Қытай коронавирус пандемиясы себепли санаат роботларын жаратыў ҳәм оннан пайдаланыўда сезилерли табысларға еристи. Бул ҳаққында The Wire China басылымы хабар берди.

Журналистлердиң пикирине бола, Қытай санаат роботларын ислеп шығарыў бойынша дүнья жетекшисине айланды. Алдынырақ, Халықаралық робототехника федерациясы мәмлекетте ҳәр 10 мың жумысшыға 470 робот туўра келетуғынын атап өткен еди.

Мәлим болыўынша, 10 жыл алдын Қытай санаат роботлары базарында артта қалып атырған еди. Бирақ, ҳәзир бул мәмлекет санаат жетекшилеринен бири деп аталады. Қәнигелердиң пикиринше, табыс мәмлекетлик бағдарлама менен байланыслы. Сондай-ақ, коронавирус пандемиясы ҳәм жеткерип бериў шынжырындағы үзилислер Қытай санаатын өндириске роботларды жедел енгизиўге мәжбүр етти.

Қытай роботларды ислеп шығыў менен байланыслы сырт елли кәрханаларды да сатып алмақта. Ең белгили мысал – 2016-жылдағы төрт ири робот ислеп шығарыўшылардан бири болған Германияның Кuka компаниясының Midea корпорациясы тәрепинен сатып алынған.

И. Утеулиев,

ҚМУ, журналистика қәнигелиги

3-б-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги