29-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма жети жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары тийкарында өткерилген  «Ең уллы, ең әзиз» республикалық таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Таңлаўда Қарақалпақстан Республикасынан кәсиплесимиз, Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы Мийригүл Пирназарова Интернет журналистикасы бағдары бойынша (ғалаба хабар қураллары сыпатында мәмлекетлик дизимге алынған веб-сайтлардағы материиаллары ушын) хошаметлеўши сыйлық пенен сыйлықланды.

М.Пирназарова Қарақалпақстан Республикасының жәмийетлик-сиясий турмысы, аймақларда жүз берип атырған өзгерислерге бағышланған дүркин публицистикалық мақалалары менен қатнасты.

Быйылғы дөретиўшилик жойбар   «Әзиз ҳәм жалғызымсаң, жанажан Өзбекстаным!» деген жақсы идеяны өзинде жәмлегени, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мәмлекетлик бағдарламасының мазмун-мәнисин кең үгит-нәсиятлаўға қаратылғаны менен әҳмийетли болды.

– Ғәрезсизлик байрамы алдынан бул таңлаўға қатнасыўым күтилмеген қуўанышты инам етти. Азғана мийнетимди баҳалаған екен, буннан шексиз қуўанышлыман, – дейди М.Пирназарова. -Бул билдирилген исеним маған үлкен жуўапкершилик жүклеп, келешекте өз үстимде көбирек излениўге, жумысқа айрықша жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға ийтермелейди.

Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, М.Пирназарова Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Журналистика қәнигелигин (2006-2010-жыллары), 2010-2012-жыллары магистратура бағдарын тамамлаған. Өзиниң дәслепки мийнет жолын 2013-жылы Қарақалпақстан хабар агентлигинде шолыўшы лаўазымында жумыс ислеўден баслаған. Шаңарақлы, бир қыз, бир улдың меҳрийбан анасы.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы