Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында халықаралық көлемде рейтинги үлги аларлық дәрежедеги жоқары оқыў орынлары менен тығыз байланыслар орнатылған.

Усындай еки тәреплеме бирге ислесиўдиң нәтийжеси сыпатында дүньяға белгили жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшыларының Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студентлерине сабақ өтиў ушын келиўин атап өтиў керек.

Институт халықаралық байланыслар бөлими баслығы Қумар Бегниязованың хабар бериўинше, 2018-2019-оқыў жылында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына Қазақстан, Россия, Германия, Англия ҳәм АҚШ сыяқлы мәмлекетлердеги педагогикалық бағдардағы жоқары оқыў орынларының 47 тәжирийбели профессор-оқытыўшысының институт студент-жасларына лекция ҳәм әмелий сабақлар өтиў ушын келиўи жобаластырылған.

Бул усы бағдарда әмелге асырылыўы белгиленген ең үлгили жумыслардың бири болып табылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.