Усы жылдың 20-23-сентябрь күнлери Словакияның Трнава қаласында спорттың еркин гүрес түринен жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Чемпионат 53, 57, 62, 65 ҳәм 72 кг салмақ категориялары бойынша қыз балалар арасында өткерилмекте.

Дыққатқа ылайықлы тәрепи сонда, жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасының қурамында 4 қыз спортшы қатнасып атырған болса, олардың үшеўи қарақалпақстанлы палўан қызлар болып есапланады.

53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева, 62 кг салмақта Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студенти Набира Есенбаева ҳәм 65 кг салмақ категориясы бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети студенти Бахтыгүл Балтаниязова жәҳән чемпионы болыў ушын ҳәрекет етпекте.

Қуўанышлысы, 53 кг салмақта Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм 62 кг салмақта Набира Есенбаевалар жәҳән чемпионатының финал басқышына шықты.

Ақтеңге Кеўнимжаева квалификация басқышында қатнасып, дәслеп болгариялы Кремена Красимирова Петрованы, соңынан ярым шерек финалда монголиялы Энхцецег Батбаатарды, шерек финалда әзербайжанлы Татьяна Варансованы жеңип, ярым финал басқышына жол алды. Ярым финалда АҚШлы Алиша Суэ Хоук үстинен жеңиске ерисип, финал басқышына жол алды. Финалда Ақтеңге япониялы Юми Имаи менен өз ара беллеседи.

62 кг салмақта жерлесимиз Набира Есенбаева дәслеп қазақстанлы Ирина Кузнецованы, шерек финалда белоруссиялы Кристина Сазыкинаны, ал ярым финалда италиялы Аврора Кампаньаны жеңип, финал басқышына жол алды. Финалда Набира япониялы Атена Кодама менен жәҳән чемпионлығы ушын беллеседи.

Финал басқышы ҳаққында мағлыўматларды жәриялап барамыз. Сайтымызды бақлап барың.

Жерлеслеримизге финал басқышында әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.