Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-октябрьдеги арнаўлы қарарына муўапық, республикамызда өткен жылы заманагөй жойбарлар тийкарында он бес 5 қабатлы көп квартиралы арзанластырылған турақ жайлар салыў бойынша жумыслар баслап жиберилген еди. Атап айтқанда, Нөкис қаласынан он  450 квартиралы, Беруний районынан үш 135 квартиралы, Тақыятас қаласынан еки 90 квартиралы, жәми 675 квартиралы арзанластырылған көп қабатлы турақ жайлар қурылыўы бойынша жумыслар әмелге асырылды.

Соннан, Нөкис қаласында қурылатуғын бир ханалы ҳәр бириниң баҳасы 86 904 311 сумлық, майданы 26,91 метр квадрат болған 225, еки  ханалы  ҳәр бириниң баҳасы 161 988 860 сумлық, майданы 50,16  метр квадрат болған 225 дана ҳәм үш ханалы ҳәр бириниң баҳасы 210 559 683 сумлық улыўма майданы 65,2 метр квардрат болған 225 дана турақ жайлар қурыла баслады.

Нөкис қаласынан қурылып атырған, ҳәр бири 45 квартирадан ибарат болған он имарат еки жумысты бөлип алып ислеўши «Шорахан қурылыс монтаж» ЖШЖ ҳәм «ҚҚ Оңлаў қурылыс 2» Нөкис қалалық қурылыс басқармасы тәрепинен жумыслардың нәтийжели түрде алып барылыўының нәтийжесинде, елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына саўға ретинде қурып питкерилди.

Усы жыл 31-август күни кең жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасында бул имаратлардың пайдаланыўға тапсырылыўына арналған салтанатлы мәресим өткерилди.

Усы жерде атап өтиўимиз тийис, бул квартиралардың алтаўының социаллық жақтан қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан ямаса майыплығы бар шахсларға басланғыш төлеми қәўендерлер тәрепинен төленип берилгени болды.

Имаратлардың тапсырылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасып шығып сөйледи ҳәм елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ерисилип атырған жетискенликлерге кеңнен тоқтап өтип, имарат ийелерине квартира гилтлерин салтанатлы түрде тапсырды.

– Мениң 5 қызым бар. Өзим Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында мийирбийке болып ислеймен. Күйеўим қайтыс болған. Үйсиз едим. Мәкан пуқаралар жыйынымыздың, аўылымыздағы жасы үлкенлердиң жағдайымды есапқа алыўы себепли маған мине бүгин елимиздиң басшылары тәрепинен 3 ханалы квартира  берилип атыр. Бул жерде барлық қолайлықлар бар екен. Заманагөй ысытыў үскенелери, таза ишимлик суў тартылып, перделерге шекем тағып қойыпты ҳәм басқа да керекли зәрүр шараятлар жаратылған. Мине, бүгин ҳәкимиятымыздың басшылары телевизор саўға етти. Президентимизге мың да бир рахмет,-дейди П.Абдижамалова.

Илажда қатнасыўшылар жаңа квартираларға кирип көрип, квартира ийелерин жаңа қонысы менен қызғын қутлықлады ҳәм өзлери тәрепинен таярланған саўғаларын тапсырды.

Усы күни бул жерде қурылып питкерилген 8-санлы шаңарақлық поликлиника ҳәм Мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси де пайдаланыўға тапсырылды.

Жыйналғанларға республикамызға белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери).