Орайлық банктиң Физикалық тәреплердиң валюта операциялары бойынша қысқаша шолыўында мәлим етиўинше, быйылғы жылдың январь-октябрь айлары даўамында Өзбекстанға  келип түскен пул өткермелери 12,6 миллиард долларды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 34 процентке көбейген.

Қаржылардың  78 проценти Россиядан (9,8 миллиард доллар) келип түскен болып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 35 процентке артқан. Бул трансфертлердиң қалған бөлеги Қазақстан (669 млн доллар), АҚШ (470 млн доллар), Қубла Корея (458 млн доллар), Түркия (331 млн доллар), Уллы Британия (109 млн доллар) ҳәм басқа мәмлекетлерден өткерилген.

2024-жылдың өткен дәўири ишинде Өзбекстанға халықаралық пул өткермелери көлеминде бақланған өсиў тренди тийкарынан мийнет мигрантларын қабыл ететуғын тийкарғы шерик мәмлекетлерде экономикалық белсендилик ҳәм мийнет ҳақы муғдарының артыўы ҳәм раўажланған мәмлекетлерге мийнет миграциясы ағымы көлеминиң көбейиўи менен түсиндириледи.

Мысал ушын,  интернет платформаларындағы мағлыўматларға бола, Россияда мийнет мигрантлары жумыс ислейтуғын тийкарғы тараўларда усыныс етилип атырған  мийнет ҳақысының муғдары орташа 38 процентке артқан. Соның ишинде, мийнет ҳақысының муғдары  қурылыс тараўында 55 процент, жеткерип бериўде 48 процент, такси ҳәм ресторан хызметлеринде 46 процент ҳәм жүк тасыў тараўында 14 процентке шекем  көбейген.

Өзбекстанлы мийнет мигрантлары өзлестирип атырған жоқары дәраматлы базарлардан өткермелер  жоқары өсип атырғаны итибарлы. Трансшегаралық пул өткермелери көлеминде өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда АҚШтан 37 процентке, Қубла Кореядан 71 процентке, Уллы Британиядан 76 процентке ҳәм Европа Аўқамы мәмлекетлеринен 41 процентке өсиў  бақланған.

2024-жылдың басынан ислеў тилегинде болған 113 мыңнан аслам пуқаралар тийкарынан раўажланған  мәмлекетлерге рәсмий, қәўипсиз ҳәм шөлкемлескен ҳалда жумысқа жиберилген, бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 3,6 есеге артқан.

Пул өткермелери  Р2Р ямаса SWIFT арқалы жибериў барған сайын ғалаба ен жаймақта. Быйылғы жылдың басынан бери P2P (онлайн) пул өткермелери көлеминиң сезилерли дәрежеде артыўы  трансшегаралық төлем системалары инфраструктурасының раўажланыўы ҳәм физикалық тәреплер арасында  усы хызметлердиң кеңнен ғалаба ен жайыўы менен түсиндирилиўи мүмкин. Атап айтқанда, 2024-жылдың январь-октябрь айлары даўамында P2P (онлайн) транзакцияларының саны дерлик 59 миллионға жетип, өткен жылға салыстырғанда 46 процентке көбейген. Сондай-ақ, быйылғы жылдың январь-октябрь айлары даўамында Өзбекстаннан сырт елге жиберилген пул өткермелерииң көлеми 2,3 миллиард долларды қурады.

Быйылғы жылдың январь-октябрь айлары даўамында банклер де физикалық тәреплер арасындағы сырт ел валютасының сатып алыныўы ҳәм сатыўы бойынша операциялар айланысының көлеми өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 19 процентке көбейип, 20,9 миллиард долларды қурады. Усы дәўирде физикалық тәреплерден банклерге  13,2 миллиард доллар муғдарындағы ямаса өткен жылға салыстырғанда 32 процентке  көп сырт ел валютасы сатылған. Соның менен бирге, физикалық тәреплерден сатып алынған сырт ел валютасының көлеми өткен жылға салыстырғанда 2 процентке  өсип 7,7 миллиард долларға жетти.

Нәтийжеде, физикалық тәреплерден сырт ел валютасына болған усыныс көлеми талап жағынан 5,5 миллиард долларға көп болды. Бул өз гезегинде, ишки валюта базарында қосымша усыныс дәреги болып хызмет етпекте.

Өзбекстаннан  сырт елге жиберилген пул өткермелериниң көлеми 2,3 миллиард долларды қураған.

Ш. Маматуропова, ӨзА