Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына бағышланып пайтахтымыздағы Ашық театрда болып өткен «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» театрластырылған әдебий музыкалы-хореографиялық байрам салтанатынан репортаж

Ҳақыйқатында да, бул күнди халқымыз асығыслық пенен күтеди. Себеби, ғәрезсизлик ата-бабаларымыздың әсирлер бойы әрманы иске асып, халқымызға еркинлик, теңлер арасында тең болыў имканиятын берген уллы байрам болып табылады. Сонлықтанда буннан 27 жыл бурын қолға киргизилген бул тарийхый жеңисти пүткил халқымыз ең уллы, ең әзиз сыпатында айрықша көтериңкилик, өзгеше қуўаныш пенен байрамлайды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 28-июнь күнги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы арнаўлы қарары тийкарында республикамыз бойлап кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Атап айтқанда,  «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген шөлкемлестириўшилик-әмелий, руўхый-ағартыўшылық илажлары және үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Соның менен бирге байрам қарсаңында бир қатар өндирислик, социаллық-мәдений объектлер иске түсирилип, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылды.

2018-жыл, 30-август. Пайтахтымыздағы Ашық театр, оның әтирапы елимиз ғәрезсизлигин, мийнеткеш халқымызды, халықлар дослығын улығлаўшы шақырық-сүренлер, инсанға заўық бағышлайтуған рәңбәрең гүллер, түрли реңдеги жақтыландырыўшы шырақлар менен безетилген. Әсиресе, байрам алдынан пайдаланыўға тапсырылған 55 метр бийикликтеги, ени 8, узынлығы 15 метр өлшемдеги Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары  пайтахтымызға өзгеше сән бериў менен бирге, республикамыз турғынларында айрықша мақтаныш ҳәм сүйиспеншилик сезимлерин пайда етеди.

Саат 19.30. Шақырық сазы менен байрам салтанаты басланып, сөз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовқа берилди.

Республикамыз басшысы жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ғәрезсиз елимиздиң байрағы астында жасап ҳәм мийнет етип атырған халқымыз ушын мийрим-шәпәәт, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик, жоқары қәдирият дәрежесине көтерилгени, тынышлық ҳәм турақлылықтың орнатылғаны ҳеш нәрсе менен салыстырып және баҳалап болмайтуғын теңсиз байлығымыз есапланады. Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер шеңберинде халқымыздың турмысында унамлы өзгерислер менен жаңаланыўлар, елимиз экономикасында үлкен раўажланыўлар жүз бермекте. Атап айтқанда, усы жылдың биринши ярымында бюджет дәраматларының артығы менен орынланыўы есабынан 487 миллиард сумға шамалас қаржының халқымыздың ийгилиги ушын қалдырылыўы, өткен айлар даўамында Россия, Қытай, Түркия, Қубла Корея, Германия, Латвия, Швейцария ҳәм басқа да мәмлекетлер менен 360 миллион долларлық саўда айланысының жолға қойылыўы жаңа имканиятлар есигиниң ашылыўына тийкар болмақта. Соның менен бир қатарда, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында 234 миллиард сумлық қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылмақта.

Буннан соң Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Мониторда ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табыслар, бүгинги күнги әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс және абаданластырыў жумыслары көрсетилди.

Байрам тамашалары «Ниҳол» сыйлығының ийеси Шыраз Турсынбаевтың атқарыўындағы «Хош келдиңиз, қарақалпақ елине» қосығы менен басланды. Буннан кейин Ўатан, туўылған жер, ғәрезсизлик ҳаққындағы қосықлар менен аяқ ойынлар атқарылды.

Ғәрезсиз елимизде жас әўладтың ҳәр тәреплеме бәркамал инсан болып ержетиўи, олардың терең билим алыўы, өзлериниң айрықша қәбилетин жүзеге шығарыўлары ушын  барлық шараятлар жаратылған. Бул пайтахтымыздағы 1-санлы, 12-санлы, 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының, Нөкис қалалық мәденият бөлими жанындағы «Гүлдәсте» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы «Бахытлы балалық» композициясында өз көринисин тапты.

Соңғы жыллары елимизде денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға айрықша әҳмийет берилмекте. Бул болса спортшыларымыздың халықаралық ареналарда жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўинде өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Быйылғы жылдың өзинде спортшыларымыздың дүньяның түрли мәмлекетлеринде қолға киргизген, елимиздиң байрағын жоқары көтерген бундай әжайып жеңислеринен көплеп мысаллар келтириўимизге болады. Бүгинги күни Индонезияның Жакарта ҳәм Палембанг қалаларында даўам етип атырған XVIII жазғы Азия ойынларында академиялық ескек есиў бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан «Мард ўғлон» мәмлекетлик сыйлығының ийеси Исламбек Мәмбетназаровтың гүмис ҳәм қола, аўыр атлетика бойынша ең аўыр салмақ категориясында Рустам Джангабаевтың гүмис медаллары менен сыйлықланыўы спортшыларымыздың байрамға айрықша саўға болды. Илаждың «Спортшы жаслар» композициясында республикалық ҳәм халықаралық жарыслардың жеңимпазлары сап тартып шығып, жас спортшылардың көргизбели шығыўы болды.

Елимиздиң аймақлық пүтинлигин, шегераларымыздың тынышлығын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде күни-түни хызмет атқарып атырған мәрт әскерлеримизди халқымыз ҳәр қашан мақтаныш етип келген. Сонлықтанда миллий армиямыздың қорғаныў потенциалын беккемлеў, әскерлеримиздиң жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Байрам тамашаларынан орын алған  Арқа-Батыс  әскерий округи әскерлериниң салтанатлы шығыўы, олар тәрепинен атқарылған Ўатан сүйиўшилик туйғысын жырлаўшы қосықлар жыйналғанларда айрықша тәсир қалдырды.

Республикамызда түрли миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай беккем аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Олардың миллий үрп-әдетлерин раўажландырыў, перзентлериниң өз ана тиллеринде билим алыўлары ушын кең мүмкиншиликлер жаратылған. Илажда түркмен, рус, украин, корейс, қазақ халықларының шеберлик пенен атқарылған миллий қосық ҳәм аяқ ойынларын жыйналғанлар узақ даўам еткен қол шаппатлаўлар менен тамаша етти.

Республикамыздың белгили көркем өнер шеберлери, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Равшан Намазов, «Ўзбекнаво» эстрада бирлеспеси солисти А.Сабиров тәрепинен атқарылған  қосықлар ҳәм аяқ ойынлар байрам илажын жаңаша мазмун менен байытты.

Байрам тамашасы «Ҳүр Өзбекстан» қосығы менен жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 27 жыллығына бағышланған бундай илажлар, халық сейиллери республикамыздың барлық районлары ҳәм аўыллары бойлап даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтиң түсирген сүўретлери.