Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры ҳәм институт жәмәәтиниң басламасы менен институт әтирапында жайласқан №47 «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, оларға байрам саўғалары тапсырылды.
– Ҳәр байрам алдынан усындай ийгиликли жумысларды алып барыў ҳәр биримиздиң әдиўли миннетимиз есапланады. Байрамға саўғалар жарасады, дегендей ҳәммемиз ушын муқаддес есапланған Қурбан ҳайт байрамы қарсаңында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж болған 6 шаңараққа институт жәмәәти тәрепинен таярланған азық-аўқатлық затлар саўға сыпатында берилди, – дейди институт проректоры Қуўандық Кадиров.
Байрам күнлери бундай ийгиликли жумыслар даўам етеди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.