Социаллық тармақларда 2025-жылы мектеплерде оқыўшылар ушын сабақлықлар  ижарасы ҳаққында тарқалған хабарлар бойынша Экономика ҳәм қаржы министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.

Атап өтилгениндей, 2025-2027-жылларға мөлшерленген Фискал стратегиясы тийкарында ислеп шығылған Бюджетнама жойбарында 2025-2026-оқыў жылынан 2-11-классларда бир топлам сабақлық ҳәм шынығыў дәптерлери ушын ижара төлемин өндириў системасын енгизиў бойынша тийисли усыныслар билдирилген.

Бюджет процесслерин қәлиплестириўде министрлик тәрепинен, биринши гезекте, экномикалық өсиўдиң турақлы жоқары пәтлери ҳәм экономикалық ҳәм социаллық тараўдың қаржылай пропорционаллығын тәмийинлеўде мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерин толық ҳәм өз ўақтында орынлаўға тийкарғы итибар қаратылады. Онда, нәтийжелиликти арттырыў мақсетинде түрли бағдарлар бойынша таллаўлар өткериледи.

2024-жылы мектеп оқыўшылары ушын 83,2 млн нусқа сабақлық ҳәм шынығыў дәптерлерин жеткерип бериў ушын Мәмлекетлик бюджеттен жәми 1,5 трлн сум ажыратылған. Бул қаржылардан 435,5 млрд сум (яки 36 проценти) даўамлылығы 1 жыл есапланатуғын ҳәм ҳәр жылы жаңадан басылып шығылатуғын шынығыў дәптерлери ушын бағдарланған.

2025-жылы болса 81 млн нусқа сабақлықлар ҳәм шынығыў дәптерлери ушын жәми 1,3 трлн сум қаржыларды толық Мәмлекетлик бюджеттен қаплаў нәзерде тутылған.

«Соның менен бирге, социаллық тармақлардағы пайдаланыўшылар тәрепинен басылып шыққан постларда Бюджет жойбарында Китап қоры қәрежет ҳәм дәраматлары көрсетилмегенине итибар қаратылған. Китап қоры жумысы тоқтатылған ҳәм жаңа қор шөлкемлестирилмегени себепли жойбарда бул бойынша мағлыўматлар берилмегенин атап өтиўимиз керек.

2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет шеңберинде нәзерде тутылған қаржылар жаңа оқыў жылында оқыўшыларды сабақлықлар ҳәм шынығыў дәптерлери менен тәмийинлеў бойынша талабын толық қаплаў имканиятын береди.

Онда, ата-аналар сабақлықлар ҳәм шынығыў дәптерлери ижарасы ушын қосымша төлем өндириў режелестирилмеген», делинеди министрик хабарында, деп мәлимлеме береди xabar.uz  сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги