Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, ири жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 29-август күни Ташкент ўәлаятында болды.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Бекабад қаласында жайласқан елимиздеги ири өндирислик объектлерден бири болған «Өзбекстан металлургия комбинаты» акционерлик жәмийетиниң жумысы менен танысты.
Президентимиздиң 2018-жыл 9-январьдағы «2018-2020-жыллары «Өзметкомбинат» АЖны раўажланыдырыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы шеңберинде комбинатта үлкен көлемдеги экономикалық жойбарлар әмелге асырылмақта.
Ферроеритпелерди ислеп шығарыў цехы солардан бири болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының сапары даўамында 60 миллион долларлық жойбар тийкарында заманагөй, энергия үнемлейтуғын ҳәм алдыңғы технологиялар менен үскенеленген бул цех иске түсирилди.
Сол мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда кәрхананың жумысшы-хызметкерлери, тараўдың жуўапкер адамлары, сырт ел инвесторлары қатнасты.
Комбинат имканиятларынан үнемли пайдаланыў, қосымша өндирис объектлерин қурыў, 2-3 жыл ишинде кеминде 15-20 мың жумыс орнын жаратыў керек. Буның негизинде адамларды разы етиўдей жақсы мақсет жәмлескен, деди Президентимиз.
Қубла Кореяның «Posco Daewoo» компаниясы менен биргеликте қурылған цехта жылына 25 мың тонна ферросилиций ҳәм ферросиликомарганец еритпелери ислеп шығарылады. Буның менен металл өнимлер таярлайтуғын тармақлардың талабы толық қанаатландырылып, жылына 8 мың тонна ферроеритпени экспорт етиў, сол тәризде импорттан ўаз кешип, 35 миллион долларды үнемлеп қалыў имканияты пайда болады. 300 ден аслам жигит-қыз жумыс пенен тәмийинленеди.
Президентимиз қуйыў-прокатлаў комплекси қурылысының тырнағын қалады.
Бул жойбардың баҳасы 452 миллион доллар болып, оның әмелге асырылыўы нәтийжесинде 400 ден аслам жаңа жумыс орны шөлкемлестириледи. Жойбар 2020-жылда толық жуўмағына жеткерилип, жылына 1 миллион тонна 2-12 миллиметр қалыңлықтағы қосымша полат листлер ислеп шығарылады. Жылына 350 миллион доллар үнемленеди. Сондай-ақ, жаңа қурылып атырған Ташкент металлургия заводының тийкарғы шийки заты болған ыссы жағдайда прокатланған листлерге 500 мың тонналық жыллық талап толық қапланады. Қуйыў-прокат комплексин Италияның «Даниели» компаниясы қурмақта.
Шавкат Мирзиёев комбинаттың жумысшы-хызметкерлери менен сәўбетлести. Олардың нәтийжели мийнет етиўи ҳәм дем алыўы ушын жаратылған шараятлар менен қызықты.
-Кейинги жылларда комбинатта улыўма өсиў болмай атырған еди. Сол сенбепли, өткен жылы оны сыртқы басқарыўшыға бириктирдик. Нәтийжеде өндирис 1,5 есеге артты. Дәраматлары көбейген комбинат усы жылы Бекабад қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў ушын 75 миллиард сум қаржы ажыратты,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентимиз Ташкент ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 2018-2019-жыллары әмелге асырылатуғын жойбарлар менен танысты.
Атап айтқанда, Төменги Чирчиқ районында велосипед ислеп шығарыў, Жоқары Чирчиқ районында аўыл хожалығы, Бўка районында пахта-текстиль кластерлерин шөлкемлестириў, Төменги Чирчиқ районында кенеп жетистириў тараўын қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў, Оҳангарон районында заманагөй гидропоник ыссыхана ашыў сыяқлы бир қатар жойбарлар режелестирилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды буннан былай да жетилистириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Бизге белгили, Президентимиз 2017-жыл 18-август күни Бекабад қаласына сапар етиўи ўақтында Бекабад ҳәм Алмалық қалаларын раўажландырыў бойынша социаллық-экономикалық жойбарларды әмелге асырыў усынысын алға қойған еди.
Өткен бир жылда Бекабадта салмақлы жумыслар әмелге асырылды. 90 мыңнан аслам халық жасайтуғын қалада халықтың турақ жайға болған зәрүрлигин тәмийинлеў мақсетинде жети қабатлы бес турақ-жай қурылып питкерилмекте. Олар жылдың ақырына өз ийелерине тапсырылады. Турақ жайлардың әтирапларына балалар ойын майданшаларын, автомобильлер турыў орынларын, заманагөй саўда шақапшаларын қурыў да режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен бул жаңа массивге «Ғәрезсизликтиң 27 жыллығы» деп ат берилди.
Президентимиз жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасып, оларды елимиз ғәрезсизлигиниң 27 жыллығы менен қутлықлады.
– Бир жыл бурын Бекабадқа келип, қаланы социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша бир қатар режелерди белгилеп алған едик. Бүгинги ушырасыўымызда сол режелердиң дәслепки нәтийжелери туўралы пикирлеспекшимен, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Бекабадта усы ўақытқа шекем ыссы суў жоқ еди, ишимлик суўының сапасы жаман екенинен соңғы 10 жылда кеселликлер көбейип, жумыссызлық артқан еди. Бүгинги күнде қалаға ири инвестициялар тартылмақта, жумыс орынлары жаратылмақта. Жол қурылысы, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнаты, төбелерди оңлаўға итибар қаратыла баслады. Ташкент ҳәм Бекабад қалалары аралығында электропоезд қатнаўы жолға қойылды. Биз бул жумыслардың көлемин еле де кеңейтемиз.
Бекабадлылар бундай итибар себепли қаланың жаңа көриниске енгенин, адамлардың пикири, кейпияты өзгергенин атап өтип, Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
Мәмлекетимиз басшысына Ташкент ўәлаятында қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар туўралы да мағлыўмат берилди. Оған бола быйыл Алмалық, Янгийўл, Бекабад, Нурафшан қалаларында 2604 квартирадан ибарат 62 көп қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылады.
Оҳангарон қаласындағы Әмир Темур көшесин реконструкциялаў, Жоқарычирчиқ, Ортачирчиқ ҳәм Оҳангарон районлары аймағынан өтетуғын және Ташкент – Бекабад ҳәм Ташкент – Сырдәрья автомобиль жоллары бойлап үлги жойбарда турақ жайлар қурыў, ўәлаятта ишимлик суўы системасын жетилистириў, көмир, технологиялық шығынды, минерал руда ҳәм биомассаны майдалаў, қурғатыў ҳәм сеперация етиў жойбарлары менен таныстырыў мәресими өткерилди.
Президентимиз Бекабад районындағы «Юсупов Ғофуржон файз» фермер хожалығында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.
Бүгинги күнде елимизде топырақтың өнимдарлығын арттыратуғын ҳәм жоқары зүрәәт алыўды тәмийинлейтуғын дийқаншылық системасы енгизилмекте. Егинлерди белгиленген нормалар тийкарында суўғарыў, азықландырыў, кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы нәтийжели гүресиў, туқым ҳәм ресурслардың жумсалыўын азайтыўға айрықша итибар қаратылмақта. Ғәллешилик ҳәм пахташылықтың сапа көрсеткишлерин жақсылаў бағдарындағы селекция ҳәм туқымгершилик жумысларын жетилистириў илажлары көрилмекте.
Пахта ҳәм ғәлле жетистириўге қәнигелескен бул фермер хожалығының улыўма майданы 78,6 гектарды қурайды. Быйыл хожалық басшысы 31,1 гектар майданға ғәлле егип, гектарынан 71 центнерден зыят зүрәәт алды. Сап пайда-80 миллион сум. 47,5 гектар жер майданына ғаўаша егилген. Буннан да 35 центнерден зыят зүрәәт алыў мөлшерленбекте.
Фермер 13,5 тонна мәш ҳәм 7,5 тонна лобияны экспорт етиў, ишки базар ушын 60 тонна картошка ҳәм 45 тонна гешир жетистириў бойынша шәртнамалар дүзген. Хожалықта 35 жумысшы мийнет етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы дала шертегинде ўәлаят фермерлери менен пикирлести.
Мәмлекетимиздиң тийкарғы дәраматы аўыл хожалығынан. Перспективалы, зүрәәтли пахта сортларын жаратыў, ғаўашаны қос қатар егиў фермердиң дәраматын көбейтеди. Фермер далаға шықтыма, мийнетиниң нәтийжесинен жай, машина алсын, перзентлерин оқытсын, үйли-жайлы етсин, деди Шавкат Мирзиёев.
Көп тармақлы фермер хожалықларын раўажландырыў, бул бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.
Елимизде қурылып атырған ири санаат кәрханалары экономиканы раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Ташкент ўәлаяты Зангиата районында қурылып атырған Ташкент металлургия заводы мине усылардан бири болып есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы усы кәрхананың қурылысы менен танысты.
Жойбар баҳасы 286,7 миллион евролық бул кәрханаға сырт елде ислеп шығарылған алдыңғы ҳәм заманагөй үскенелер келтириледи. Кәрханада автомобиль кузовлары ҳәм турмыслық техника ушын металл листлер, металл черепицалар, профнастил таярланады. Кәрхана толық қуўатлылықта иске қосылғаннан соң, жылына 500 мың тонна өним ислеп шығарылады. 700 ге шамалас жумыс орны жаратылады.
Президентимиз 2017-жыл февраль айында усы кәрхана қурылысының жойбары менен танысып, жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берген еди.
Өткен ўақыт даўамында бул жерде кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылды. Заводтың металл конструкциясы қурып питкерилди.
Шавкат Мирзиёев қурылыс процесин көзден өткерип, заводтың елимиз экономикасында тутатуғын орнына тоқтап өтип, бул жерде ислейтуғын қәнигелер таярлаўға айрықша итибар қаратыў кереклигин атап өтти.
ӨзА