«Өзбекистан» халықаралық әнжуманлар сарайында Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 26 жыллығына бағышланған байрам салтанаты болып өтти
Ғәрезсизлик — ҳәр бир халық ушын уллы жемис, бийбаҳа байлық.
Ғәрезсизлик — өзликти аңлаў, өз ата мәканының ийеси болыў, ар-намысын жоқары қойыў ҳуқықы болып табылады.
Ғәрезсизлик — жәҳәнде теңлер ишинде тең болыў, өз тәғдирин өзи белгилеў, еркин ҳәм абадан жасаў имканияты.
1991-жыл 31-август мәмлекетимиз әне, усындай тарийхый табысқа ерискен уллы сәне. Ғәрезсизликтиң қәдир-қымбатын терең аңлайтуғын халқымыз бул күнди үлкен шады-қоррамлық пенен байрамлайды.
Быйыл да усындай болды. Президентимиздиң 27-июньдеги қарарына муўапық Өзбекистан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң жигирма алты жыллық байрамына үлкен таярлық көрилди. Жәмийетимиздеги жаңаланыўларға муўапық байрам илажлары да жаңаша форма ҳәм мазмунға ийе болды.
Тийкарғы салтанатлы мәресим 31-август күни «Өзбекистан» халықаралық әнжуманлар сарайында болып өтти. Онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ҳүкимет ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың хызметкерлери, түрли тараўларда хызмет етип атырған ўатанласларымыз, дипломатиялық корпуслар менен халықаралық шөлкемлер ўәкилханаларының басшылары қатнасты.
Сарайға Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев кирип келди. Мәмлекетимиз басшысы минберге мирәт етилди. Президентимиз ғәрезсизлигимиздиң жигирма алты жыллығы менен халқымызды қутлықлап, шығып сөйледи.
Өзбекистан Республикасының мәмлекетлик гимни жаңлады. Байрам қатнасыўшылары қолларын көксине қойып, ғәрезсизлик қосығына қосылды. Нама сеслери астында Ўатан көринислери, ғәрезсизлик тарийхы сәўлеленди.
Өткен әсирдиң сексенинши жылларының ақыры елимиз ушын оғада қыйын дәўир болды. Халқымыз езиўшилик ҳүкимдарлығы астында тек еркин ғана емес, ал миллийлигин, тилин, динин, өзлигин де жоғалтыў дәрежесине келип қалған еди.
Тарийхымыздың усындай қәўетерли, түпкиликли бурылыс пайытында Ислам Кәримов Өзбекистанға басшы болды. Әдалатсыз дүзимге қарсы мәртлерше гүресип, халқымыздың мәплерин қорғады. Еле бурынғы дүзим ҳүкимдарлық етип турған пайытта бириншилерден болып Өзбекистанды ғәрезсиз мәмлекет деп жәриялады.
Ислам Кәримов жаңа өзбек мәмлекетшилигине тийкар салды. Апатшылық жағасына келип қалған елимизди қайта тикледи. Биринши Президентимиз тәрепинен ислеп шығылған экономикалық бағдарламалар мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыўын тәмийинледи. Ақыллылық пенен алып барылған сыртқы сиясат, тынышлық ҳәм бирге ислесиў принципи себепли мәмлекетимиз жәҳән жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийеледи.
«Реформа — реформа ушын емес, ең дәслеп инсан ушын» деген ийгиликли идея, социаллық бағдарланған базар экономикасы ҳәм үлкен дөретиўшилик ислери нәтийжесинде халықтың турмыс дәрежеси избе-из раўажланды. Ҳуқықый демократиялық реформалар ҳәм мәнаўиятқа итибар халқымыздың дүнья қарасын, сана-сезими менен ой-пикирин өзгертти.
Ғәрезсизлигимиздиң 26 жыллығына бағышланған байрам илажында Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың естелиги терең ҳүрмет пенен ядқа алынды.
Сахна артындағы үлкен мониторда ашық аспанымыз, аппақ кептерлердиң көкке пәрўаз еткени сәўлеленди. Уллы Жолбасшымыз руўхы әзиз ўатанның жаңа пәрўазларына ҳақ жол тилегендей болды.
