Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 20-23-сентябрь күнлери Словакияның Трнава қаласында спорттың еркин гүрес түринен жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Қуўанышлысы, 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм 62 кг салмақта Набира Есенбаевалар жәҳән чемпионатының финал басқышына шықты.

Ақтеңге Кеўнимжаева квалификация басқышында қатнасып, дәслеп болгариялы Кремена Красимирова Петрованы, соңынан ярым шерек финалда монголиялы Энхцецег Батбаатарды, шерек финалда әзербайжанлы Татьяна Варансованы жеңип, ярым финал басқышына жол алды. Ярым финалда АҚШлы Алиша Суэ Хоук үстинен жеңиске ерисип, финал басқышына жол алды.

Палўан қыз Ақтеңгениң финалға шекемги басып өткен беллесиўлерин тамашалаўды қәлейсиз бе? Төменде оның қатнасыўындағы беллесиўлерди тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.