Президент Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола, 2018-жыл 4-5-сентябрь күнлери Египет Араб Республикасының президенти Абдул Фаттаҳ Саид Ҳусейн Халил Ас-Сиси рәсмий сапар менен Өзбекстанға келеди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Режелестирилип атырған саммит даўамында жоқары дәрежеде Өзбекстан – Египет бирге ислесиўин раўажландырыўдың перспективалы бағдарлары, актуал халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша пикир алмасыў жобаластырылған.

Сөйлесиўдиң жуўмағы бойынша мәмлекетлик басшылардың Қоспа баянатын қабыл етиў, ҳүкиметлер аралық ҳәм мәкемелер аралық әҳмийетли ҳүжжетлер топламын тастыйықлаў жобаластырылған. Олар Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы бирге ислесиўди сиясий, саўда-экономикалық, туризм, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларында кеңейтиўди нәзерде тутады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги