Орайлық банк басқармасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте тийкарғы ставканы жыллық 13,5 процент дәрежесинде сақлап қалыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Соңғы еки айда жыллық инфляция дәрежеси бираз азайып, ноябрь айының соңында 10 процентти қурады. Инфляцияның төменлеўи, тийкарынан, азық-аўқат өнимлери баҳаларының турақласыўы есабынан пайда болды.
Экономикада қәлиплесип атырған жоқары тутыныў ҳәм инвестициялық белсендилик жалпы талапты қоллап-қуўатлаўы есабынан хызметлер ҳәм азық-аўқатлық емес товарлардың баҳаларында өсиў қәўиплери сақланып қалмақта.
Халықтың басланғыш талаплары шеңбериндеги айырым қәрежетлериниң өзгериўи ҳәм ҳаўа-райы суўық болыўы менен энергия баҳалары еркинлестирилиўиниң екилемши тәсирлери пайда болыўы экономика субъектлериниң инфляциялық күтилмелеринде де көринбекте. Ноябрь айында халық ҳәм исбилерменлердиң инфляциялық күтилмелери сәйкес түрде 13,7 ҳәм 12,7 процентке шекем тезлести.
Соңғы төрт ай даўамында базалық инфляцияның 7 процент әтирапында сезилерли өзгериссиз қәлиплесип атырғаны, азық-аўқат емес товарлар ҳәм хызметлер базалық инфляцияның салыстырмалы жоқары дәрежелери ҳәм усақлап сатып саўдасы ҳәм хызметлер тараўында түсимлер көлемлериниң артып атырғаны экономикада талап факторлары тәсириниң сақланып қалып атырғанын көрсетпекте.
Сондай-ақ, жалпы талаптың турақлы өсиў пәтлери ҳәм мийнет базарындағы жеделлик инфляциялық басымлардың узағырақ мүддет сақланып қалыўына тәмийинлемекте. Экономикада мийнет ҳақы ҳәм трансшегаралық пул өткермелери көлеминиң артып атырғаны халықтың дәраматларын реал есапта арттырып, жоқары инвестициялық жеделлик шараятында келеси айларда да жалпы талапты қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Нәтийжеде, жалпы ишки өнимниң өсиўи 2024-жылдың екинши ярымында да турақлы тенденцияларды көрсетип, жылдың ақырында 6-6,5 процент әтирапында қәлиплесиўи күтилмекте.
Халықтың реал дәраматларының артыўы шараятында экономикадағы инфляциялық процесслерди нәтийжели жылаўлаў жалпы талап ҳәм усыныс арасындағы балансты тәмийинлеўди, бул болса, өз гезегинде, пул-кредит шараятларының исенимлилигин ҳәзирги дәрежеде сақлап қалыўды талап етпекте.
Орта мүддетли келешекте инфляцияның 5 процентлик таргетине шекем турақлы төменлеўине ерисиў ушын пул-кредит шараятларының жетерлише исенимли дәрежеде қәлиплесиўи тәмийинлеп барылады. Онда, экономикадағы талап-усыныслардың тең салмақлылығы, инфляциялық күтилмелер ҳәм структуралық реформалар пәтлерине айрықша итибар қаратылады.
Экономикадағы ҳәзирги жоқары талап ҳәм баҳаларға арттырыўшы басымлар келеси шереклерде көбейиўи бойынша итималлар ҳәм тийкарлар пайда болған жағдайда тийкарғы ставка қайта көрип шығылыўы мүмкин.
Ш.Маматуропова,
ӨзА