәр тәреплеме ҳәм жедел раўажланыўы ушын зәрүр, жәҳән мийнет базарында бәсекиге шыдамлы ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелерди ҳәм жетекши сырт ел билимлендириў мәкемелеринде, ҳәм Өзбекстанда таярлаў және қәнигелигин арттырыў арқалы усындай кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў орайы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры (кейинги орынларда Қор деп аталады) етип қайта шөлкемлестирилсин.
- Қор Сырт елде стипендиатлардың қәнигелик арттырыўы, стажировкасы ҳәм оқыўын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Истеъдод» қорының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде, халықаралық шәртнамалар бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер Қордың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
сырт елдеги абырайлы илимий-изертлеў, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелеринде, экономиканың басқа перспективалы тармақларында, әсиресе, ең жаңа материалларды ҳәм инновациялық технологияларды ислеп шығарыў ҳәм қолланыў тараўларында ислеп атырған, қымбатлы илимий ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе ўатанласларымыз бенен байланыслар орнатыў;
мәмлекетлик уйымлардың кадрлар бойынша хызметлери тәрепинен пайдаланылыўы ҳәм онлайн тәризде излеў әмелге асырылыўы мүмкин болған дүнья еллери ҳәм қәнигеликлери бойынша каталогластырылған қымбатлы илимий ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе ўатанласлардың электрон реестри (мағлыўматлар базасы)н жаратыў ҳәм жүргизиў;
сырт ел илимпазлары, оқытыўшылар, инженерлер ҳәм басқа да қәнигелер, соның ишинде, ўатанласларды билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўларына, әсиресе, жаңа, перспективалы тармақларға тартыў, олар ушын қолайлы шараятлар жаратыў, әҳмийетли мәселелерди шешиў, олардың потенциалынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша усынысларды ислеп шығыў ҳәм илажларды әмелге асырыў;
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм экономика тармақларында ислеп атырған ўатанласларымыз арасында Өзбекстанның унамлы көринисин қәлиплестириў, Өзбекстан Республикасында экономика тармақлары менен социаллық тараўды раўажландырыў мәселелери бойынша олардың идея ҳәм пикирлерин топлаў, улыўмаластырыў ҳәм тийисли шөлкемлерге жеткериў, сондай-ақ, топланған материалларды таярлаўдың ҳәм тарқатыўдың нәтийжели системасын жаратыў;
сырт елде Өзбекстанның унамлы имиджин қәлиплсетириўде ҳәм қоллап-қуўатлаўда, сондай-ақ, раўажланған еллердиң абырайлы билимлендириў ҳәм илимий орайлары менен байланысларды жолға қойыў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўда ўатанласларымыздың потенциалынан белсене пайдаланыў;
раўажланған еллердиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары бойынша таңлаў өткериў ҳәм таярлықты, сондай-ақ, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыў тараўларында перспективалы қәнигелер, соның ишинде, педагоглар ҳәм илимий кадрлар ушын қәнигелигин арттырыўды ҳәм стажировкадан өтиўди шөлкемлестириў;
абырайлы сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде перспективалы қәнигелерди оқытыўды мониторинг етиў, олардың Өзбекстанда мүнәсип жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў, усы қәнигелердиң жумыс ислеўин мониторинг етиў, олардың кәсиплик жақтан өсиўине ҳәм лаўазым басқышларынан көтерилиўине жәрдемлесиў;
ҳәм елимиз, ҳәм сырт ел экспертлериниң, соның ишинде, ўатанласларымыздың Өзбекстандағы социаллық-экономикалық реформалардың барысына байланыслы аналитикалық материаллары басып шығарылатуғын журналлар, илимий топламларды таярлаў ҳәм кеңнен тарқатыў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде жумыслардың жағдайын мониторинг етиў ҳәм кадрларды сырт елде таярлаў ҳәм сырт ел қәнигелерин тартыў системасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экономика, мәмлекетлик басқарыў тараўларында халықаралық шөлкемлер, сырт еллердиң мәмлекетлик структуралары ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлери менен байланысларды жолға қойыў, оларды бирге ислесиў ҳәм раўажланыў бойынша жойбарларды әмелге асырыўға тартыў.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қорының структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қоры ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас жасаў бойынша «Эл-юрт умиди» қорының Қәўендерлик кеңеси қурамы 3-қосымшаға муўапық;
Сырт елде билим алыў, стажировкадан өтиў ҳәм қәнигелик арттырыў ушын талабанларды таңлап алыў тәртиби ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
5.Қорға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары менен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғыны;
Қор директорының статусы, мийнетке ҳақы төлеў, турмыслық, медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шараятларына муўапық министрдиң биринши орынбасарына, оның орынбасарлары болса министр орынбасарларына теңлестирилетуғыны;
Қордың хызметкерлерине Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиндеги тийисли лаўазымлар ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық муғдарлары менен шараятлары енгизилетуғыны;
Қордың хызметкерлерине олардың жумысының көлеминен ҳәм нәтийжелигинен келип шыққан ҳалда директордың қарарына тийкарланып лаўазым айлықларының 100 процентине шекемги муғдарда айлық үстеме белгиленетуғыны белгиленсин.
6.Қордың директорына:
Қор структурасына, зәрүр жағдайларда, хызметкерлердиң белгиленген санына ҳәм мийнетке ҳақы төлеў фонды шеңберинде өзгерис киргизиў;
Қорға жүкленген ўазыйпаларды орынлаўға мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, илимий-изертлеў мәкемелери, сондай-ақ, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қәнигели жумысшылары менен қәнигелерин шәртнама тийкарында тартыў ҳуқықы берилсин.
- Қордың қаржылай жәрдеминде сырт елде магистратура ҳәм докторантура бағдарламалары тийкарында билим алған, қәнигелигин арттырған, стажировкадан өткен стипендиатларға стипендиат пенен дүзилген шәртнамада белгиленген мүддет даўамында жоқары билимлендириў мәкемеси ямаса илимий мәкемеде, сондай-ақ, министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерде ислеп бериў миннетлемеси жүкленетуғыны;
стипендиат кеширилмейтуғын себеплерге бола сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелериниң студентлери қатарынан шығарылғанда, қәнигелигин арттырыў, стажировкадан өтиў, магистратура ҳәм доктрантура бағдарламалары бойынша билимлендириў тамамланғаннан соң Өзбекстан Республикасы аймағында, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемесинде ҳәм илимий мәкемеде, министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерде жумыс ислеўди даўам еттириўден бас тартқанда Қор тәрепинен стипендиантты оқытыўға жумсалған барлық қәрежетлер стипендиант тәрепинен қаплап берилетуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы сырт елде билим алыў, қәнигелигин арттырыў ҳәм стажировкадан өтиў ушын талабанларды таңлаў тийкарында таңлап алыўды шөлкемлестириўде Қорға ҳәр тәреплеме методикалық жәрдем көрсетсин.
9.Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы Қордың бағдары бойынша сырт еллерде билим алған, соның ишинде, илим докторы илимий дәрежесин алған стипендиатлардың билим алғаны ҳаққындағы ҳүжжетлерин арнаўлы сынақларсыз нострификациядан өткериўди (эквивалентлигин белгилеўди) тәмийинлесин.
10.Қордың қәрежетлерин қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:
а) стипендиатларды сырт ел билимлендириў ҳәм илимий мәкемелеринде оқытыўды, олардың қәнигелигин арттырыўды ҳәм стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў, сырт ел қәнигелерин, соның ишинде, ўатанласларымызды республикамызда мийнет етиўин әмелге асырыўға тартыў бойынша:
2018-жылы- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын раўажландырыў қорынан жоқары билимлендириў мәкемелериниң объектлерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў ҳәм үскенелеў ушын нәзерде тутылған көлемниң 10 процентине шекемги муғдарында Қордың тийкарланған есап-санақлары бойынша ажыратылатуғын қаржылар;
2019-жылдан баслап-кейин ала тийисли жылдағы тутыныў баҳаларының прогноз индексине тең коэффициенти қолланған ҳәр жылы Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылатуғын 45 миллиард сум муғдарындағы қаржылар;
тийисли жылда Қорға ажыратылатуғын бюджет қаржылары улыўмалық суммасының 5 проценти муғдарындағы республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары (арттырылған шәртнама ставкалары бойынша төлемли-шәртнама тийкарында оқытыўдан түсетуғын) қаржыларынан ажыратпалар;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары;
халықаралық қаржы институтларының ҳәм шөлкемлердиң грантлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер;
б) Қордың ағымдағы тәмийинлениўи, соның ишинде, хызметкерлердиң мийнетине ҳақы төлеў ҳәм Қорға жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша;
2018-жылды – Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келискен ҳалда Қордың Қәўендерлик кеңеси тәрепинен белгиленетуғын муғдарда республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары (төлемли-шәртнама тийкарында оқытыўдан түсетуғын) қаржылардан ажыратпалар;
2019-жылдан баслап-Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
хожалық жумысынан ҳәм шәртнама тийкарында хызметлер көрсетиўден түсимлер;
физикалық ҳәм юридикалық шахслардың қайырқомлық қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
Республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизими ҳәм бюджеттен тысқары (арттырылған шәртнама ставкалары бойынша төлемли –шәртнама тийкарында оқытыўдан түсетуғын) қаржылардан Қорға ажыратпалар суммасы Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келискен ҳалда Қордың Қәўендерлик кеңеси тәрепинен тастыйықланады.
- Қор 2022-жыл 1-январьға шекем мәмлекетлик мақсетли қорларға салық ҳәм мәжбүрий төлемлерден азат етилсин.
- Қорға төрт жеңил автотранспорт қуралы, соның ишинде, үш жеке ҳәм бир нәўбетши автомобиль сақлаў ушын лимит ажыратылсын.
- «Өзавтосанаат» АЖ ҳәм Қордың Қорды «Өзавтосанаат» АЖның Ташкент қаласы, Миробод районы, Әмир Темур гүзары, 13-жай (3-қабат) мәнзилинде жайласқан имаратында еркин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырыў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
Өзбекстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң Ташкент қаласы, Фурқат көшеси, 171-жай мәнзилинде жайласқан Сырт елде стипендиатлардың қәнигелигин арттырыўы, стажировкасын ҳәм оқыўын шөлкемлестириў бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Истеъдод» қорының босап атырған имаратлары ҳәм қурылмаларын тутас аймақлары менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине оператив басқарыў ҳуқықы тийкарында еркин бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Ишки ислер министрлиги Қорға:
ўатанласлар ҳәм сырт ел қәнигелери менен байланысларды жолға қойыўда;
стипендиатлар сырт еллерге виза алыўы, консуллық есабына қойылыўында, нотариал ҳәм басқа да хызметлер көрсетилиўинде, барған мәмлекетинде стипендиатлардың оқыўын, қәнигелигин арттырыўын ҳәм стажировкадан өтиўин мониторинг етиўде;
сырт елден жумысқа мирәт етилип атырған сырт ел қәнигелериниң виза алыўында;
сырт елдеги ўатанласлардың шөлкемлери, сырт еллерде жумыс ислеп атырған өзбек мәдений орайлары ҳәм жәмийетлери ҳаққындағы мәлимлемелерди топлаўда, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер, сырт ел илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери ҳәм басқа да шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыўда ҳәм раўажландырыўда әмелий жәрдем көрсетсин.
- Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги белгиленген тәртипте:
Қорды керекли байланыс, соның ишинде, ҳүкимет байланысы менен, оның интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан кең полосалы пайдаланыўын тәмийинлесин;
ўатанласлардың электрон реестри (мағлыўматлар базасы)н жаратыў ҳәм жүргизиў, сондай-ақ, сырт ел экспертлерин тартқан ҳалда видеоконференциялар, интернет-форумлар ҳәм телемостлар өткериўде зәрүр техникалық жәрдем көрсетсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм «Дунё» мәлимлеме агентлиги Қор жумысы шеңберинде әмелге асырылып атырған жумысларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытылыўын шөлкемлестирсин.
- Қор еки ҳәпте мүддетте сырт елдеги ўатанласлар менен ислесиўди шөлкемлестириў ҳәм сырт ел қәнигелери, соның ишинде, ўатанласларымызды Өзбекстан Республикасына тартыў тәртибин ислеп шықсын ҳәм Қордың Қәўендерлик кеңесине көрип шығыў ушын киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги «Өзбекстан Республикасы Президентиниң перспективалы жас педагог ҳәм илимий кадрлардың маманлығын арттырыў «Истеъдод» қорының жумысын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-5121-санлы Пәрманын, оның 3-бәнти алтыншы абзацын ҳәм 5-қосымшасын киргизбеген ҳалда, өз күшин жойытқан деп табылсын.
- Әдиллик министрлиги басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш. Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувохитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.М. Мавлоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2018 –жыл 25-сентябрь