USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 23 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы  М.Т.Ерниязовтың Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллығына бағышланған салтанатлы мәресимдеги қутлықлаў сөзи

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли мийманлар!

Қәдирли ўатанласлар!

 Ең дәслеп, Сизлерди ҳәм Сизлер арқалы гүллән халқымызды елимиз тарийхындағы ең уллы ҳәм ең әзиз сәне – Ғәрезсизлигимиздиң жигирма жети жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаўға рухсат еткейсизлер!

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде мәрт ҳәм кеңпейил халқымыз Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында раўажланыўдың жаңа басқышларына қарай исенимли қәдем қоймақта.

Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында быйылғы байрам илажлары “Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!” деген идея астында өткерилиўи инсанлар қәлбинде ҳәр қашанғыдан да жоқары тәсирлер қалдырмақта.

Бунда әлбетте, елимизди раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәмде быйылғы “Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы”ның бир-бири менен тығыз байланыста екени турмысымызда айрықша орын тутпақта.

Ҳүрметли дослар!

Ғәрезсиз елимиз байрағы астында жасап ҳәм мийнет етип атырған халқымыз ушын мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм кеңпейилликтиң жоқары қәдирият дәрежесине көтерилгени, тынышлық ҳәм турақлылықтың орнатылғаны ҳеш нәрсе менен салыстырып ҳәм баҳалап болмайтуғын теңсиз байлығымыз саналады.

Бүгинги байрам алдынан тиккелей Ҳүрметли Президентимиздиң идеясы тийкарында пайтахтымызда ени 8, узынлығы 15 метр болған елимиз байрақларының 55 метр бәлентликке көтерилгени кеўиллерде мақтаныш сезимлерин оятатуғын тарийхый ўақыялардан саналады.

Мине, бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз баслап берген ийгиликли ислер тийкарында халқымыз турмысында өзгерислер менен жаңаланыўларды, елимиз экономикасында үлкен раўажланыўларды көриўимиз мүмкин.

Сөзимиздиң мысалы сыпатында айтатуғын болсақ, усы жылдың биринши ярым жыллығында бюджет дәраматларының артық орынланыўы есабынан 487 миллиард сўмға жақын маблағлардың халқымыз ийгилиги жолында қалдырылыўы, өткен айлар даўамында Россия, Қытай, Түркия, Қубла Корея, Германия, Латвия, Швецария ҳәм басқа да мәмлекетлер менен 360 миллион долларлық саўда айланысының жолға қойылғаны халқымыз ушын жаңа имканиятлар есигин ашыўға беккем тийкар болмақта.

Усылар менен бир қатарда, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында 234 миллиард сўмлық қурылыс ҳәм реконструкция жумысларының алып барылмақта.

Бүгинги байрам алдынан Жас тамашагөйлер театрының, «Ҳаяллар мүриўбет үйи»ниң пайдаланыўға тапсырылыўы, быйылғы жылдың өзинде районларымызда арзанластырылған 1269 турақ-жайдың қурылыўы инсанларға өзгеше қуўаныш бағышлаған ўақыялардан саналады.

Нөкис қаласы, Тақыятас ҳәм Беруний районларында 676 квартиралы 15 көп қабатлы турақ-жайлардың қурып-питкерилиўи, жыл басынан берли социаллық жәрдемге мүтәж ҳәм имканиятлары шекленген инсанлар ушын қала ҳәм районларымызда жүзден аслам, сондай-ақ кеше ғана Нөкис қаласында 42 ҳәм Қоңырат районында 12 квартиралы турақ-жайлардың бийпул берилиўи, буннан тысқары, кем тәмийинленген 74 шаңараққа үлги-жойбарлар тийкарында қурылып атырған жайлардың дәслепки пуллары ушын 700 миллион сўмнан аслам қаржының төлеп берилгени, қала ҳәм районларымызда кең ҳәм айдын жоллардың қурылыўы, өндирис кәрханаларының иске түсиўи бүгинги байрам алдынан әмелге асырылған ийгиликли ислерден болып табылады.

Республикамыздың экономикалық ҳәм санаат потенциалын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған ири жойбарлар ҳаққында сөз болғанда, Қараөзек районындағы «Тебин-булақ» кәни негизинде 2024-жылдан баслап жылына 1 миллион тонна полат өнимлерин ислеп шығаратуғын “Кән металлургия  комплекси”н иске түсириў жумыслары басланғанын атап көрсетиў мүмкин.

Бүгинги күнде бул орында толық геологиялық изертлеў жумыслары алып барылмақта ҳәм рудалар резервиниң анық есап-китаплары ислеп шығылмақта. Сондай-ақ, келеси жылы бул орында темир-бетон ҳәм шебень ислеп шығаратуғын заводтың иске түсирилиўи күтилмекте.

Усылар менен бир қатарда, Төрткүл районындағы “Шор-булақ” суў сақлағышында бүгинги күнде 6,5 миллиард сўмлық қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Соны да айрықша атап өтиўимиз керек, Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, оларға салық ҳәм басқа да төлемлерде жеңилликлер бериў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, санаат потенциалын және де арттырыў мақсетинде Шымбай, Қоңырат, Тақыятас, Хожели, Әмиўдәрья, Беруний районларында санаат зоналары шөлкемлестирилди.

Өзлериниң бийбаҳа шығармалары менен әдебиятымыздан терең орын ийелейтуғын Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың ҳүрметине Шымбай районында мақбара ҳәм музей қурылысының жуўмақланыў алдында турғаны, пайтахтымыздан 450 километр узақлықта жайласқан «Қарақалпақстан» поселкасында 19 миллиард сўмлық қурылыс ҳәм реконструкция жумысларының жүргизилиўи, булардың барлығы қала ҳәм районларымыздың үлкен дөретиўшилик майданына айланып атырғанын және бир мәрте дәлиллейди.

Ең тийкарғысы, көз алдымызда жүз берип атырған бундай өзгерислер менен жаңаланыўларды барлық қала ҳәм аўылларымыз ҳәмде тараўлар мысалында көплеп ушыратыўымыз мүмкин.

Бул, әлбетте, Ҳүрметли Президентимиздиң халқымызға деген аталарша ғамхорлығының нәтийжеси саналады ҳәмде бундай жоқары итибары ушын Ҳүрметли Елбасшымызға мың-мыңлап рахметлер айтамыз!

Қәдирли дослар!

Соны исеним менен айтыўымыз мүмкин, жасларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарында елимизде дүнья мәмлекетлеринде болмаған жақсы тәжирийбелер қолланылмақта.

Бир ғана «Жаслар – келешегимиз» бағдарламасы тийкарында 50 миллиард сўмға жақын жеңиллетилген кредитлердиң ажыратылыўы, усы тийкарда 370 жойбарды әмелге асырыў арқалы 3 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, кеше ғана Хожели районында «Жаслар мийнет гүзары»ның иске түскени, Нөкис қаласында 48 квартиралы «Жаслар үйи»ниң өз ийелерин күтип турғаны, буннан тысқары, қала ҳәм районларымызда жасларымыз ушын 50 ден аслам турақ-жайлардың қурылып атырғаны, «Мәрт уғлан» мәмлекетлик сыйлығының енгизилгени жасларымызға деген жоқары итибар ҳәм исенимниң көриниси саналады.

Өз гезегинде жасларымыз бундай ғамхорлыққа жуўап ретинде гүллән халқымыз мақтаныш ететуғын жоқары табыслары менен ажыралып келмекте.

Бүгинги күнде Индонезияның Жакарта қаласында болып атырған XVIII жазғы Азия ойынларына 7 спортшымыз қатнасып атырғанын, олардың ишинде спорттың ескек есиў түри бойынша Ислам Мәмбетназаров гүмис ҳәм бронза медалларын жеңип алғанын, аўыр атлетика бойынша Рустам Жангабаев 3-орын жеңимпазы болғанын мақтаныш пенен атап өтиў орынлы.

Ең тийкарғысы, исбилерменлик, илим, билимлендириў, мәденият, көркем-өнер ҳәм басқа да тараўларда усындай табыслары менен ажыралып туратуғын жасларымыздың саны күн сайын артып бармақта.

Елимизде жасларымызға жаратып берилген бундай имканиятлар ушын барлық ата-аналар, устаз-тренерлер ҳәм гүллән халқымыз атынан Ҳүрметли Президентимизге және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремиз.

Қәдирли ўатанласлар!

Сизлерди, сондай-ақ бүгинги байрамды үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған гүллән халқымызды және бир мәрте бүгинги байрам менен қызғын кутлықлайман.

Елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық ийгиликли ислериңиз оңынан келе берсин, деймиз!

Илайым, ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман еткен Ғәрезсизлигимиз мәңги болып, ана-Ўатанымыздың уллы келешегин қурыўға үлес қосыў бахты ҳәммеңизге несип етсин!