Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Илим ҳәм техниканың жетискенликлерин кеңнен қоллана отырып, экономика тармақларына, социаллық ҳәм басқа да тараўларға заманагөй инновациялық технологияларды енгизиў Өзбекстан Республикасы жедел раўажланыўының әҳмийетли шәрти болып табылады.

Жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың барлық тараўлары жедел раўажланып атырғаны реформаларды мәмлекетимиздиң жәҳән цивилизациясы жетекшилериниң қатарына  киргизиў жолында тез ҳәм сапалы илгерилеўлерди тәмийинлейтуғын заманагөй инновациялық идеялар, исленбелер ҳәм технологияларға тийкарланған ҳалда әмелге асырыўды талап етеди.

Соның менен бирге, өткерилген таллаў өндиристи модернизациялаў, диверсификациялаў, оның көлемин арттырыў және ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлы өнимлердиң түрлерин кеңейтиў бағдарындағы жумыслар зәрүр дәрежеде алып барылмай атырғанын көрсетти.

Атап айтқанда, бул бағдарда көплеген көрсеткишлердиң жоқ екени ҳәм жумыслар нәтийжели муўапықластырылмағаны себепли мәмлекетимиз соңғы жылларда абырайлы халықаралық структуралар тәрепинен дүзилетуғын Глобал инновациялық индекс рейтингине қатнаспай атыр.

Экономика ҳәм социаллық тараў тармақларының илимий мәкемелер менен өз-ара бирге ислесиў дәрежеси төменлиги, министрлик ҳәм уйымлар, сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының инновациялық раўажланыў тараўындағы жумысы зәрүр дәрежеде муўапықластырылмай атырғаны бул бағдардағы биринши гезектеги мақсетлер менен ўазыйпаларға ерисиў имканиятын бермей атыр.

Жәҳән илиминиң заманагөй жетискенликлери, инновациялық идеялар, исленбелер ҳәм технологиялар тийкарында елимизди жедел раўажландырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын избе-из тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Төмендегилер:

2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын инновациялық раўажландырыў стратегиясы (кейинги орынларда Стратегия деп аталады) 1-қосымшаға муўапық;

2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын инновациялық раўажландырыў стратегиясын әмелге асырыў бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасын 2030-жылға шекем инновациялық раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (кейинги орынларда – мақсетли көрсеткишлер) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы бәсекиге шыдамлылығы дәрежесин ҳәм инновациялық жақтан раўажланғанын белгилейтуғын тийкарғы фактор сыпатында инсан капиталын раўажландырыў – Стратегияның бас мақсети болып табылатуғыны;

б) бас мақсетке ерисиўде Стратегияның тийкарғы ўазыйпалары төмендегилерден ибарат екени:

Өзбекстан Республикасының 2030-жылға келип Глобал инновациялық индекс рейтинги бойынша дүньяның 50 алдыңғы мәмлекети қатарына кириўине ерисиў;

барлық дәрежеде билимлендириўдиң сапасын ҳәм қамтыўын арттырыў, үзликсиз билимлендириў системасын раўажландырыў, кадрлар таярлаў системасының экономикалық зәрүрликлерге бейимлесиўин тәмийинлеў;

илимий изертлеўлер ҳәм исленбелердиң илимий потенциалын беккемлеў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ҳәм технологиялық жумыслардың нәтийжелерин кеңнен енгизиў ушын билимлендириў, илим ҳәм исбилерменликти интеграциялаўдың тәсиршең механизмлерин жаратыў;

инновациялар, илимий-изертлеў, тәжирийбе-конструкторлық ҳәм технологиялық жумысларға мәмлекетлик ҳәм жеке қаржылар киргизилиўин күшейтиў, бул тараўлардағы илажларды қаржыландырыўдың заманагөй ҳәм нәтийжели түрлерин енгизиў;

басқарыўдың заманагөй усылларын ҳәм қуралларын енгизиў арқалы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў;

мүлкшилик ҳуқықларын қорғаўды тәмийинлеў, бәсекиге шыдамлы базарлар шөлкемлестириў ҳәм бизнес жүргизиў ушын теңдей шараятлар жаратыў, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў;

турақлы жумыс алып баратуғын социаллық-экономикалық инфраструктураны жаратыў.

  1. 2019-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын инновациялық раўажландырыў стратегиясын өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) 4-қосымшаға муўапық дүзилсин.
  2. Комиссия (А.Н.Арипов):

Стратегияны әмелге асырыўға қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары сапалы ислеп шығылыўын ҳәм белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмиийнлесин;

Стратегияны әмелге асырыў шеңберинде ғалаба хабар қураллары, илимий топарлардың ўәкиллери ҳәм сырт ел экспертлерин, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерин тартқан ҳалда, ушырасыўлар, семинарлар, дөгерек сәўбетлери ҳәм баспасөз әнжуманларын, соның ишинде, орынларда шөлкемлестирсин;

усы Пәрманның орынланыў барысы ҳаққындағы толық мәлимлемени ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына киргизип барсын.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Админстрациясы бөлимлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети комплекслериниң басшылары – министрлик ҳәм уйымлардың Стратегияда ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў бойынша жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, мақсетли көрсеткишлерге ерисиў, сондай-ақ, олардың орынланыў барысын ҳәр шеректе додалаў ушын;

министрлик ҳәм уйымлардың басшылары – илимий-билимлендириў мәкемелери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерин, бийғәрез экспертлерди (консультантларды), соның ишинде, сырт еллерден кеңнен тартқан ҳалда Стратегияда ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы, мақсетли көрсеткишлерге ерисилиўи ушын;

мәмлекетлик илимий-билимлендириў мәкемелериниң басшылары – Стратегияда ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды илимий-изертлеў жақтан қоллап-қуўатлаў, министрлик ҳәм уйымларларға мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын илимий изертлеўлер ҳәм баянатлар, аналитикалық материалларды таярлаўда ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў ушын;

жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшылары – жағдайды ҳақыйқый ҳәм сапалы өзгертиў ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, пуқаралардың әҳмийетли машқалаларын шешиў, аймақларды ҳәм олардың социаллық инфраструктурасын Стратегияда ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлар менен тығыз байланыслы ҳалда раўажландырыў, сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлар менен өз-ара келисе отырып, орынларда мақсетли көрсеткишлерге ерисиў илажларын көриў ушын жеке жуўапкершилик белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги Сыртқы ислер министрлиги, Мәмлекетлик статистика комитети ҳәм басқа да мәпдар уйымлар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы ҳәр жылы Глобаллық инновациялық индекс рейтингине киргизилиўи ушын халықаралық шөлкемлерге зәрүр мағлыўматларды ҳәм көрсеткишлерди турақлы жибериўди тәмийинлесин.
  2. Министрликлер менен уйымлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли комплекслериниң басшылары менен келисе отырып бир ай мүддетте мақсетли көрсеткишлерге ерисиў бойынша өз-ара байланыслы ҳуқықый, экономикалық, социаллық, шөлкемлестириў ҳәм техникалық илажларды нәзерде тутатуғын 3 жылға мөлшерленген раўажланыў бағдарламаларын тастыйықласын, соңынан 3 жылға мөлшерленген жаңа раўажланыў бағдарламаларын қабыл етсин.
  3. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Баспасөз ҳәм хабар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсетлери менен ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша шығыўларды ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлерди турақлы шөлкемлестирсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги еки ай мүддетте мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары Б.Б.Мавлоновқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Өзбекстан Республикасы Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы С.Р.Холмуродовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ,

Ташкент қаласы,

2018-жыл 21-сентябрь