Өзбекистан өз ғәрезсизлигиниң жаңа дәўирине жаңа жетекши менен қәдем қойды. 2016-жыл 4-декабрь күни болып өткен улыўма халықлық сайлаўда Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Республикасы Президенти етип сайланды.
Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримовтың сиясатын даўам еттириў, соның менен бирге, барлық тараўлардағы реформаларды және де тереңлестириў мақсетин билдирди.
«Еркин ҳәм абадан, демократиялық Өзбекистан мәмлекетин мәрт ҳәм жоқары мәртебели халқымыз бенен қурамыз», деген принципке тийкарланып елимизди модернизациялаў, мәмлекетлик басқарыў системасының сапасы менен нәтийжесин арттырыў бойынша түпкиликли реформалар әмелге асырылды. Басқарыў уйымларының жумыслары жетилистирилди, көплеген министрлик ҳәм ведомстволар қайта шөлкемлестирилди, жаңа шөлкемлер дүзилди.
«Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деген принципке муўапық, халық пенен пикирлесиўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели системасы жолға қойылды. Өзбекистан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы ҳәм Халық қабыллаўханалары, орынларда өткерилип атырған көшпели қабыллаўлар инсан мәплерин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
«Халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады», деген идея тийкарында халыққа кең имканиятлар бериў, оның реал дәраматларын көбейтиў, исбилерменликти және де раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, экспорт көлемин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларымыз және де жақсыланды. Президентимиздиң дәслепки мәмлекетлик сапарлары қонсы еллерге болды. Өз-ара бәсекилеслик емес, бирге ислесиў принципи экономикалық имканиятларды кеңейтти, регионаллық қәўипсизликти, миллетлераралық татыўлықты және де беккемледи.
Булар байрам тамашасында түрли тиллерде жаңлаған қосықлар, миллий-этнографиялық топарлардың шығыўларында айқын көринди.
Өзбекистанда меҳир-мүриўбет, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик жоқары қәдирият дәрежесине көтерилген. Жәмийетимизде тынышлық-турақлылық орнатылған.
Тынышлық ҳәм турақлылық себепли Өзбекстанымыздың дүнья жәмийетшилигиндеги абырой-мәртебеси кем-кемнен артпақта. Ең раўажланған мәмлекетлер, дүньяға даңқы кеткен банк ҳәм компаниялар Өзбекистан менен бирге ислесиўге умтылмақта.
Байрам бағдарламасы ҳәр қашанғыдан басқаша болды. Саз-сәўбетлер қосықларға уласып кетти. Балалардың шығыўы бәршеге қуўаныш бағышлады. Әскерлеримиздиң мәртлик ҳаўазы жүреклерге көшти. Жәҳән классикалық музыкалары заўық бағышлады. Салтанатлы мәресим көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы «Ўатан әзиз» қосығы менен жуўмақланды.
Ҳақыйқатында да, Ўатан — әзиз. Бизиң өзлигимиз, бүгинимиз ҳәм келешегимиз Ўатан менен тығыз байланыслы. Ата-бабаларымыздың сүйеги, мийрасы усы топырақта. Бүгин бул муқаддес диярда шаңарағымыз, досларымыз, кәсип-кәримиз бенен бахытлымыз. Алдағы режелеримиз, арзыў-нийетлеримиз жақсылыққа уйғарылған.
Булардың барлығы — ғәрезсизликтиң шарапаты. Мәмлекетимиз ғәрезсизлиги халқымыздың миллий мәплерин, тыныш ҳәм татыў турмысын тәмийинлеў, елимиздиң халықаралық көлемдеги абырой-мәртебесин раўажландырыўдың беккем тийкары болып келмекте. Бул байлықтың миллий раўажланыўымыз, бүгинги ҳәм келешек әўладлар тәғдириндеги әҳмийети жыллардың өтиўи менен кем-кемнен артып бара береди.
Байрам илажларында жаңлаған саз-сәўбетлер алыс-алысларға таралмақта. Елимиздиң барлық қала ҳәм аўылларында байрам салтанатлары, халық сейиллери даўам етпекте.
Анвар САМАДОВ,
ӨзАның хабаршысы